Ассалаума алейкум хурметли радио тыңлаушы тууысқанлар. Сизлер менен жане радио толқынлары арқалы ушырасып турғанымыздан қууанышлымыз.Қадирли тууысқанлар, Хар бир Масийхқа исенген хам өз өмирин Оған тапсырған адам, Хамийше Кудай менен байланысын рауажлантырып барыуы керек. Балким араңызда базыбирлериңиз рухый семинарияда я болмаса басқа жерлерде оқыгғн болыуы мумкин. Я болмаса тез тез семинарларда қатнасып келген болыуы мүмкин. Бул албетте осиуимиз ушын үлкен жардем болады. Хар биримиздиң шын журектен Оған исенип рухый дарежемизди өстирип барыуымыз бул Қудайдың қәлеуи. Не ушын бизлер рухый кушли болыуымыз керек? Балким кимдир сизден бул хаққында өтиниш еткен шыгар? Я болмаса шопаныңыз сизге рухый өсиу тууралы айттыма?яқ, қадирли тууысқан, сиз буны кимдир мажбүрлегени ушын емес,Қудайды уллылау ушын қылың. Егер бир адам рухый кушли болса, шайтанның қарсылықларына. Азгырылыуына қарсы туралады. Сонлықтан рухый кушли болыу , хар бир тууысқанның өмири ушын әхмийетли. Рухый өмиримизди рауажлантырыу, бул Ийемиз Ийса Масийхты уйрениуден ибарат. Ол кандай жасаған болса,адамларга кандай карым- катнаста болган болса, бизлерде Ийемизден улги алыуды хамде басқаларға Ийемиз уйреткендей қарым-қатнас қылыуды Ийемизден үйренсек болады. Себеби, бизлер ушын улги болатуғын тек жалғыз Ийемиз Ийса болады. Барлық уақытта рухый өмириңиз өсиуи ушын дууа етиң.Жанеде бул хаққында дууа етиушилер топарына айтып дууа етиуиңизге болады. Хар биримиз өзимиздин рухый мутажликлеримизди Қудайға кандай да гүна болса, алды менен буннан азат болыуымыз керек.Себеби, хар кандай гүна Қудай менен қарым қатнас қылыуға улкен тосқынлық қылады. Бизлер былай ойлауымыз мүмкин, Қудайдың алдында барлық гүналарым ушын таубе етип кеширим сорасам, Қудай Өзиниң жарылкауын береди, рухый өмиримди рауажлантырыуғада жардем береди деп.Барлық уақытта Қудай көрсеткен тууры жолдан журиу, Оған бойсыныу, рухый өмиримизди рауажланыудың биринши қәдеми.Мухаддес китапта жазылған бир аят бар.» Енди ким Мениң бул сөзлеримди еситип, оларды орынласа, оны өз уйин тас устине қурган ақыллы адамға уқсатаман» Хүрметли радио тыңлаушы тууысқанлар бүгинги саубетимиз жуумағына жетти. Сизлерге Рухый өмиринизде бархәма беккем болынлар деп хошласамыз.
- Bas bet
- Kitapxana
- Adamlardin’ Guwaliqlari
- Balalardin’ o’siwine ja’rdem beriw
- Hayal Waqti
- Iysanin’ Sha’kirti
- Kategoriyasiz
- Kelin’ birge duwa eteyik
- Kishkene Isbilermenlik
- Ko’z qaras
- Ku’ndelikli Ruwxiy Aziq
- Muxaddes Kitap qaharmanlari
- Muxaddes Kitap Sabaqlari
- Qudaydin’ So’zi
- Ruwxiy Jen’isler
- Shan’araq O’miri
- U’y jiynalisi
- Xosh Xabar
- Qosiqlar
- Video
- Baylanıs