3:15

Күшли қапагершилик

MP3

Ассалаума Әлейкум қәдирли тыңлаушылар. Бүгинги сәубетимиз күнделикли өмиримиз жасау тәризимиз хәм басқалар менен болған қарым-қатнасымызда әхмийетли роль ойнайтуғын кеширим хаққында болады.Кимдир бизлерды қапа қылғанында , әтирапымыздан: “ Кеширимли болыу керек “ кеширип жибер” деген мәсләхатларды еситемиз. Бирақ күшли қапа болыу сезими бизлерге кешириуге тосқынлық қылады . Гейде өмиримизде адастыратуғын дәрежеде қапа қылады . Өзимизды қорланғандай сезип ғәзепленемиз ямаса керисинше хәмме нарсеге көнемиз . Бундай жағдайда бизлер қәлемейтуғын нәрсе бул кеширим бериу. Бизлерди қапа қылған адамды кешириуди қәлемеймиз. Ол адамға ғәзеп, жек көриушиликти сақлап турғымыз келеды. Гейде бизлерды қапа қылған адамды кешириу тууры емес, хақықатлық жоқтай туйилиуи мумкин.
  Бир кишкене бала ауылың арқасындағы кеңисликте ойнап атыр. Қолында таяғыда бар. Жап-жасыл болып өскен шөплердиң арасынан суйеклери хәм бас суйеклери көринеди. Бул өлтириген адамлардан қалған суйеклер .
Әскерлер ауылға бастырып кирип партизанлар менен байланыста болған деп гуманланған адамлардың хәммесин оққа тутты Сол кишкене баланың тусинигинде таяқ бул пулемет ол ушын бул хәзирше ойын. Ержеткенде болса ағасын өлтиргенлерден өш алыуы керек. Енди ол шаңырақтың жалғыз ер адамы .
  Екинши дунья жузлик урыстан кейин 50 жыл өтти , бирақ азия тоғайлықларында әскерии лагерлерде тутқынлақта болған тутқынлар еледе хақыйқатлықты тиклеу ушын жыйналып туратуғын еди. Олар жауызларша қыйнағаны , азаплағанлары хаққында айтып беретугғын еди. “Дуня буны умытсада дейди олардың бериуи – мен хеш кашан оларды кешире алмайман.
Сиз суйген адамды қаттты қапа қылған шығар Ширли жумысындағы кәсиплеси қапа қылғаны ушын ғәзебин журегинде сақлады . “Мени қапа қылған адамды кешириу маған қыйын емес – дейды ол. Бирақ күйеуимди қапа қылса кешириуге хақым жок “ деп еспалайман.
Өмиримизде ушырасатуғын кишкене арзымайтын қапагершиликти кеширемиз, бизлерди де кеширеди . Мен сиздиң аяғыңызды билместен басып алсам . “ хеш нәрсе қылмайды “ дейсиз. Қоңысыларыңыздан кимдир , бир нәрсеңизды бузып ямаса сындырып қойса, оның кеули ушын : “келген бәле соған урсын, хеш нәрсе болмайды” дейсиз хәм өзиңизде буны умытасыз. Кимдир путкул топардың ислериниң тоқтап қалыуына себеб болатуғын қәте қылды , бирақ бизлер мыйық тартамызда ислеримизди дауам етемиз .
Достымның әшкаралауарынан қапа боламан . Достым болса да, әшкара әшкарада . Кимге әшкара жағады дейсең. Менин қабағымның уйилгенин көрген достым, тезде өзиниң пушайманлығын билдиреды. Қапа қылғаны ушын ,меннен кеширим сорайды ,кеулим және көтерилди, кеширемиз бизлерди де кеширеди . Әдетде майда кеуилсизликлерди кеуил қалыуларды кеширген жибериу аңсат , себеби усындай жағдайларға өзимизде тусип қалыумиз мумкин. Бирақ умытыу кыйын болған қапагершилик пенен ахуал қалай болады ? Бундай жағдайда кешириуимиз керек пе? Бул сорауға жууап тауған адамлар бар. Егер олар хаққында шынында да билиуди қалесеңиз , кейинги сәубетлеримизди өткерип жибермең.

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top