3:27

Мен пәрисейменбе? 2- бөлим

MP3

Ассалаума әлейкум қәдирли тыңлаушы. Бүгин өткен сапардағы жуумақланбай қалған гууалығымды жуумақлақлау мақсетиндемиз Қудайдың сөзин оқығаныңызда, Қудай сиздиң хәракетлериңизди ой пикириңизди ашып таслауын көресиз. Сондай болады деп исениң. Бирақ мен Қудайдан қәтелеримди көрсетиуин сорап дууа еттим Натийжеде, Қудайдың маған көрсеткенлеринен уялдым. Мен өзимди сондай адамман деп, хеш ойламаған едим.Қараң, әтрапымызда қаншадан қанша исениушилер бар. Олардың арасында, өзиниң Қудайдың нәзеринде ким екенлигин хәм қандай ис тутып атырғанын билмейтуғынлар қанша деп ойлайсыз? Сизде өмириңизге нәзер салып көринши. Бирақ, мениң оқығанларым хәм Қудай маған ашып бергенлери хаққында бөлиспекшимен. Егер сиздиң де өмириңизде, Қудай берген ашықлық я болмаса қандай да гууалық болса бизлерге danaliqcom телеграм каналымызға жиберин. Енди болса гууалықтың калганын еситиң. Қудайдың сөзин оқығанымда, Қудай бирме бир өмирде натууры жасап атырғанымды көрсетер еди. Кейинги аят мынадай болды: Абайлы болыңлар, сауап ислериңизди адамларға көрсетип кылмаңлар. Олай етсеңлер, аспандағы Әкеңизден сыйлық алмайсзлар. Биреуге садақа бергениңиз хаққында хәммеге жар салып жүрмеңлер. Еки жүзли адам ғана адамлардан мақтау алыу ушын ибадатханаларда хәм көшелерде қылады. Сизлерге шынын айтайын, олар өз сыйын алып болды.Ал сиз болсаңыз садақа бергениңизде, оң қолыңның не ислеп атырғанын шеп қолың билмесин. Садақаңызды хеш кимге билдирмей бериң. Жасырын қылған бул исиңизди көрген Қудай, сизди сыйлықлайды. Сиздиңше садақа тек ақша ма? Мениңше бул хәр қандай жүректен шығарып қылынған ис Әлбетте мен адамларға ақша менен садақа бералмайман, бирақ мийнетим хәм күшим менен жәрдем бере аламан. Буннан қууанаман. Бирақ…. Бирақ буннан кейин усы қылған исим хаққыында айтсам қылған исим жоққа шығар екен. Бундай сауаптан маған не пайда? Мен Қудайдан мақтау алыу орнына, адамлардан мақтау күткен екенмен. Қандай ақмақлық. Мен оқыуды дауам еттим. Қудай былай деди: Ийса халққа насийат берип және былай деди: Диний муғаллимлерден абайлы болыңлар. Олар узын кийимлер кийгенди жақсы көреди, базарларда адамлар оларға сәлем бериулерин, ибадатханаларда жақсы жерлерде отырыуды, зыяпатларда төрде отырыуды унатады, менде азғана болсада усындай нәрселерге бейим екенимди сездим хәм уялып кеттим. Менде маған хүрмет пенен қарым қатнаста болыуын, маған улкен хәм уллы бир адамға қарағандай қарауын қаледим, бул мениң хайран болыуымды хәмде жек көриуимди асырды. Қалыйынша мен өзим жек көрген исти қылып атырған болсам? Ауа сизде де усындай жағдайлар болдыма? Ол мениң қаншалық абайламаслық хәм итибарсызлық пенен парисейге уқсап баратырғанымды көрсетти. Себеби, олар өзлери айтқанларын қылмайды. Олар көтере алмайтуғын ауыр жүклерди биреулерге жүклейди. Хәмме ислерди басқалар көрсин деп қылады. Соның менен зыяпатларда төрде отырыуды хәм ибидатханаларда жақсы жерлерде отырыуды жақсы көреди. Базарларда адамлар оларға сәлем берип, устаз деп айтыуларын жақсы көреди. Кейин болса оның изинен шешим келди. Араңызда ким бас болса, сизлерге хызмет қылсын. Себеби ким де ким өзин өзи жоқары тутса, пәслетиледи, ким өзин пәс тутса, ол жоқары болады. Мениң түсингеним, оған бола ис тутсам өзгеремен хәм Қудайды разы қылған боламан. Усы күннен баслап, өмиииме хәм хәрекетлериме дыққат пенен қарайтуғын болдым.

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top