3:26

Кудай Гиваны жазалайды

MP3

Ассалаума алейкум . Қадирданлар буннан алдын, мийримсиз журеги қатты болған.мүтажликте қалған адамға жаны ашымайтуғын адам хар қандай гүна қылыуга бейим екенлиги хаққында сөйлескен едик.Гива қаласынын халқын бизлер усындай адам мысалында көрип шыққан едик. Гивалы қала халқының тийкарғы бөлимин Бенямин урыуы қурайды.Якыптың улы Беняминниң урыуы я болмаса анық қылып айтатуғын болсақ, Ешуаның урыуы не себептен усындай жаманлыққа қол урды. Гивалық нийети бузық адамлар левий урыуынан болган адамның хаялын алып кетип, оны түни менен зорлады. Таң атарга жакын оны босатып жиберди. «Хаял таң сәхәрде хожайыны қонып қалған уйдиң қапысына келип жығылды хам қуяш шыққанша, сол жерде жатты» ( Бийлер 19:26 ) Таң сәхәрде куйеуи оны турғызбақшы болғанда, хаялы өлип қалған еди. Левий хаялынығ өли денесин ешекке жүклеп, уйине кайтты Соннан кейин оның өлигин 12 бөлекке бөлип таслады да,Израил урыуларына тарқатып жиберди. Израилликлер буны көрип, Гива қала халқының ислеген гүнасынан хабар тапты. Енди олар шара қоллауы керек еди. Мине енди Кудай Гива қала халқын Израилдың баска урыулары арқалы жазаламақшы. Кудай не кылды?Гив қала халқын қалайынша жазалады? Муқаддес китап былай дейди: «израил халқы бир жағадан бас шығарып, Ийемиздиң Алдында Миспахда жыйналды «…Израил халқы былай деди: – Бизлер былай қыламыз: Гивага карсы урыс қылыудан алдын, қалааға ким бастырып кириу кереклигин Кудайдан сорап шек таслайық» Хар қалай Израил халкының басқа урыулары Гивадағы Бенямин урыуындай Кудайдан узақласып кетпеген екен. Олар урыс баслаудан алдын Кудайдың еркин билиуди қәледи. Олар шек таслап, Кудайдың пикирин билмекши болды. Олар усындай қарарға келди: «Израил халкының оннан бир бөлеги әскерлерди азық- ауқат пенен тамийинлеп турады. Ал қалғанлары Беняминлилердиң Гиба каласына барып, Израилда ислеген уят иси ушын жазалайды.» (Бийлер 20: 8-10 ) Израиллылар Байт-Элге барып. Кудайдан: « Беняминлилер менен урысыуға бизлерден ким биринши болып барады?- деп сорады. Жараткан Ийе оларга: « Биринши болып яхудалылар урыска шығады» – деди . Есинизде болса Ийеимиз Ийса Масийх яхуда урыуынан шыққан еди. Яхуда урыуы гүнаға қарсы гүресетуғын Ийса Масийхтың белгиси Сол себепли Кудай яхуда урыуын таңлады. Израил әскерлери Гибаға жакын келгеннен кейин Жаратқан Ийеден: Тууысқанларымыз болған беняминлилер менен жане урысыуга шығайықпа? Деп сорады. Жаратқан Ийе оларға:- Ауа , оларға қарсы урысынлар,- деди. Бул Кудайдың Гибалыларға – Бенямин урыуының кылмысына жараса жазасы еди Жудә үлкен урыс болды.Бенямин урыуы жеңилиске ушырады.Израил әскерлери Бенямин қалаларына қайтып барып, қалалардағы адамларды, малларды хам дус келгенниң хаммесин кылыштан өткерди. Солай етип, Бенямин урыуына не болды. Олар қырылып кеттиме? Қадирли тыңлаушы Бенямин урыуына не болганы менен қызықсаныз, кейинги саубетимизди өткерип жибермең. Бизледиң www/danaliqcom сайтымызға хамде dannaliqcom телеграм каналымызға кириң.

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top