3:10

Қудайдың жеңиси

MP3

Ассалаума әлейкум қадирли тыңлаушы. Бул уақыяның болғанына көп жыллар болған. Дәслеп бул хаялдың гууалығын еситкенимде бизлерде де сондай уақыялар болыуына исенгим келмеди. Бундай уақыялар тек батыс тәрепте болады деп, есаплар едим. Бирақ. бул хаял Кудайдың күши менен өзиндеги рухый хәлсизликти, азапларды хәм қуллықты жеңа алды. Келиң, оның гууалығын өзиңизде еситип көриң. Мен сол уақытлары жас қыз едим. Анам өзин басқаша тутар еди.Жас болғаным ушын анам неге өзин басқаша тутып атырғанлығын тусинбеген едим. Гейде жақсы журеди, бизлерди еркелетеди, гейде бақырып жылап және болар болмасқа кулер еди. Сол уақытлары анамызға жақынласыуға қорқатуғын едик. Мен уйде үш қыздан ең кишкенеси болғаным ушын үкелериме қарайтуғын едим. Оларды ойнатыу, ауқатлантырыу, уйықлатыу мениң уазыйпам еди. Анам сондай қолайсыз болсада әкем қызларға улыума итибарсыз еди. Гейде. бизлердин атрапында жүргенимизди сезбейтуғын еди Ол жумыстан келип тек укелеримди еркелетер еди, олардың қасында турған мени байқамайтуғын еди. Буған көнлигип кеткенмен. Сәл улғайғанымда анамның рухый кесел екенлигин билдим. Әкем оны өзи жақсы болып кетеди деп ойлаппа я болмаса емлетиуге ақша кетеди деп ойладыма анамды емлеуханаға жатқармаған. Бул қорқынышлы уақыя болғанда 12 жаста едим. Есимди танығаннан кейин шаңарағымыздың бундай екенлигинен қыйланып, бағымыздағы теректиң астында жылап отыратуғын едим. Меннен 5-6 жас улкен болған қоңсы бала келип мени ….Бул жағдайды еслеуди қәлемеймен. Бул мениң кеулиме ауыр тийеди. Онын қылғанларын, бир нешше рет уйдегилерге айтыуға урынып көрдим.

Бирақ мени еситетуғын хеш ким жоқ еди. Сол себепли. хеш кимге қосыла алмайтуғын жабайы хәм қопал қыз болып өстим. Класстағы, көшемиздеги балаларға улыума еркек затына болған жеркенишим күшли еди. Бул жеркеништен Ийса Масийхты өмириме киргизгеннен кейинде азат болмадым. Буннан кыйналар едим. Бул тууралы тынбай дууа еттим. Кудай дууаларыма жууап берди. Ол журегимди Мухаддес Руухына толтырды. Мен өзимди Мухаддес Руухтың ыхтиярына тапсырдым. Ол әсте ахырын жүрегимдеги жарақатты шыпалады. Мениң минезим өзгерип баслады. Мен енди мүлайим, жууас болып қалдым. Кудай маған тез тез арқамда қалганларын умытыуды айтар еди. Мен солай қылдым, бирақ хәр сапар қайсыдир жигит қолымды сорағанда, Сол азап өтмишим жүзеге шығар еди. Мен қолымды сораған жигитлерге Ауа деген жууапты бералмадым. Олар қаншама жақсы болмасын, оларды сүйип қалыудан өзимди тыяр едим. Сол уақытларыда. мени хеш нәрсеге қарамастан қабыл ететуғын, мени түсинетуғын, өтмишимди жүзиме баспайтуғыын жигитти ушыратыуды сорадым. Бир куни сол кун келди. Оны ушыраттым. Оған хақыйқатты айтыу ушын узақ дууа еттим. Соннан кейин хәммесин оған айттым. Ол тым тырыс отырып еситти. Оннан кейин ойлап көриуим керек деп кетти. Бул уақыядан кыйландым. Бирақ, Кудайға дууа етиуден, өмиримде болып атырғанларын, Оған тапсырыудан басқа илажым жоқ еди. Мен өмиримди өзгертиуге күшсиз едим. Бирақ Кудай өзгертти. Мен сүйген хәм мени сүйген жигит, қайтып келди. Оның жүзлеринде исеним хәм мухаббаты көрдим.

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top