4:04

Хаял хәм Қудай

MP3

Қудайдың хаялға болған қарым-қатнасы қандай. Қудай еркекти хаялдың басы қылып жаратқан. Дүнья пайда болғалы бери көбинесе еркеклер инсанларды Қудайға шақырыуға бириншилерден болған. Пайғамбарлар да еркеклерден таңланған. Бирақ бул хаяллар бул исти қыла алмайды дегени емес. Пайғамбарлыққа хәм патшалыққа тек еркеклерди таңлаған екен, демек Қудай тек еркеклер менен байланыста болған екен да деп ойлау да дурыс емес болады. Бул үстиртин қарағанда сондай көриниуи мүмкин. Бирақ Мухаддес Жазыуды жақсылап оқып шықсаңыз бундай емес екенине гууа боласыз.

Қудай Ибрайым пайғамбарға қартайып қалғанына қармастан, Сарадан перзент көресең дегенинде, Ол бул үәдени Сара ушын да берген еди. Бизлер бул үәде тек Ибрайымға берилген деп ойласақ қәте қыламыз. Ол Сараны да жүдә жақсы билер еди. Сара да Ибрайымнан еситкени бойынша, Ибрайымның Қудайына исенер еди. Сара Қудайына исенип, узақ хәм сабырлық пенен кутти. Қудай Ибрайымға үәде қылғанындай Сараға перзент берди. Ибрайым Қудай берген үәдесин орынлауға қәдир деп исенер еди, Сараның да буған исенгени анық. Сара тири Қудай хаққында ери Ибрайымнан еситкен болса да, жыллар дауамында оның Қудай хаққындағы билимлери өсип, Қудай менен қатнасы да беккемленип барған.

Мухаддес Жазыулардың биреуинде жазылғанындай, Ески Келисимде судьялар дәуиринде Қудай бир хаялды судьялыққа таңлаған. Ол хаялдың аты Дебора еди. Дкбора мәрт, батыр хәм Қудайға бойсынатуғын әдил хаял болған. Одан алдынғы судьялардың бари еркеклер еди. Бирақ Қудай Дебораға бул исти исенип тапсырған. Дебора өз жумысын жүдә жақсы ислеген. Сол дәуирде патшалар болмаған, халықты судьялар хәм пайғамбарлар басқарған. Олар халыққа Қудайдың жол-жүрықларын жеткерип түрған екен. Дебора болса хәм пайғамбар хәм судья болған деп Мухаддес Китапта жазылған. Судьялар Қудайдың жол-жүрықларын халыққа жеткериуден тысқары халқтың арасында пайда болған келиспеушиликлерди де шешип берген.

Бундай ис ушын болса адамнан үлкен батырлық хәм даналық талап қылынады. Қудай Дебораны таңлаған екен оны усы иске ылайық деп тапқаны ушын таңлаған. Ол Қудайға бойсынып халықты 40 жылдан көбирек уақыт дауамында жүдә жақсы басқарған. Будан көринип түрыпты, Дебора Қудайға қатты исенген хәм Қудай менен жақын қарым-қатнаста болғаны. Ол Қудайдың Сөзлерин халыққа жеткериуши пайғамбар хаял еди да. Қудай менен сәубетлесиу қандай жақсы! Қәдимде Қудайды сүйген хәм Оның еркин өзин тапсырған хаяллардан және биреуи Рут.

Рут тири Қудайды билмейтуғын халық арасында өсип үлкейди, бирақ олардың елине тири Қудайды таныйтуғын хожалық көшип келип, Рут сол хожалыққа келин болып түсти. Бирақ көп өтпей, биринши қайинатасы кейин болса күйеуи менен қайнағасы да өлди. Қатты куйинген қайинене өзиниң елине кетиуге шешим қабыл қылды. Үлкен келин де ата-анасының үйине кетти, бирақ Рут қайненесине: “Сиз қай жерге барсаңыз, менде усы жерге бараман. …сиздиң халқыңызды өзимниң халқым, сиздиң Қудайыңызды өзимниң Қудайым деймен”, – деди. Оның не ушын сондай дегенин билесизбе. Ол бул хожалықта жасаған жылларында хожалық ағзаларынан Қудай хаққында жүдә көп еситкен. Ол сол еситкен тири Қудайға исенди хәм қайненесиниң Қудайын өзиниң Қудайы деп қабыл етти. Қудай оны исеними хәм қайырли ислери ушын сыйлады. Ол кележекте Патша хәм Пайғмбар Дауыттың әжеси болды. Қудай оны сондай даңққа бөледи. Бул сәубет сизге мақул келди деген үмиттимиз.

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top