2:57

Жаңа күн

MP3

Таң атып киятыр,қуяш еле көтерилген жоқ. Әтирапта бирде бир сес еситилмейди. Иссы кофе ишкениме денем жылый баслады.Жерде еле уйқыдан оянғаны жоқ, бирақ жаңа күн басланып атыр.Бир нешше минутлардан кейин жаңа күн басланады.Қуяш көтерилиуи менен таңның тынышлығын адамлардың тәшуишлери бузады.Бул шауқымлар пикирлеримди бөлип жиберди.Киятырған 12 саат меннен өз ислерин талап етеди.Соның ушын хәзир қарар қылыуым керек.Қудайға шукир!Қудайдың Галготадағы қурбанлығы ушын мен таңлау хуқықына ийемен.Соның ушын мен…..

Сүйиспеншиликти таңлайман.Жек көриушиликти ақлап болмайды.Сонлықтан мен сүйиспеншиликти таңлайман. Бүгин мен Қудайды сүйемен. Себеби меннен алдын Қудай мени сүйди.

Мен қууаныуды таңлайман.Күнделикли өмиримде қапа болыуым ушын жетерли себеплер болады, бирақ мен хәр қандай жағдайларда Қудайды көремен.Биреулердиң қәтелериниң үстинен күлмеймен,ямаса қәтелерин бетине айтып айыплмайман.Буның менен ақмақлар шуғыллансын.Бүгин хәр бир адамға Қудайдың бендеси деп қарайман. Қыйын жағдайларда Қудайды түсиниуге хәрекет қыламан.

Мен тынышлықты таңлайман… Мен жасауым ушын, алдыңға қарай хәрекет етиуим ушын кеширим беремен. Әтирапымдағылар менен тынышлықта болыуды таңлайман. Мен сабырлы болыуды таңлайман…дүньяның тәшуишлерине итибар қылмайман.Мениң орнымды алғанларды ғарғамайман, керисинше оларды қоллап қууатлайман.Көп күткен болсамда налымастан, сол уақтымды дууа етиуге бағышлайман.Жаңа тапсырма алғанымда қолларымды муш қылмай, миннендаршылық пенен иске кирисемен.

Мен жақсылықты таңлайман….Натууры жол менен табылған пулдан гөре, пулсыз кун көриуди таңлайман.Кемситилиуди мақтау деп қабыл қыламан.Мен кеули жумсақ хәм мийримли болыуды таңлайман.Мен сабырлы болыуды таңлайман….Рухым өлгеннен кейин бул жердеги денемди тәрк етеди.Солай екен хәр қандай жағдай мениң үстимнен бийлик қылыуына жол қоймайман.Хәр қандай жағдайда қанаат етиуди таңлайман.Тек исеним қәлеулерин қандыраман. Тек ғана Тәңириме бойсыныушы боламан. Бүгин де кейин де тек Масийх устазым болады.Мен бүгин хәзирден баслап қанаатлы болыуды таңлайман.

Мен исенимди таңлайман… Илажсыз болып көринген жағдайларда да Қудайымның жарылқауына сүйенип исеним менен иске кирисемен. Бүгин мен өзимнин уәделеримди орынлайман.Кредиторлардың исенимин ақлайман.Кәсиплеслерим сөзлеримниң рас екенине гуманланбайды.Балаларымда ағасы үйге келмей қалыудан қорқпайды.Мениң садық екениме гүуа болады.

Мен кишипейилликти таңлайман.Күш пенен хеш нәрсеге ерисиуге болмайды.Мен кишипейил боламан.Дауысымды жоқары көтеретуғын болсамда,тек Қудайды алғыслау ушын көтеремен.Бармақларымды бирлестиретуғын болсам, тек дууа еткенимде бирлеседи.Қандайда бир нәрсени талап ететуғын болсам өзимнен талап етемен.

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top