Ассалаума әлейкум Бүгин хәммемизге таныс болған бир әдеттиң дузағынан қутылған бир тууысқанымыздың гууалығын тыңлаймыз Бундай әдеттен қыйналып атырғанлар бүгинги гууалықтан кейин тууры жолды тауады деп үмит етемиз Сәубетлесимиз былай деп айтады
Жалған адамның жүрегине қанша зиян келтиретуғынын көп адамлаар хәттеки аңламайды да Ол бизлерди Қудайдан узақластырады себеби Қудайдың жолынан шетке шығып толықлықта өмир кешире алмаймыз Егер Оның хақыйқаты сизлердиң жүрегиңизде болмаса Қудай сизлерди Өзине қарата алмайды Мен балалығымда жалған сөйлеуге үйренгенмен себеби хақыйқатты айтқанларды жазалағанларын көргенмен Буның үстине мениң тынышлықтағы өмирим тәжрийбеси соны көрсетти адамларға хақыйқатан ғөре жалғанды еситиу жағымлырақ екен Балалығымда қылған ислеримди жасырыу ушын жалған сөйлеген болсам үлкейгенде жалған сөйлеуге себеплер көбейди Жумысларымды да жалғаннан басладым Мен жумысқа кириуим керек болған жерге ең кеминде бес жыллық тажрийбеге ийе болған адамларды қабыл кылар еди Мен Сол жерде ислеуди қатты қәлегеним ушын жалған мийнет дәптерин жаздырып жасымды да улкен етип көрсетип жумысқа кирдим Бәрхама жалғаным әшкара болыуынан қорқар едим Солай болганда да уяттан жер жарылмады мен жерге кирип кетпедим Соннан кейин мен Кудайға исенип Оның жолынан жүрип кеттим Сонда мен бир уақыттың өзинде хәм Мухаддес Руух пенен хәм жалғанның әкеси менен келисимде болыу мүмкин емеслигин түсиндим Муқаддес китап былай деп айтады Жалған тил менен жыйналған байлық пуу хәм өлим дузағы (Хикм 21:6 ) Өзимде жалғанға бейимликти сезгеним ушын Кудайдың алдында тәубе еттим Өзим билмеген түсинбеген халда аузымнан жалған шығып кетгенде де тәубе еттим Жалған мени адамлар менен болатуғын тууры қарым қатнастың ләззетинен айырып мени Кудайдан да узақластырар еди Бир куни Кудай былай деди Хийлекерлик қылатуғын мениң сарайымда жасамайды Өтирик сөйлейтуғын көз алдымда тура алмайды (Заб 100:7)
Оның хүзиринен тысқарыда жақсы сезимлерге хәм шадлыққа ийе болыу мүмкин емес Мен айтқан хәр қандай жалған жүрегимниң бир бөлегин шайтанның ыхтиярына өткерер екен Шайтан болса жүрегимди рухый кеселликлерге өлимге алып баратуғын себеплерге толтырады Буннан тысқары хеш қандай жалғансыз Кудайдың жарылқауы менен жетискен дәрежеме адамлардың хурметине бирғана жалған менен жоққа шығарамыз Мен болсам шайтанға бундай имкан бериуди рауа көрмеймен Соннан кейин жалғанды иңкар етип хақыйқатты айтатуғын болдым