2:51

Тасбауырлықтан қутылыу

MP3

Ассалаума әлейкум. Әтрапымызда тасбауыр адамларды көрсек оларға жек көриушилик пенен қараймыз. Жер усындай адамларды көтерип жүргенине хайран қаламыз. Бирақ бүгинги гууалығымыздың ийеси сениң пикириңди өзгертип. бундай адамлар ушын тек дууа етиу кереклигин уйретсе жаксы болар еди. Бир тууысқанымыз гууалығын былай баслаған еди: Биринши рет анам қамаған қараңғы жертөледе отырғанымда. мен өзимди хорланғандай сездим. Егер бул бир мәрте болғанда қорқынышлы болмас еди, бирақ бул жағдай жүдә көп такрарланды. Анам арзымаған қәтем ушын қарағы хәм ызғар жертөлеге қамап қояр еди. Гейде мениң жер төледе екенлигим, оның есинен де шығып кетер еди. Анамнан мийрим көриу орнына, тасбауырлықты көрдим. Әкемде мийримин көрсетуғынлардан емес. Солай етип, ержеткенимде адамлардан хеш қандай жақсылық күтпейтуғын болдым.Адамлар арасында мақтау алыуға ерисиу, мен ушын баслы мақсетке айланды. Адамлар мени жақсы таныуы, жетискенликлериме жетерли баха бериуине үмит етип көп иследим. Қаншама көп ислесем басқаларға соншама сууық карым қатнаста болдым. Хеш кимниң мениң менен дос каби болыуына имкан бермедим. Олар маған хорлық хәм қайғыдан басқа нәрсе бермейди деп, исенер едим. Соған қарамай бир қыз мени жақсы көрип калды. Оны мениң қопаллығым қорқыта алмады. Өзимде сол қызды сүйип қалдым Турмыс қурдық. Жүрегимдеги хорланыу жарақаты еледе питпеген еди. Турмыс дауамында хаялымды көп қыйнадым. Тасбауырлығым себеп ол уйден кетип қалды. Не ислеуди билмей бир достыма жарылдым. Ол маған тууры жол көрсетти. Ол мени Кудайдың қутқарылыуына жетекледи Кудай Сөзи арқалы былай деди: «Сени жердиң төрт тәрепинен жыйнадым, Узақ жерлерден шақырып: Сен Мениң қулымсаң, Сени таңладым, тәрк етпедим», – дедим.Қорқпа, Мен сениң менен биргемен. Қәуетеленбе, Мен сениң Кудайыңман. Саған күш берип. Жәрдемлесемен. Азат етиуши оң қолым менен сүйеймен. ( Ийшая 41:9-10) Кудайдың бул сөзлери. Оның менен болған қарым қатнасым, Оның мухабаты өмиримди пүткиллей өзгертип жиберди. Жүрегим жумсақ болып. басқаларды қайғыратуғын болып қалды. Соннан кейин мен азап берген адамлардан бирме бир кеширим сорадым. Балалығымда мени хорлаған анамды кеширдим. Мийрим көрсетпеген әкемди кеширдим. Хаялымды хәм балларымды уйге қайтардым. Оларда мени кеширди. Өмир Кудай менен мазалы екенин толық түсинип алдым. Жүрегимдеги музлық шегинип, ол жерге бәхәр жетип келди. Мен тасбауырлықтан Кудайдың жәрдеминде Оның берген күши, муқаббаты хәм кеширими арқалы азат болдым. Бүгин бундай адамларды көрсем тек олар ушын дууа етемен. Себеби Кудай олардың көзлерин ашпаса инснның хәрекети пайдасыз. Қадирли тыңлаушы, сизлерде өзиңиздиң гууахликлериңизди басқалар менен бөлисиуди қәлесеңиз бизлердиң danaliqcom телеграм каналымызға жазып жибериң Сонда басқаларғада пайдалы болады

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top