3:22

Ирада күши

MP3

Ассалаума әлейкум, адамды түрли қыйыншылықлардан хәм ташуишлерден шығыуға жәрдем беретуғын нәрсе. бул ирада. Ирада хәр бир адамның алдына қойған мақсетине жәрдем беретуғын қабылет, Солай екен, бүгин сизлер менен қалайынша ирадамызды өткирлеуге жәрдем беретугын базыбир нәрселер тууралы сөйлесемиз. Бириншиден хәр күни қылатугын қарарларыңызды азайтың. Инсан күн дауамында мисли көрилмеген қарарлар қабыл етеди. Келли Макгонинал Ирада күши оны қалай рауажлантырыу хәм беккемлеу мүмкин деп аталған китабында жазылыуынша бир ғана ауқатты таңлау ушын күн дауамында 400 ге жақын қарар қабыл етиледи.Яқ қәте жазылмады. Тек, сиз бул шексиз майда қарарларды сезбейсиз.Олардың хәр бири, адамның мийин шаршатады хәм күнниң соңында руухан шаршауға да алып келеди. Сонлықтан күн дауамында қабыл ететуғын қарарларыңызды анализ қылың хәм олардың санын азайтыуға хәрекет етиң. Мысалы ертең қандай кийим кийиуди, тусликте хәм кешки уақытта қандай ауқат жеуди режелестирип алың. Усындай етип күнлик хәрекетлериңизди автоматластырың. Ең әхмийетли қарарларды күнниң биринши ярымында қабыл етиң. Психологлар Эгоның таусылыуы тууралы сөз жүргизеди. Бул күн дауамында қарар қабыл етиу я болмаса өз хәрекетлериңизди бақлап барыу ушын шекленген муғдарда руухый күшке ийе екенлигиңизди билдиреди. Сонлықтан қыйын болған машқалаларды, РУУХЫЙ КУШИҢИЗ ТОЛЫ БОЛҒАН УАҚЫТТА ЯҒНЫЙ ТАҢ СӘХӘРДЕ шешкен жақсы. Тууры шешим қабыллау ушын мийге глюкоза керек.Ең дана адамда жетерли уақыт дем алмаса я болмаса денесинде глюкоза дәрежеси төмен болса, тууры шешим қабыллай алмайды. Сатыушыларда буны сезген. Супермаркетлерде конфет хәм гәзленген суу әдетте кассаға жақын жерде турады. Қарыйдар пүткил дүканды айланып шығып, онлаған қарарларды қабыл етеди, мийи шаршайды, зыян болған Коко – кола оның көзине жағымлы болып көринеди хәм сатып алады. Ирадаңыз күшли болыуын қәлесеңиз тойып уйықлаң. Изертлеулер натийжелерине қарағанда, тойып уйықламаған адам, өз хәрекетлерин мәс адам сыяқлы басқарады. Алты сағаттан кем уйықлау, мийдиң қарар қабыл етиу менен байланыслы болған бөлимине сәлбий тәсир етеди.Буннан тысқары, шаршаған адам тез ашыуланады. Басқалар менен пикирлесиң. Егер тажрийбе есапқа алынбаса, адамлар арасындағы қарым қатнаслар табыслы болыуының гиреуи Басшылар хәм исшилер ортасында жақсы мүнәсебет орнатылған компаниялар, улкен табысларға ерискен. Не ушын? Егер өзара мүнәсебетлер жақсы жолға қойылса, барлық пикирлер бирлеседи, қыйын уазыйпалар биргеликте орынланады. Бир уақытлары қәлеулериңизге ерк бериң. Егер жудә шаршағаныңызды сезсеңиз денеңизге бойсының. Спорт тренерлери хәм диетологлар өз қол астындағыларға «қәлеу күни» белгилеулери бийкарға емес. Егер хәптеде алты күн пархез қылсаңыз, жетинши күни кеулиңиз қәлеген нәрсени жең. Жууапкершиликти мойныңызға алсаңыз. әхмийетли шешим қабыл етиуиңизге аңсат болады. Мазалы тести Өзин қадағалау атлы китаптың авторы Уолтер Митчелл мынандай мәсләхатты айтады. Егер сиз хәр күни спорт пенен шуғылланыуды қәлесең оны жууапкершиликке айлантырың. Хәр күни азанда жүгирмекши болсаңыз, өзңизге шерик табың деп айтады. Сонда оның алдында уялып қалмау ушын хәр күни азанда турыуға хәм келисимди бузбауға мәжбүр боласыз. Беккем ирада, табысқа ерисиу ушын көбирек имкан береди.

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top