Ассалаума әлейкум. Күншиллик жақсы емеслигин билемиз, бирақ гейбир уақытлары өзимизди тоқтата алмаймыз. Мен өзимди. күншиллик жоқ деп ойлар едим. Бир куни Муқаддес китапты оқығанымда жүрегимде Қудайдың сөзлерин сездим: Өйткени қай жерде күншиллик хәм менменлик болса сол жерде тәртипсизлик хәм хәр түрли жаманлық болады «Якып 3:16« Кудай тек мениң жүрегимди көрсетип сөйлегендей болды. Хәзир сениң өмириңде тәртип жоқ себеби сениң жүрегиңде күншиллик хәм менменлик баар.деген Мен өзимди жоғалтып қойдым Күншиллик? Менде?
Соннан кейин Кудай мениң басқаларға хәм базыбир нәрселерге болған мүнасабетимди көз алдымнан өткерди Күншиллик мени өтмиштен, басым етип келген екен. Мен өзимди жақсы нәрсеге налайық деп есаплағанман Мен бәрқулла өзимде барынан көбирегин қолға киргизиуди қәлегенмен себеби менде айтарлықтай хеш нәрсе жоқ еди. Таза хәм анық сөйлей алатуғын я болмаса жақсы қосық айтатуғын адамларға күншиллик кылғанман. Кейинирек турмысқа шыққаннан соң досларымның уйлерин, жетискенликлерин көрип күншиллигим көбейер еди Олардан мениң қай жерим кем деген ой пикир жүрегимд кемирер еди. Хәр сапар мен қалеген нәрсеге ерискен адамларды көрсем Кудайга өкпелейтуғын едим. Кудайдың мени суйиуине де гуман қылар едим Өмиринде меннен кобирек иси журискен, меннен кобирек жетискенликке ерискен, мениң уйимнен сулыуырақ уйде жасап атырған адамларды көрсем күншиллик мени қоршап алар еди. Кейинирек бул мени батпақлыққа тартып атырғанын сезип қалдым Мен өзимди тоқтатыуым керек еди Күншиллигим ушын Кудайдан кеширим сорап тәубе еттим. Соннан кейин өмиримде болып атырған нәрселерди анығырақ көре басладым. Хәр сапар күншиллик қылғанымда мынадай өтирикке исенип қалғанымды сездим. Мен усы нәрсеге мүтажбен, сол адамда бар нәрсеге емес ал мен соған ылайықлыман Бирақ хақыйқат соннан ибарат мениң өмиримдеги хәмме нәрсе маған Кудай тәрепинен берилген. Күншиллик бул шайтанның усталық пенен қурған қапқаны. Күншиллик арқалы шайтан бизлерди Кудайдан бизлер ушын хеш қандай жақсы нәрсе жоқлығына исендирмекши болады Куншиллик бул бутпараслықтың тап өзи. Бул нәрселер тууралы ойлар екенмен Кудай маған және Сөзи аркалы сөйледи: «харамылық напсиқумарлық жаман қәлеулер хәм напсиқаулық болған бутқа табыныушылықты жоқ қылыңлар ( Колос 3:5 ) Соннан кейин Кудайдың жәрдеми менен базыбир нәрселерди ядымда сақлауға хәрекет еттим Кудай маған берген сыйларын көрип олар ушын Кудайға миннетдаршылық билдириуди уйрендим Бул да Кудайды уллылайды-ғо Неге Кудайды уллылайтуғын нәрселерге кууанбауым керек Кудай маған сый қылып берген қабылет тууралы еслеп журиуди басқа өзге нарселерге қарамауды уйрендим Соннан кейин өмиримде күншилликке орын қалмады Оның орнын Кудайға шүкирана айтыу менен толтырдым