3:36

Гива қаласының халқы

MP3

Ассалаума алейкум қадирли тыңлаушы.Яқыптың 12 улы болғанын билесизбе?Онын ең кишкене улы Бенямин еди .Бийлер дауирине келип Яқыптың хар бир улыынан толык бир улкен урыу пайда болды Енди .олардын өзлери улкен бир халыктай болып қалған еди. Жергиликли жасаушы халққа қарап, халқтың қандай екенлигин билиуге болады. Бугинги саубетимизде Гива қаласының халқын Бенямин каласы халқының өориниси деп билемиз. Олардың өмирине толық бир тулға сыпатында қараймыз.Израйил халқы Муусаның басшылығында Мысырдаан шыққанда, шөлде Кудай менен бирге жүргенде, Ешуаның басшылығында Канон жерлерин ийелегенде Кудайды еслеринен шығармаған еди. Бирак Канон жерлерин өзлестирип, хар бир урыуға өз алдына жер бөлип бергеннен кейин, олар бир биринен узақласа баслады. Бир бирине ага ини, агайин екенлигиин умытты. Олар бир бири менен аркайын урысатуғын, бир бирин тонайтуғын болып калды. Бундай гүна оларды Мысырдағы қуллықтан алып шыққан, мийрим көрсеткен Кудайды ғазеплентирди.Усындай гүнаға қол урғанлардың биреуи Гива қаласының халқы еди. Гива халқы хаққында буннан алдынғы саубетлеримизде еситкен болсаңыз керек. Демек, Гива қаласының халқын бир адам деп билетуғын болсақ, оның қандай болғанын қалай билемиз. Мукаддес китап былай де айтады«Левий урыуынан болган бир адам хаялы, еки хызметкери менен…Гивада қонып қалмакшы болды. Сол уакыттың үрп әдети бойынша бир жерден басқа жерге баратырған адам кеш болып қалған болса, жолына жақын болган қалага я болмаса ауылдың майданына келип отырар еди. Қала ямаса ауыл халқынан биреу оларды көрип қалса, уйине мират етер еди.Усындай әдетке әмел қылып левий урыуынан болған бул адам, хаялы, хызметкерлери хам ешеклери менен Гива майданында турар еди.Бирақ оларды хеш ким мират етпеди.Балким хеш ким оларды көрмеген шығар деп ойлайсызба?Ондай болыуы мумкин емес.Бизлер сондай деп шама қыламыз. Гива қаласынын халкы оларды көрседе уйлерине мират етпеген. Демек бул қаланын халқының журеклери қатып кеткен, адамғершилик, миймандослық.мийримлилик, басқа бир адамның аухалына ашыныу хам шериклес болыу сезимлери жоқ болып кеткен. Егер усындай адам болса, ол адамнан турли нарселерди кутиуге болады.Кудайдың жолынан узақласкан бундай адам хар кандай жаманлыққа екиленбестен, ойланып отырмай қол урады, Тива қаласының халқы бул мийманларды көрген, дегенимизге себеп бар.Гивалықлардан хеш ким мират епепеседе, Эфрайымның таулы улкесинен келип қалған бир гарры оларды уйине мират етти. Бирак олар аукатланып. дем алып отырғанда, қаласының нийети бузык адамлары уйди қоршап аалды. Солай етип олар гаррының уйине не мақсетте келди.Буны Муқаддес китаптан билип аламыз: «Сениң уйине келген адамды сыртқа шығар бизлер оның менен жатайық» Бирақ олар левийди емес, оның хаялын алды.Адамлар түн бойы хаялды зорлап, оның намысына тийди хам таңға шамалас оны жиберди. Ол хаял буған шыдамай өлип қалды. Солай етип Гиа қаласының гүнасы жазасыз қалама?Егер www.danaliq.com сайтымызга я болмаса danaliqcom телеграм каналымызга кирсениз хамме сорауларынызға жууап аласыз Ийемиздиң мийрими хамменизге яр болсын

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top