3:39

Муқаддес Китапты үйренемиз 24

MP3

Жазыуларда Иса Масихтың патша екенлиги хаққында көп айтылады.Бул хәр тәреплеме тууры тәрийпленгениниң белгиси.Ол биринши рет жер жүзине келгенде Оны Патша деп жәриялады.» Ийса патша Хирод дәуиринде ,Яхудияның Бәйтләхим қаласында тууылғаннан кейин,шығыстан Қуддысқа жулдыз изертлеушилер келди.Олар: Яхудийлердиң патшасы болып тууылған бала кайжерде? -Деп сорады.Шомылдырыушы Яқыя уаз айтып баслағанында Қудайдың Патшалығы жақын екенин жәриялады.Ийемиз Ийса Масийхта тап сол хабарды алып келди.Өзиниң жер жүзиндеги хызмети жумақланыудан бир аз уақыт алдын,Ески келисимдеги пайғамбаршылықлар орынланыуы ушын,Масийх Өзиниң Патша екенлиги хаққында жәриялады. Матта китабында усындай аятты көриуимиз мүмкин.»Бул пайғамбар арқалы мына сөзлердиң орынланыуы ушын болды:« Сион қызына айтыңлар:Мине,сениң Патшаң жас ешекке минип, Кишипейиллик пенен саған киятыр.» Израил халқы Оннан жүз бурды хәм Ол »Яхудийлердиң Патшасы»сыпатында атанақ ағашқа шегеленди.Оннан жүз буратуғынлығын алдыннан билип турып бутқа табыныушылар да кире алатуғын ибадатхананы қурыу нийети хаққында жәриялады.»Солай етип,жаңа тәбиятқа ийе адамлар арасында грек хәм яхудий,сүннетли хәм сүннетсиз, варвар хәм скиф, қул хәм азат адам болып бөлиниу жоқ Ал ең әхмийетлиси исениушилерде жасайтуғын Масийх ғана бар.» Бул сөзлерди колос 3:11 де оқыуымыз мүмкин Өз жерине келди, бирақ Өз халқы Оны қабыл етпеди. Бирақ Ол Өзин қабыл еткенлерге, атына исенгенлердиң,хәммесине Қудайдың балалары болыу хуқықын берди.» Юхан 1:11-12. Масийхты Муқаддес Китапта «Ибадатхананаң Патшасы» деп атамайды . Оны«Бас» деп атайды. Оның Өзине тийисли болғанлар үстинен толық бийлиги бар екенлиги анық. Ол-Оған бойсыныу керек болған Қудай.»Пүткил барлыкты Оның аяклары астына койды.Оны хамме нәрседен жоқары қойып, Исениушилер жәмийетиниң басы қылды. Исениушилер жәмийети Масийхтың денеси болғаны ушын,толықлыққа ийе.Себеби Масийх пүткил барлықты толықлығы менен толтырып турады». Тек Масийхтың душпанлары ғана Оған хақиқаттан тийисли болған бийликти тән алмайды. Ол бул хаққында матәлда айтылған:»Бирақ оған қараслы пухаралар оны жек көретуғын еди.Сонлықтан оның изинен уәкиллер жиберип:Оның бизлердиң үстимизден патша болыуын қәлемеймиз».- деп айтып қалыпты.Лука 19бап14аят. Масийх Өз патшалығын орнатыу ушын және жер жүзине қайтып келеди. Ески келисим хәм Жаңа келисимниң пайғамбаршылыкларында айтылған.Қудайдың мақсети де сондай.»Ийемиз пүткил жер жүзиниң Патшасы болады;сол күни Ийемиз хәм Оның аты да Жалғыз болады.» Оның патшалығы уақтында пүткил дүньяда хақлық, тынышлық болады.»Қасқыр менен қозы бирге отлайды,арсылан өгизге усап пишен жейди,жыланға көк шөп азық болады; олар Мениң Мухаддес тауымда хеш қандай зыян келтирмейди.»Масийхтың мың жыллық патшалық дәуиринде хамме Оны Патшалардың патшасы, Хакимлердин Хакими деп тән алады.

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top