Ассалаума әлейкум қадирданлар. Бүгин иманлылардың өмиринде тез тез ушырап туратуғын бир жағдай менен гууалығым арқалы бөлиспекшимен. Жақсылап тыңлап көрип сиздиңде өмириңизде усындай жағдай жоқпекен карап көриң. Демек хәммеси бирғана дууа етиуден басланды. Бир күни өмиримде Қудайдың Руухы жетпей атырғанын сездим. Хәр бир күним бирдей тәртипсиз хәм шаршаудан ибарат еди. Ойлап қарасам барлық алдымнан шыққан жумысларды өзимниң күшим хәм хәрекетлерим менен қылып атырған екенмен. Қудайға дууа еттиңбе дейсизбе Әлбетте Оған дууа еткенмен бирақ натийжесин көрмедим. Бул Қудайдың маған жәрдем бермей атырғанлыгының белгисин билдирмейди Негизинде былай ис қылғанман Ойлап көриң Бир бала әкесине келип Әке маған мына исти қылыуға жәрдем бериң деп айтады бирақ әкесне қылыуға бермей өзи шешиуге хәрекет қыла береди Әкеси болса Яқшы маған бер дегенин еситпей өз иси менен бәнт болып әкесиниң сөзлерин еситпейлиМенде де сондай болған Бир күни китап оқып отырғанда буны Қудайдың Өзи түсиндирди Қудайдың сөзин оқып болып дууа еттим Мениң өмиримде сондай қүдирет пенен ислеуиңди қәлеймен деп бирақ негедир буны басқалардың өмиринде қылып атырғанлығын ғана еситемен Усы еткен дууамнан кейин Қудай мениң көзлеримди ашты Қандай дууа еткенимди хәмде қолымдағы ислеримди Оған бермей атырғанымды түсинтирди Мен өз күшим менен ис кылыуға үйренип қалған екенмен Бул ис ушын Қудайды әуере қылыудың кереги жоқ буны өзим қыла аламан деп ойлап барлық алдымнан шыққан ислерди шайнамай жутыуға үйренгенмен Ақыбетинде не болыуын билесиз Ислериңиз кеуилдегидей болмай хәдден тысқары денени шаршатып ашыуланыу кеселлик тәртипсиз өмирге алып келеди Бундай жағдай адамды қатты шаршатады Бул Қудайдың маған көрсеткен биринши нәрсеси еди Кейингиси мени жүдә есеңкиретти Муқаддес китап былай дейди Қудайдың сөзи тири хәм тәсирлиОл еки жүзли қылыштанда өткир болып жан менен руухты бууын менен сүйеклерди бөлетуғын дәрежеде суғылып киреди ол жүректеги ой хәм пикирди әшкара қылады Буның шынлығында да солай екенлигин басынан өткерген адам биледи Солай етип Қудайдың сөзин оқып турған уақтымда Қудай маған сенде парисейлердей болып жасап атырсаң деп айтып қалды Мен хайран қалып оқыуды дауам еттимОқып отырып бундай болыуы мүмкин емес Мен парисейлерди я болмаса өзин усылай тутатуғын адамларды жек көремен дедимБирааө Қудай маған бул ретте Муқаддес китап арқалы жууап көрсетти Ол көрсеткен жууап былай еди Матта 5:46-47 Егер сизлер өзлериңизди сүйгенлерди ғана сүйсеңлер, қандай сыйлық аласызлар? Салықшылар да солай ислемейме Сизлер тууысқанларыңыз бенен ғана сәлемлессеңлер, онда қандай өзгешеликлериңиз бар? Бутқа табыныушылар да солй ислемейме? Аспандағы Әкеңиз кәмил болғаны сияқлы сизлерде кәмил болыңлар Мен өмиримди хәм хәр бир күнимди тексерип көрдим Шынында да сондай екен Жудә көп болмаса да бирақ мен сәлемлеспейтуғын адамлар бар екен Матта 6:1-2 1.-Абайлаңлар, сизлер сауап ислериңизди адамларға көрсетиу ушын, олардың алдында ислемеңлер. Олай етсеңлер, сизлерге аспандағы Әкеңизден сыйлық болмайды. 2.Солай етип сен қайыр садақа бергениңде, еки жүзлилер сыяқлы өз өзиңнен жар салма. Бундайлар адамлаар мақтасын деп, мәжилисханаларда хәм көшелерде усылай ислейди. Сизлерге шынын айтып турман: олар әлле қашан өз сыйларын алып болды.Мен бул аятларды оқығанымда Қудай маған өзимниң қандай екенимди хәм қәтелеримди көрсеткен еди.
- Bas bet
- Kitapxana
- Adamlardin’ Guwaliqlari
- Balalardin’ o’siwine ja’rdem beriw
- Hayal Waqti
- Iysanin’ Sha’kirti
- Kategoriyasiz
- Kelin’ birge duwa eteyik
- Kishkene Isbilermenlik
- Ko’z qaras
- Ku’ndelikli Ruwxiy Aziq
- Muxaddes Kitap qaharmanlari
- Muxaddes Kitap Sabaqlari
- Qudaydin’ So’zi
- Ruwxiy Jen’isler
- Shan’araq O’miri
- U’y jiynalisi
- Xosh Xabar
- Qosiqlar
- Video
- Baylanıs