Ассалаума әлейкум қәдирли тыңлаушы. Бүгинги сәубетимиз, сениң өмириң хәм Қудай хаққында түптен жаңа болған жарқын пикирлерди усынады.Сиз енди таубе еткен, ямаса Муқаддес Китап муғәллими хәм жәмәәт шопаны болыуыңыздың әхмийети жоқ.Хәтте Ийса Масийхты қабыл етпеген болсаңызда бизлердиң сәубетимизди тыңлауыңыз мүмкин. Қудай сени гумансыз тынышлық пенен берекетлейди, себеби бүгинги сәубетимиз сиз ушын берилген сауға болады. Муқаддес китапты оқыған адамлар Масийхта жасырын болған көплеген берекетлерге ийе болып тууры Масийхый өмир сүриуди қәлейди.Олар шынында дууа кылғанда зауықланыуы хәм өмирлериниң хош хабар келисими,тапсырмалар дуньяға хош хабар тарқатыу да хәр бир бөлимде жеңиске ерисиуди қәлейди.Егер соны қәлесеңиз,әлибетте төмендегилерди есиңизде сақлауыңыз керек.Сизлерге Масийхыйлар шынында да ерисе алмай атырған я болмаса қәте түсинген базы бир нәрселерге қысқаша сорау-жууапларды берип өтемиз. Биринши « ушырасыу» ды баслаудан алдын өзиңизди тексерип көриң хәм Қудайдың Сөзин басқаларға жеткерип атырғанда бул сорауларды ядыңызда тутың.Мениң баслауыма нелер себеп болып атыр? Бул хәмме нәрсеге тәсир етиуин түсиниуиңиз керек.Егер буны жамәәтиңиздиң өсиуи ушын ислеп атырған болсаңыз, онда уакты келгенде ислериңиз жүриспейди. Егер ислериңиз жүриспей атырғанына
өзимниң күшим менен ерисемен деп ойласаңыз, онда сиздиң каншалық хәлсиз екниңиз көринеди.Хәр кандай жағдайда хақыйқый себеплерге кайтыуды умытпаң.Баслап атырғаныңызда Қудайдың алдында турып жүрегиңиз Оны уллыласын. Қудайдың режесин ашып, хош хабар айтың. Бул жүдә әхмийетли, себеби усы жол менен хәлсизлер Қудайдың қүдретинен күш аламыз, Қутқарылыу өзи не? Қутқарылыу бул Ийса Масийхқа исенген уақтымыздан, хәммеси зор болады дегеени емес. Қкутқарылғанымызда машқалаларымыз бирден шешиледи деп ойлауымыз тууры болмайды Бирақ, көпшилик қутқарылғанда сондай болады деп есаплайды. Жүдә көп жәмәәт шопанлари да усылай ойлап қәте қылады. Қутқарылғанымызда бар итибарымызды машқалаларымыздың бир пәсте шешилиуине я болмаса кеселликлеримизден шыпа табыуға қаратпауымыз керек Қутқарылыу бундай нәрселерден де қәдирли Филипликлерге 1:6 да айтылғанындай Қутқарылыу бул Қудайдың Масийх Ийсаның келетуғын күнине шекем толық тамамлайтуғын қайырлы ис. Қудай хеш қашан, Өзи өлимнен қутқарған халқын таслап қоймайды. Оның Өзи баслаған исин жуумақлайды. Мине бул қутқарылыу. Сонлықтан кимгедир Тек Ийса Масийхқа жалбарын, сонда хәммеси жақсы болады. деп айтыу тууры емес. Әлбетте машқалалаардың Масых тың аты менен шешим табыуы тууры бирақ егер шешим таппаса Масийхтың күши жетпей атырыпты дегениме? Яқ. Ондай емес. Егер Оның аты шақырылғанда хәммеси жақсы болса, қууғынға ушыраған биринши ж»мәәттиң ағзалары я болмаса хәдден тысқары қыйын жағдайларға түскен Дауыт Яқып Данияр пайғамлар тууры емес исенимге ийе болған дегениме Әлбетте ондай емес. Сәубетимизге қызығып қалған болсаңыз кейинги сәубетимизди өткизип жибермең Бул хаққында толық мағлыуматты бизледиң qanaliq.com сайтымыздан табасыз.