Ассалаума алейкум қадирли тууысқанлар. Эфирде сизлер ушын таярлаған еситтириуимизди баслаймыз.Мениң балам тауир болмай атыр.Хәр күни ыссылығы жудә жоқары көтерилиуи себепли, балам күннен күнге хәлсизленип баратыр.Оның ауырыуының себебин хеш ким билмей атыр. Хәр бир адам жақсы биледи адам денесиндеги ыссылықтың көтерилип кетиуи я болмаса тусип кетиуи, адамның ден саулыыгының бузылғанлығын билдиреди.Бүгинги саубетимиз адам денесиниң ыссылығы хаққында емес. Балким хәр биримиздиң руухый аухалымыз хаққкында хәр биримиз өзимизге сорау берип көриуимиз керек. Ийемиз Ийса Масийхқа болгғн мениң қарым қатнасым қандай? Мениң рухый өмиримде хәммеси жақсыма? Масихыйдың өмиринде ыссылықты өлшейтуғын ускене болып, уш сорау хызмет кылыуы мумкин. Мысалы биринши сорау: соңғы уақытлары хәр күни Мукаддес китапты оқыдыңызба? Гейбир тууысқанлар бул сорауға былай жууап бериуи мүмкин. Мен хәр күни Қудайдың сөзинен уаз еситемен, сонлықтан хәр куни оқыуым шәрт емес деп айтыуы мүмкин. Бирақ бир бет болсада, хәр кун Қудайдың сөзин оқыу бизлерге күш береди.Егер азанда денемиз ушын ауқат жемесек я болмаса чай ишпесек, күн дауамында өзимизди жаман сезиуимиз мүмкин. Басымыз аурып. Өзимизди жаман сеземиуимз мумкин. Қудайдың биримизге зарүр. Екинши сорау: Хәр күни Ийемиз Ийса Масийх пенен дууа етиу арқалы сөйлесип атырсызба? Бул қайсы уақытта болыуы әхмийетли емес кундиз болама я болмаса кештеме, бирақ көпшилик тууысканлардың айтыуынша. Ең қолайлы уақыт ерте таңда Себеби бизлер ерте таңнан Қудайым усы берген куниңди жарылқа ? бүгин мени хәмде шаңарығымды қорға деп айтып жаңа күнди басласақ жақсы Үшинши сорау;мен Қудай қәлегендей жасап атырманба?Әлбетте хеш биримиз кәмил инсан емеспиз Бирақ хәр бир адам Қудайга ылайықлы өмирде жасауы ушын хәрекет етиуи керек мине усы үшинши сорағга анық жууап алмақшы болсаңыз Қасыңыздағы досларыңыздан усы хаққында сорап көриң Жоқарыдағы еки сорауға хәр бир адам өзи жууап бериуи керек Егер Усы еки сорауға исеним менен ауа деп жууап бералмасаңыз демек рухый өмиримизде қандайда бир кемшилик хәм кеселлик бар екенлиги анық Егер усылай екен тез сизге хәм маған шыпа бериуши қуткарыушымызға айтың Соның менен бирге дәртлеримизгеде шыпа береди Қәдирли тууысқан усының менен бүгинги еситтириуимиз соңына жетти Сизлер менен кейинги еситтириулеримизге дейин хошласып қаламыз Хош сау болың.
- Bas bet
- Kitapxana
- Adamlardin’ Guwaliqlari
- Balalardin’ o’siwine ja’rdem beriw
- Hayal Waqti
- Iysanin’ Sha’kirti
- Kategoriyasiz
- Kelin’ birge duwa eteyik
- Kishkene Isbilermenlik
- Ko’z qaras
- Ku’ndelikli Ruwxiy Aziq
- Muxaddes Kitap qaharmanlari
- Muxaddes Kitap Sabaqlari
- Qudaydin’ So’zi
- Ruwxiy Jen’isler
- Shan’araq O’miri
- U’y jiynalisi
- Xosh Xabar
- Qosiqlar
- Video
- Baylanıs