3:07

Рухый бир болыу

MP3

Ассалаума әлейкум қәдирли тыңлаушылар. Бүгин сизлердиң итибарыңызға усынбақшы болған гуалығымызды биринши рет еситкенимде, Қудайдың бир сөзи есиме тусти. Келиңлер, оны сизлерде және бир рет еситип көриң, хәм сәубетимиз жууумағында бул аят гууалығымызға қаншалық тууры келгенине исенимиңиз кәмил болады. «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып,өзиниң хаялына қосылады хәм екеуи бир дене болады» Буны еситкен хәр бир исениуши Қудай не айтпақшы болғанын түсинеди.Олар денеде емес рухый бир дене болып қалады.Әлбетте хәмме шаңырақлар хаққында бундай деп айталмаймыз.Буның ушын оларға және бир нәрсе керек.Буны гуалығымыздың соңында билип аласыз.Енди гуалығымызды еситиң. Белгили уазшы Керри Блейк балалығы хаққында усындай гуалық береди.

«Сол уақытта апам менен ағамның арасында бундай рухый жақынлық барлығын түсинбеген едим.Өсип Қудайдың Сөзин өзим оқығаннан кейин,еки исениуши шынында да бир дене бир рухта болса, олар сөйлеместен алдын, бир бирине не ушын кереклигин билиуи, бир бирине қарап,кеуиллеринде не ойлап атырғаны,ямаса не қыйнап атырғанын түсинип жеттим Ағам полицияшы еди, есимде бар, бир нешше мәрте апам түнде мени турғызып: »Тур ағаңа бир нәресе болып қалғанға усайды, дууа етемиз» дейтуғын еди. Бизлер улкен бөлмеге кирип, апам дизеде отырып, мен болсам жүрип дууа етер едим.Сол уақытлары апамнан сорайтуғын едим:» Апа,сизге полиция департаментинен қоңырау еттиме? Яқ өзим билдим,кеулим сезди дейтуғын еди.

Шынындда бизлер дууа етип жуумақлағанымызда, бес он минут өткеннен кейин қоңырау болатуғын еди.Апам болса алдыннан сезип оның ушын дууа ететуғын еди.Қудайға шүкир,хәр сапар ағам өлимнен аман қалатуғын еди.Булардың хәммеси ерли зайыплылардың Қудайда бирдене бир жан болғанлығында екенин улкен болғанымда түсинип жеттим.Буннан тысқары Қудайға жақын болған адам Оның сөзлерин есите алады.Сол уақыттлары Қудай апама бул хаққында билдиргенин анық билемен. Апам жүрегиндеги Мухаддес Рух оған ағам ушын дууа етиуди билдирген. Буның қандай екенлигин Қудайға жақынласып, Оның қәлеулерин, еркин жүрегимизде еситкенимизден кейин, өзимде сезгенимде толығырақ түсинип жеттим.

Қудайға келген адам Қудайдың руухын қабыл қылады хәм Қудайдың еркин билетуғын болады. Көплеген жағдайларда буны түсиндире алмаймыз, бирақ Қудай бизлерден нени қәлейтуғынын билемиз.Жоқарыдығы аят :»Сонлықтан ер адам ата анасын қалдырып, өзиниң хаялына қосылады хәм екеуи бир дене болады.» бизлердиң Қудай менен руухый қарым қатнасымызды да көрсетеди.Қудайға шынында да жақын болған адам » Оның менен руухта бир болады Бирақ буның ушын хәр бир исениуши өзиниң пикирлеринде Кудайға масластырыуы керек Хеш нәрсеге қарамай Кудайдың пикирлерин өзиниң дүнявий пикирлеринен үстин қойғанда Кудай менен бирдей пикирде болады. Билиуимше ата анам тап сондай қылған. Қәдирли тыңлаушы бизлердиң сүхбетлеримиз сизге мақул келген болса бизлерди еситиуди дауам етиң хәм бизлердин www.danaliq.com сайтимизға кириң Бизлер болса сизлерге өмирден алынған Кудай менен қарым қатнасларда тууылған гууалықларды сизлердиң дыққатыңызға усынамыз.

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top