Хаял тәбияты назик болыуына қарамастан, еркеклердиң қолынан келмейтуғын жумысларды ислей алады. Мухаддес китапта жазылғанындай мийнетти сүйетуғын хаял минсиз хаял болады екен. Бундай хаял хожалық ошағында жаратыушылық қылады, басқарады хәм хожалықтағы мийримди хәм сүйиспеншиликти сақлап түрады. Ол сатады хәм сатып алады, атыздағы жүзимлер менен егинге қарайды, тигеди
. Ол өз мийнетиниң жемисин сатады. Бул күшли, дана хаял ерте азанда түрады күн батқанша мийнет қылады. Ол мийнет қылыудан тысқары хожалығына да ғамхорлық қылады, басқаларға жәрдем береди. Күйеуи ол менен мақтанады. Егер хәр бир хаял сондай болыуға умтылар екен оған ердиң жәрдеми керек болады.
Жүдә көп хаяллар ислейди, бирақ хәр бириниң ислери хәр түрли бахаланады. Көпшилик хаяллар хожалығының бюджетине пайда келтириу ушын жумыс ислейди. Басқалар болса сол ислеп атырған жумысы унағаны ушын ислейди.
Көпшилик хаяллар ушын үй жумыслары хәм перзентлер тәрбиясы ең мүхим жумыс есапланады. Бул жумысты хәр дайым жақсы ислеуге хәрекет қылады. Хаял қандай жумыс ислемесин өз жумысы менен күйеуине барекет келтириу хәм оны қууантырыуға хәрекет етеди. Оның бул хәрекетлерин қәдирлеген күйеулер жәрдем бериуи керек. Егер күйеулер өз хаялларының хәрекетлерин, мийнетлерин көрип оларды қоллап қууатласа, хаяллар будан разы болады. Олар өзлерине жоқары қойып, күйеулерин менсинбейтуғын болып кетпейди.
Хаял хәр қанша жеңиске ериссе де, хәр дайым күйеуиниң жәрдемине мүтаж болып қала береди. Бундай гезде хаялдың алдында күйеудиң абройы түспейди. Хаял хәр дайым қылып атырған ислерин қәдирлеулерин қәлейди. Егер еркеклер хожалықта хаяллардың қаншама жүдә жақсы хәрекет қылап атырғанын көрсе, әлбетте хаялын қууантырыу керек. Қандай қылып болса да қууантырыу мүхим. Үлкен сауға болыуы шәрт емес, итибар менен сауға қылынған кишкене нәрсе де хаялларды қатты қууантырады. Ямаса хақыйқый мақтау хәм күйеуиниң ол хаққында айтқан жақсы сөзлери оларға күш келтиреди. Қууанышқа толған хаял хәр гездегиден де жақсырақ хәрекет қылыуды баслайды.
Хаял хәр жумысты қылыуына қарамастан, күйеуиниң жәрдемине мүтаж болады. Күйеулер оларды рухый қоллап-қууатлап түрса, хаялдың өзине болған исеними арта береди. Үй ислери, перзент тәрбиясы олар ушын хәм кәсиби бойынша ислеуи хаялды хәдден тысқары толықтырады. Әлбетте үй ислери хәм перзент тәрбиясы олар ушын мүхим ис деп есапланады. Соның ушын да олар усы ислерди налымай қылады.
Бул оларға Қудай тәрептен берилген жууапкершилик. Бул жууапкершиликити олар бир өмир налимай қууаныш пенен орынлайды. Бирақ бул ислер еркеклер ойлағандай аңсат емес. Бул жумысларды тек хаял адам ислей алғаны ушын да Қудай оларға сондай уазыйпа берген. Мийнеткеш хаял бир уақыттың өзинде бир неше жумысларды қылыуы мүмкин. Хәм хәммесин кемшилисиз орынлайды. Бундай хаял хәтте кесел болса да тыныш дем ала алмайды. Буған үйренбеген. Ол бәрқулла хәрекетте болыуды қәлейди.
У доимо ҳаракатда бўлиб туришни истайди. Бундай хаялға ийе болған хәр бир еркек сөзсиз бахытлы болады. Хаялдың ауырын жеңил қылыу ушын еркектен көп нәрсе талап қылынбайды. Азырақ итибар менен бир ауыз мазалы сөз болса болғаны. Усылар хаялға жанар май болып хызмет қылады. Бирақ бундай хаяллардың күйеулери оларға дем алдырыу үсылын ойлап табыуы керек болады. Себеби бундай хаял өз жууапкершилигинен келип шығып дем алыуға уақтым жоқ деп ойлайды. Бирақ бундай хаял басқалардан гөре көбирек дем алыуға мүтаж болады. Соның ушын хаялыңыздың мийнетин қәдирлең. Хәм Қудайдың Сөзинде жазылғанындай Ийса Өз жәмәәтин сүйгениндей, күйеулер, сизлерде өз хаялыңызды тап солай сүйеуге шын жүректен ымтылың! Жаратқан Ийемиз бәршеңизге яр болсын! Хош сау саламат болың!