Ассалаума әлейкум хурметли тууысқанлар Сизлер менен радиомыз толқынлары арқалы және ушырасып турғанымыздан жудә кууанышлымыз Хурметли тууысқанлар бүгинги еситтириуимиз сизлерге унайды деген үмиттемиз Бүгунги темамызды балаларымыздың рухый өмирине бағышладық Қадирли ата аналар хәр бир инсан өз перзентиниң келешекте кәмил бир инсан болыуын қалейди Сонлықтан хәр биримизден мийнет сабрлы болыу талап етиледи Бизлер жаксы билемиз хәр бир исти әмелге асырыу ушын хәрекет керек Хеш нәрсе өз өзинен әмелге аспайды Ойымыздағы бизлер тәрептен орынланыуы керек болган хәр қандай хәректимиздиң тийкары Қудайға суйениу менен әмелге асса жаксы болады Хурметли ата аналар егерде перзентиңиз өзи еркин оқыуды билсе оларға Муқаддес китапты окыу кереклигин айтсаңыз болады Хәзирги күнде қәлеген тилде жазылған хар турли бир биринен сулыу балааларға арналған Муқаддес китапты тапыу мүмкин Егер усындай китапларды перзентлериңизге сауға етип усы китапты абайлап хәмде барлық уақытта оқыу кереклигин еслетсеңиз бул балаңыз ушын күш қууат береди Әлбетте оқып берген уақтыңызда сол жерде жазылған кахраманлар тууралы сөйлесиу керек Егер балаларымызға қайжерден қайжерге шекем оқыу кереклигин белгилеп берсек сонда оқыған жериндеги темадан пикирлеуди ойлап көрип өз өмирине қоллауды үйретсек жәнеде жаксы болған болар еди Мухаддес китапты оқыған уақытта бәрхәма дууа етип окыуды еслетиң Мухаддес китапта базыбир жерлери перзентиңиз ушын тусиниксиз болыуы мүмкин Соның ушын сизлердиң жәрдемиңиз керек болады Балаларымыз бенен айланыуга шыққанымызда Кудайдын жаратқан кәраматларына итибарын қаратсақ жудә жақсы болар еди Қудай хәзирги уақыта да усы жаратқан барлық нәрселер устинен хәким екенлигин түсиндириуимиз перзентлеримиз ушын пайдалы болады Сонлықтан қала күнги мектебиниң оқытыушылары балалардың Рухый өсиуи ушын жууапкер Егер балалар өзлериндеги қыйыншылықлары менен сизлердиң алдыңызға келсе Муқаддес китаптан базыбир аятларды көрсетип оларға жууап бериуге хәрекет етиң Хәмме нәрсени хәттеки бизлердиң ой пикирлеримизди билетуғын Кудай өз перзентлерин хеш қашан таслап қоймайтуғынын еслетип өтиң Балаларымызға ненидир түсиндиргенимизде тап үлкен адамларга уаз айтқандай айтпауымыз керек Себеби оларда бириншиден сабр етиу жетиспейди екиншиден олар көп нәрсени еслеп қалыуга хәлсизлик қылыуы мүмкин Хүрметли ата аналар перзентлериңиз келешекте ким болыуына қарамастан Кудайдың садық хызметшиси болыуына хеш қашан қарсылық етпеңлер Хош аман болың
- Bas bet
- Kitapxana
- Adamlardin’ Guwaliqlari
- Balalardin’ o’siwine ja’rdem beriw
- Hayal Waqti
- Iysanin’ Sha’kirti
- Kategoriyasiz
- Kelin’ birge duwa eteyik
- Kishkene Isbilermenlik
- Ko’z qaras
- Ku’ndelikli Ruwxiy Aziq
- Muxaddes Kitap qaharmanlari
- Muxaddes Kitap Sabaqlari
- Qudaydin’ So’zi
- Ruwxiy Jen’isler
- Shan’araq O’miri
- U’y jiynalisi
- Xosh Xabar
- Qosiqlar
- Video
- Baylanıs