3:34

Муқаддес китапты уйренемиз

MP3

АҚШтың қубла тәрепинде көшпели қумлары болып көпшиликтиң өмирин алып кеткен сахра бар. Бир нешше жыл бурын мыңлаган саяхатшыларға бул жудә кауипли жерден хеш қандай кәуип кәтерсиз өтиуге болатуғын жудә кымбатка тускен жол курылған еди.Адамлар аспанда мәңгиге болыуы ушын оларды өлимнен шетлеп алып өтиу-Масийхтың мақсетлериниң бири еди.Оның хызмети,беретуғын мийримлилиги Масийхты иман менен қабыл қылғанлардың хаммесине бериледи.Ақланыуымыз ушын Ийемиз Ийса Масийх пайғамбар,руханий хәм патша сыпатында үш хызметти орынлады.Көпшилик Масийхты пайғамбар деп биледи. Пайғамбар бул Қудайдың елшиси яғный оған берилген хабарды бар дауысы менен жәриялаушылар.Соның менен бирге келешек хаққында алдыннан сөйлейди. Мухаддес Руухтың жетелеуи менен журген Петр Масийхты,Мууса Ол тууралы жазган Уллы Зат екенлигин айтады. Өйткени Мууса Ол хаққында былай деген еди: *Қудай Ийемиз сизлер ушын туысқанларыңыздың арасынан мен сыяқлы бир пайғамбарды шығарды.Баарлык ислеринизде не айтсада, Оған кулак салынлар. Усы аятты елшилер китабының 3-бабы 22аятында көриуимиз мүмкин. Ийса Масийх пайғамбар болып турып, бизлерди гүналарымыз ушын,жазадан қалай қутылыуымыз мүмкинлигин көрсетти. Ийса шәкиртлериниң алдында бул китапта жазылмаған басқада көп кәраматлар иследи. Бирақ булар сизлердин Иса Масих,Қудайдың Улы екенине исениуиңиз ушын хәм исенип Оның аты менен өмирге ийе болыуыңыз ушын жазылды Юхан китабы 20:30-31 аятлар. Егер бизлер Қудайдың сөзин оқысақ қалай қутқарылыуды билемиз, себеби Сөзде анық усы хаққында жазылғанын көриуимиз мумкин.Қудайдың сөзи түсиниуге, оған исениуге хәм бойсыныуға жәрдем беретугын Мухаддес Руухтың жәрдемисиз оқысак пайдасы аз болады.Бизлер Муқаддес китапты,Мухаддес Руух бизлерди үйретиуин сорап дууа етип оқыуымыз керек.Ол жоқарыдан келген,хәр бир масийхыйдың уллы устазы. Муқаддес Китаптың Масийх бүгинде пайғамбар болыуды дауам еткени хаққында гууалық берген жерлери Аян китабының 1-3 бапларында жазылған. Енди бул жерде Ол Өзиниң уллылыққа ерискенинен кейин Азиядағы жети жәмиетке сөйлеген уақты сәулеленеди.Ол оларға тапсырмалар береди хәм келешегин алдыннан айтып береди. Себеби Ол хәмме нәрсени алдыннан билиуши. Руханий бул Қудай менен адамлар арсында жарастырыу хызметин орынлап, олардын уәкили,олардың гүналары ушын курбанлық келтириуши,олар ушын корғаушы адамлар. Ийемиз Ийса Масийх Мухаддес Китапта әсиресе Еврейлерге жазылған хатында бизлердиң Бас руханийимиз сыпатында сәулеленеди.Ол-бизлердиң гүналарымыз ушын минсиз қурбанлық келтире алған Жалғыз руханийимиз *Ол мәңгиге тири болып, Қудайдан олар ушын өтинип сорайды. Бул аятты Еврейлерге жазылған хаттың жетинши баб жигирма бесинши аятында окыймыз.*Ол хаммемиздиң Бас руханийимиз болыуын қәлейди.Хурметли тыңлаушы, егер Масийхқа рухсат берсеңиз Ол барлық уақытта сиздиң өмириңизди басқарыуға таяр.

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top