2:55

Сиздиң шахсыңыз

MP3

Ассалаума әлейкум, қәдирли тыңлаушы. Бизлер әлле өашан, инсан ДНК сы қаншалық бир биринен түптен ажралып турыуын билип алдық. Бул дүньяда хәттеки коинатта да сениң ДНК каңыз бенен бирдей болған адамды таппайсыз. Сонысы анық, Кудай хәр түрли болғанды жақтырады. «Әтрапқа қараң хеш биримиз, бир биримизге уқсамаймыз. Қудай интроверт хәм экстровертларды жаратқан. Ол бир түрли я болмаса хәр түрли болғанды жақсы көретуғын адамларды жаратқан Гейбиреулеримизди ойлайтуғын. ал басқа биреулерди сезими күшли етип жаратты. Гейбиреулери жеке өзи ислеуге жақсы, ал басқалар болса, команда болып топар да ислегенди жақсы көреди. Муқаддес китап былай деп айтады: Руухый тәсир етиу, хәр қыйлы бирақ хәр қандай тәсир бериуди әмелге асырған, жалғыз Қудайдың Өзи. Муқаддес китаптың бетлерин ашсақ, елшилер тууралы оқысақ. олардың хәр түрли шахстағы адамлар болғанлығы хәм олардың арасында келиспеушиликлер болып турғанлығын көресиз. Қудайдың хызметине мине, усы темперамент тууры келеди, ал мынау болса тууры келмейди деген нәрсе жоқ. Бизлер жәмәәтти бир турыста услап турыу ушын, хәр түрли адамлар керек. Сонда жәмәәт сулыу болады. Сиздиң шахсыңыз Қудай берген руухый сыйлар хәм қабылетлерди қайсы жерде хәм қалай ислеткениңизде тәсир етеди, ойлап көриң. еки адамда хош хабар айтыу қабылети бар. Олардан биреуи интроверт ал басқасы экстроверт. Бул сый хәр түрли жол менен ислетиледи. Ең қууанышлысы еки түрли жол менен де Қудайдың хызмети ең жоқары дәрежеде орынланады. Егер сениң қабылетлериңе хәм шахсыңызға тууры келмейтуғын ис пенен шуғыллансаңыз ашыуланасыз, көп мийнет етесиз, тер төгесиз, бирақ ақыбетинде аз натийжеге ерисесиз.Керисинше болса исиңиз кеулиңиздегидей болады. Сонлықтан басқаларға қарап турып, оларға уқсап қалыу керек емес. Сиз Ол болмайсыз, ал ол болса сиздей болмайды. Бизлер тап сондай рең берилген шийшелерге уқсаймыз. Хәр биримиз Қудайдың нурын, хәр түрли көринисте хәм хәр түрли реңлерде көрсетемиз. Бул болса Қудайдың шаңарағын жарылқайды. Қудай сизлерди не ушын жаратқан болса сол нәрсени орынлағаныңызда өзиңизди жақсы сезесиз. Артықша қорқпайсыз да. Сиз қәлиплескен хәмде қәлиплесиуди дауам ететуғын шахс адамсыз.Сиз өмириңиз дауамында басыңыздан кеширген уақыялар арқалы қәлиплескенсиз. Қудай өмириңизде болған жағдайлар хәм уақыяларды. өзи қәлеген қәлипке келтириу ушын жол қойған. Ең алды менен шаңарақтағы жағдай. сиз шаңарақ ишинде улғайып, ол жерден нени үйрендиңиз? кандай билим алғансыз? Оқыу дәуиринде қандайда фәнлер сизлер үшын қызық болған шығар. Соннан кейин жумыс иследиңиз. ис уақтында. сен өзиңе тууры келетуғын, жағатуғын исти таптыңыз. Соннан кейин руухый тәжрийбелер, Қудайдың хызмети. қыйын жағдайлар, булардың хәммеси, сизди хәзирги жаңдайға келтирген. Бирақ исениң Қудай еледе сизди қәлиплестириуди тоқтатқан жоқ .

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top