2:49

Балалардын өсиуине жәрдем бериң

MP3

Ассалаума әлейкум хурметли радио тыңлаушы ыхласпентлер сизлер менен және радио толқынларында ушырасып турғанымыздан жүдә кууанышлымыз Хәр бир масихый буны жақсы билиуи керек Келешекте олар яғный балалар хәр биримизге жәрдем бериуи ушын олар рухый өсиуи керек Егер хәр бир бала Қудай тууралы терең уйренсе хәм қандайда билимге ийе болса оларда Қудайға болған исеним хәм ийман беккемленип барады Бул арқалы болса балалар соны жақсы түсинип алып атрапымызда болып атырған айырым уақиялар өзлигинен болмай балким хәммеси Қудайдың басқарыуында болып атырғанын жаксы тусинип алады Қудайды жақсы билген бала хәр турли гүналарды ислеуге бейимлеспейди керисинше гүнаға болган мүнасебети өзгереди Егер қала кунлери балаларыңыз сиз бенен ибадат уйине барып атырған болса жаксы Себеби ибадат уйине барған жасы улкен жасы кишисине дейин хаммеси Қудайдың қылған уллы ислери хәм Оның қудретинен баска пикирлер хаққында еситпейди Бул балаларымыздың рухый өсиуине түртки болады Бирак қала кунги мектеплеринде хызмет қылып атырған тууысқанларымыз Қудайдың улкен уазыйпасын өз мойынларына жүклейди Себеби туурысын тән алып айтыуымыз керек айырым шаңарақларда балаларының рухый аухалына онша итибаар берилмейди Сонлықтан балалардың қала кунги мектебиндеги оқытыушылар хәр бир балааға айрықша итибар хәм ғамқорлық қылыуына тууры келеди Оқытыушылар балалардын рухый өсиуи ушын Қудайдың қылған ислери хәм қудрети тууралы айтып бериу менен шекленбестен қосықлар арқалы да Қудай тууралы хақыйқатларды уйретиуи керек Бундай жууапкершиликли хызметте тек ғана Мухаддес Руухқа сүйениуимизге тууры келеди Себеби бизлер Қудай тууралы хақыйқатларды балаларга айтқанымызда адастырмай айтыуымыз керек болады Буны тек ғана Мухаддес Руух хәр биримиз аркалы кылады Келиң Мухаддес китап усы тууралы бизлерге нени айтады соны көрип шыгайық Бул тууралы Мухаддес китаптың 2 тимоти 2 :15 те жазылған Ал сен болсаң хақыйқат сөзлерин дурыс уйрететуғын хәм өз иси ушын уятқа қалмайтуғын Қудайға унамлы хызметши болыуға жан тәниң менен тырыс Ауа хүрметли оқытыушылар бул хызмет қыйын бирақ Қудайдың көзиниң алдында абырайлы хызмет Балким хазирги күнде сизлердиң бул хызметиңизди хеш ким кадирлемей атырғандай болып сезилер Сондай уақытлар келеди Сиз ушын Аспан Патшалығында улкен сауға бериледи Бүгинги күнде гүнаның қуллығында журген балаларды қалегениңше табыуға болады Олар ушын барлық уақыт дууа етейик Қудай олардың да өмирлерин өзгертсин Хурметли ата аналар усы жууапгершиликли хызметте сиз бенен бизлердиң орнымыз улкен Қадирли радио тынлаушы ыхласментлер Сиз бенен хошласар екенбиз хәр бириңизге Қудайдың жарылқауы болсын Ал балаларымыз болса келешекте Ийемиздиң әжайып хызметшилери болып өссин Кейинги еситтириулерге шекем хош сау болыңлар.

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top