2:53

Балалардың өсиуине жәрдем беремиз

MP3

Ассалаума алейкум радио тыңлаушы ықласбентлер. Сизлер менен және радио толқынлары арқалы дийдар көрисип турғанымыздан миннетдармыз. Хурметли тыңлаушы дослар келиң бүгинги еситтириулеримиз арқалы балаларымыздың рухый өсиуи хаққында бираз сәубетлесемиз Ең алды менен соны тайтып өтиуим керек балалардың рухый өсиуи ушын хәм олардың өмириндеги өз орнын табыуы ушын жасы үлкенлердиң үлги болыуы әхмийетли рол ойнайды Хәр бир бала жасы үлкенлердиң өмирде жасауына қарап өмиринде өзлериниң орнын белгилейди Ата бабамыз бийкарға айтпаған »Қус уясында көргенди қылады деп».Келиң хүрметли жас үлкенлер, бир сорау үстинде бас қатырып көрейик. Бизлердиң Қудай менен бирге болған өмиримизди көрип балаларымыз нелерди үйренип атыр. Әлибетте, егер хәр бир ата-ана өз шаңырағында Қудай менен болған қарым- қатынасын дауам еттириуи керек.Себеби айырымларымыз ойлауымыз мүмкин,рухый өмир тек ибадатхана деп.Ибадатханаға барыу өзиликсиз дауам етиуи керек.Балаларымыз бизлердиң Қудай менен болған беккем қарым- қатынасымызды көриуи керек. Илажы болса хәр күни өз үйлеримизде шаңырағымыз бенен Қудайды алғыслауымыз керек.Бул болса балаларымыздың рухый өсиуине үлкен жәрдем береди.Балаларымызға Қудай менен сөйлесиуди, яғный дууа етиуди үйретиуимиз керек.Дууа хәр бир балаға Қудайдың қүдирети хаққында хәм Ол бир уақыттың өзинде хәмме жерде бола алыуы хәм өз перзентлериниң дууаларын еситиуди үйретеди.Хәр бир бала Қудайдың нелерге қәдир екенин жақсы билиуи керек.Балаларға, егер өмиримизде қандайда қыйыншылықларға ушырағанда Қудай менен қалай шешиуимиз кереклигин үйретиуимиз керек.Соның менен бирге Қудайдың жәрдемин алғаннан кейин миннетдаршылық дууаларын да үйретиу есиңизден шықпасын.Бул, хәр бир бала хәм жасы үлкенлер ушында әхмийетли дууа десекте болады.Себеби усындай дууалар арқалы тек ғана балалар бәлким жасы үлкенлер де Қудай нелерге қәдир екенлигин, Ол бизлерди қаншалық сүйиуини, хәм бизлерге болған мехрибанлығын көриуимиз анығырақ. Әлибетте балаларымыз рухый өскенде сораулар пайда болады.Сондай уақытларда илажы болғанша хәр бир сорауына еринбестен жууап бериуге хәрекет етиң.Билмегенлериңизди кейинирек билип әлибетте жууап беретуғыныңызды айтып өтиң. Бирақ берген уәдеңизде турың.Себеби перзентиңиз қашан болсада сол сорауды сизден сорайды.Балалар тәрепинен берилген хәр бир сорау олар ушын үлкен әхмийетке ийе екенин естен шығармаң.Сизлердиң берген жууапларыңыз өмир бойы олардың пикирлеринде мөрленип қалыуын умытпаң. Бул болса хәр бир жууабымыз тууры хәм анық болыуы керек дегени. Хүрметли радио тыңлаушы ықласпкенлер, балаларымыздың рухый өсиуи ушын тынбастан дууа етиуимиз керек болады. Балаларыңыз ушын және бир әхмийели нәрсе оларға сизлердиң сүйиспеншилигиңиз керек. Барлық уақытта перзентлериңизди қоллап қуатлауды хеш кашан есиңизден шығармаң. Хүрметли тууысқанлар усы жууапкершиликли хызметте Ийемиз бизлерге сабырлылық берсин деп сизлер менен ендиги еситтириулеримизге дейин хошласып қаламыз.

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top