Мухаддес Руух Қудайдың Муқаддес жазыуларын жазыуға илхәм беретуғын айырықша тулға . Тимутийге жазылған хаттың 3 бап 16 аятты оқып көрсек солай жазылған “Өйткени хеш бир пайғамбаршылық сөзи адамның қәлеуи менен айтылған емес. Ал Мухаддес Руух тәрепинен басқарған адамлар Қудайдың сөзлерин айтқан” 2 Петр биринши бап жигирма биринши аятында хәм Таурат китабы 2 Патшалықлар 23 бап 2 аятыда усы хаққында айтады.
Бизлер өзлеримиздиң гуналарымызды билиуимыз ушын бизлерге Мухаддес Руух керек еместей туйилиуи мумкин . Бирақ Ол бизлерди гүнада хәм Қудай талап еткен тек Ийса Масийх арқалы табыуымыз мумкин болған хақлықтиң путкиллей жоқлығын әшкаралау ушын жудә керек. Тап оның өзи бизлерге атанақ ағашта болған нәпәклер устинен хукм хаққында хабар береди. Адамлар көбирек алданатуғын буннан басқа мәселе жоқ. Бизлердиң көпшилигимиз өзлеримиз хаққында ылайықлы болыуға сазауар болғанымыздан жақсырақ пикирдемиз. Тек ғана өзлеримиздиң ашшы тәжрийбемизден Кутқарыушының бизлерге қаншалық керек екенин тусинемиз.
Оған хақыйқый мутәжлик ушын оны излеймиз сонлықтан бизлер Мухаддес Руухқа Оның бизлердиң гуналарымызды әшкара еткени ушын миннетдар болыуымиз керек! Болмаса бизлер өзиниң кесселигин ойламайтуғын өлим тосегиндеги адамға уқсап калар едик. Бундай адам өзиниң кесселиги хаққында билсе , шыпаланыу жолын аңсат тауар еди . Муқаддес Китаб жәрдиминде Мухаддес Руух гунакарда исениуи ушын жаңа ой-пикир хәм Қудайдың хақыйқатлығын суйиу ушын жаңа журекти жаратады .
Ийса оған былай деп жауап берди :“ Саған шынын хақыйқатын айтаман кимде ким кайтадан тууылмаса, Қудайдың патшалығын көре алмайды. Басқаша қылып айтқанда шыпакер ауырыу адам ушын қылған нәрсени Мухаддес Руух гунакарлар ушын қылды . Стол устинде дәри турыпты , бирақ оны қалай қабыл қылыуымыз керек ? Кимдир оны аурыу адамға бериуи керек . Көзимиздиң алдында өлейин деп атырған жан турыпты . Масийх бул жанның қутқарыушысы, ақлаушысы . Өзиниң канын атанақ ағашта төгип , Ол бизлердиң орнымызға төлем төледы . Бирақ гунакар адам бул төлемге қалай ерисиуи мумкин? Оны ешейин кеширим алыу жолына қалай салсақ болады ? Масийх сатып алған кеширимди бизлер Мухаддес Руух жардеминде аламыз. Қудайдың Руухынан хәм оның сөзинен тууылған уақытта адам Мухаддес Рух пенен шомылдырыуды қабыл қылады , ол Масихқа тийисли болады . Сонлықтан исениуши адам Руух пенен шомыладырылыуды , излемейды себеби ол оны әллеқашан алған “ Себеби бизлер ким болыуымызға қарамай , яхудий болсақта , грек адам болсақта , хәммемиз Масихтың денесы болыуымиз ушын, бир Мухаддес Руух тәрепинен шомылдырылдық. Қудай бизлердиң хәммемизге бир Мухаддес Руухты берди “ Коринфлилерге жазылған 1 хаттың 12 бап 13 аят.
Мухаддес Руух гунәхкарды тирилтиб хәм оны Масийхқа тийисли қылып ғана коймай оның ишине киреды хәм ол сол жерде мәңги жасайды. Ол исениуши адамды мөрлеп соның менен бирге оның Қудайға тийисли екенлигин хам хеш нарседен қорқыу керек емес екенлигин көрсетеди Эфесликлер 1 бап 13 аят Хақыйқат сөзин, яғный қутқарылыу хаққында Хош хабарды еситип, Масихқа исенгениңизде, сизлер де уәде етилген Мухаддес Руух пенен мөрленип, Қудайға тийисли болдынлар.