Ийемиз хәм Қутқарыушымыз Ийса Масийхтың мийримине сүйенип Оны танып билип барған сайын өсип улғайыңлар Бизлерге жақсы таныс Масихый өмир пәк жүрекке ийе болган күнимизден басланады Бизлер гүнаның қулығынан әлле қашан азат болғанбыз Бирақ ИЙСА Масийхта рухый өмиримизди өсириуимиз ушын хәр күни рухый ауқат жеуимиз керек Ийемиз Ийса Масийхты қалай өсиуимиз мүмкин Келиң бүгин сизлер менен қысқаша усылар хаққында сөйлесейик Мухаддес китапта Тиймутийдиң аты хәр биримизге жақсы таныс Оның атының мәниси Кудайды алғысла дегени Тиймутий жас болған уақтынан баслап Қудайдың сөзин анасы хәм кемпир апасы үйрете баслаған Булар хаққында бизлерге Муқаддес китап айтады Әлбетте Тиймутийдиң анасы менен кемпир апасы оны исенимде беккем болыуы ушын хәм жаслығынан Қудайға бойсынатуғын болып өсиуин қалеген Муқаддес китап бул хәр биримиздиң рухый өмиримиз ушын азықлық екенин билемиз Егер оны татып көрген болсаңыз жудә жағымлы ауқат екенин билесиз Ол палдан да мазаалы екенин билесиз деген үмиттемиз Муқаддес китап бизлер ушын хәм нан хәм ғөш хәм сүт болады Хәр бир адам рухый жудә аш Олардың ашлығын Қудайдың сөзи толық қандыра алады Хәр бир адам хәр күни өсиуи ушын оны жеуи керек Әлбетте бизлер айтып атырған сөзлермимиз рухый маниске ийе екнин хәр бириңиз тусинип атырсыз деген үмиттемиз Тиймутий Қудайдын сөзин жақсы билген Себеби оның анасы хәм кемпир апасы оған Қудайдығ сөзине болған мехрди оятқан Елши Павел Тиймутий өзи менен бирге хызмет сапарына алып кетиуден алдын басқа тууысқанлардан ол хаққында жақсы хәм жағымлы сөзлерди еситкен Соның ушын Тиймутийди өзи менен бирге алып кетиуге қарар қылған Олар хызмет сапарын бирге баслаудан алдын Елши Павел Тиймутийдан сол хызметке таярма хәмме масийхыйдын өмириинде ушырасатуғын қыйыншылықларға шыдай алама усылар хаққында сорағанына исенимимиз кәмил Тиймутий жас болсада Павел менен бирге хызмет сапарына кетти Өйткени Ол Қудайға хызмет қылыу кереклигин жақсы тусинди Ол жаслыгынан Қудайдың сөзин жаксы билгени себепли ол болатуғын қыйыншылықларға шыдайтуғынын билер еди Себеби Ийемиз Ийса Масийх хеш кашан өзиниң перзентлерин таслап кетпейтуғынын Өз сөзинде уәде берген Хүрметли радио тыңлаушы тууысқанлар Егер хәр биримиз шын журектен Қудайдың уәделерине исенсек Оның айткан уәделерин орынлап Қудайға бойсынсақ әлбетте Ийса Масийх хәр биримиздиң рухый өмиримиздиң өсиуинде бизлерге жәрдемши болады
- Bas bet
- Kitapxana
- Adamlardin’ Guwaliqlari
- Balalardin’ o’siwine ja’rdem beriw
- Hayal Waqti
- Iysanin’ Sha’kirti
- Kategoriyasiz
- Kelin’ birge duwa eteyik
- Kishkene Isbilermenlik
- Ko’z qaras
- Ku’ndelikli Ruwxiy Aziq
- Muxaddes Kitap qaharmanlari
- Muxaddes Kitap Sabaqlari
- Qudaydin’ So’zi
- Ruwxiy Jen’isler
- Shan’araq O’miri
- U’y jiynalisi
- Xosh Xabar
- Qosiqlar
- Video
- Baylanıs