Ассалаума әлейкум хурметли радио тыңлаушылар . Сизлер менен жəне Муқаддес китапты уйрениуди дауам етемиз . Қудайдың адамларына қарата айтылған айыплауларының бири былай дауыс шыгарады; себеби олар Қудайды тəн алған болсада, Оны Қудай сыпатында уллыламады хəм Оған олардың парасатсыз ой-пикирине жауызлық тусти. Римликлерге жазылған хаттың 1 бап 22 аятында “Өзлерин ақыллымыз деп санап, ақмақ болып шықты:” Қудай аянда берген хақыйкатты уйренгениңизде , сиз оны қабыл етесиз я болмаса қабыл етпейсиз . Олар сизлердиң өмириңизге сиз қаншелли киргенин көриуиңиз ушын өз-өзиңизди сынап көриң . Буны тест арқалы əмелге асырыу мукмкин.
Хурметли тыңлауши, сизлер Қудайдың алдында путкиллей таза болыуға хəрекет қылың . Оның ушын бир неше сорауларды өзиңиздиң алдыңизға койың . Усы сорауларға хақыйқаттан жууап бериуге хəрекет қылып көриң . Төменде сизлер ушын бир неше сорауларды улги сыпатында айтып өтиуды мақул көрдик. Дыққат пенен еситиуге хəрекет етиң. Усы берилген сорауларға ауа я болмаса яқ деб жауап бериң. Уақыттың өтиуи менен өзиңизде, усыған уқсас сорауларды жазып өзиңизди сынап көриуңизге болады. Биринши сорау соннан ибарат: Адамзат гунəхкар, соның ишинде менде. Мен буның солай екенлигин билемен, себеби гунəниң тəсирин өзимниң өмиримде көремен .Өлим- гүнә ушын жаза. Өлимнен кейин хукм болады. Мен Қудайдың Мухаддеслигине хəм оның гүнаны жазалауына исенемен. Егер мен Масийхты қутқарыушым деб қабыл етпесем, өлгенимнен кейин гүналарым ушын жаза аламан . Ийса Масийх Қудайдың улы. Гүналарымыздан қутқарыу ушын Ол адам улы болды, мен Ийем Ийса Масийх дуньяға гүнахкарларға қутқарылыу бериу ушын келгенине исенмен. Ийем Ийса Қудайдан келген Пайғамбар ,Руханий хəмде Патша . Сизлер бул барлық сорауларға дəлиллеуши жауап бериуге таяр болуыңиз керек.
Егер сизлер буны қылалмасаңыз , Қудайдан бул хақыйқатты əмелде кылыу ушын күш сорап , дууа етсеңиз болады. Сиз дууа еткениңизде өмирңизди толық Мухаддес Руухқа тапсырың , ол сизлерди толық басқарсын, себеби Мухаддес Руух Қудайдың тулғасының бири. Мухаддес Руух базибир жалған устазлар талқын қылғанындай, əйтеуир бир тулғасыз куш болмастан анық Қудайдың тулғасының бири. Оның атлары оның Тулға хəм Қудай екенлиги хаққында гууалық береди. Сөзимиздиң далийли сыатында сизлерге төмендеги бир неше аятларды айтып өтпекшимен
Матто 28 бап 19 аят: .хәм 2 Коринфлилерге 13 бап 13 аят: “Ийемиз Ийса Масихтың мийрими, Қудайдың сүйиспеншилиги ҳәм Мухаддес Руўхтың шериклиги ҳәммеңизге яр болсын!” Бул сөзлердиң жазыуларда ислетилиуи Мухаддес Руухтың Əке хəм Ул менен бир болған Тулға екенлигин дəлилейди. Ол алдынғы өткен дəуирде Қудайдан қорққан адамларды ислетип Мухаддес Рух бизлерге Муқаддес китапты берди .Мухаддес Рух Қудайдың муқаддес жазыуларын жазыуға илхам берген айрықша Тулға 2 Тимоти 3 бап 16 аятында былай жазылған “Муқаддес Жазыўлардың ҳәммеси Қудайдың Мухаддес Руўхының илҳамы менен жазылған болып, тәлим бериў, әшкаралаў, дүзетиў ҳәм ҳақыйқатлық бойынша тәрбиялаў ушын пайдалы.” “Хеш бир пайғамбар өзиниң инсаний қалеуи менен пайғамбаршилиқ қилған емес “.Хамийше Қудайдың жарылқауы сизге яр болсын. Кейинги еситтириуимизге дейин хош болың, саламат болың.