Ассалам әлейкум хүрметли радио тыңлаушы ыхласпентлер.Және сиз әзизлер менен менен эфир арқалы дийдарласып турғанымыздан жүдә миннетдармыз.Мен Жеңисбек микрофон қарсысындаман.
Хүрметли радио тыңлаушылар,егер римликлерге жазылған хаттың биринши сегиз бабына қарасақ,қутқарылыу жолының еки тәрепи ашық ашып берилгенин көремиз.Бириншиси – Қудай биз адамлардың гүналарын кешириуши болса, екиншиси – денемизде бийлик қылыушы гүнадан азат болыу жолы.
Усы китаптың басындағы бес бабы адамлардың хәр түрли гүнаға батқанлыгы,ақыбетинде Масийхтың күши менен калай кеширим алыуымыз мумкинлигин көрсек болады.Алтыншы баптан баслап болса бизлер, гүнакар адамлар, Масийх пенен бирликте кандай қылып атанақ ағашта шегеленгенимиз тууралы сөз болады.Усы хаттың басындағы бөлимлеринде Ийемиз Иса Масийхтың мухаддес қаны бизлерди кешириу ушын калай төгилгени хаққында айтылады.Хаттың екинши бөлиминде болса Қудай әмелге асырған , яғный Ийемиз Иса Масийхтың атанақ ағашы арқалы қылған хызмети хаққында, яғный бизлердиң Ийемиз бенен Оның өлиминде, көмилиуинде, хәм қайта тирилиуинде бирге екенлигимизди еслетеди.Кейинирек көриуимиз мүмкин, төгилген қан бизлер ислеген гүналарымызды, атанақ ағаш болса жаман әдетлеримиздиң жоқ болыуы ушын берилгенин көремиз.Әзиз радио тыңлаушылар ,ислеген гүналарымыздың ақыбети нелерге алып келеди?
Қудайдың көзиниң алдында бизлердиң гүналарымыз жууылыуы ушын Ийемиз Ийса Масийхтың төккен мухаддес қаны жүдә улкен әхмийетке ийе.
Мысалы Римликлерге жазылған хаттың 3:23 аятында жазылған « хәмме гүна ислеген». Буннан басқа , Римликлерге жазылған хаттың 5:8-9аятларында:» Бирақ, бизлер еле гүнәкәр болған уақтымызда Масийх биз ушын өлди.» Бул Қудайдың бизлерге болған сүйиспеншилигиниң белгиси. Сонлықтан, егер бизлер Масийхтың төгилген қаны арқалы ақланғанғанымыз себепли, Ол арқалы Қудайдың ғәзебинен қутылыуымызда анық, деп жазылған.Әзиз радио тыңлаушы , Қудай бизлерди сүйип, және Өзине қайтарыу ушын Ийемиз Иса Масийх анық сол қәтелерди шешти.
Бириншиден, Ийемиз Иса Масийх барлық уақытта Қудай алдында бизлерди ақлайды, жүрегимизге тынышлық береди, шайтанның хүжимлерин қайтарып, хәр бир перзентин қорғайды. Әзизлер, усыларды билип барлық уақытта алдынға адым атайық. Душпанлар Масийхтың мухаддес қаны күшли тәсирге ийе екенин билип алсын.Және радио арқалы ушырасқанша хош, сау болыңлар.