4:14

Самариялық хаял

MP3

Ассалаума алейкум қәдирли тыңлаушы тууысқанлар. Мухаддес китапта атлары жазылған хаяллар хаққында сәубетимизди дауам еттиремиз. Бүгин итибарыңызды Мухаддес китапта Ийса Масих пенен тартысқан Самариялық хаял хаққында кеңрек мағлумат бериуге хәрекет қыламыз. Бул хаял Ийса Масих Самариядан өтип баратырғанда қудық алдында тоқтап суу ишейин деп атырған уақытта ушыратқан хаял хаққында. Бул хаялдың аты да жазылмаған.

Самариялық хаял уақыясын үш бөлимге бөлсек болады. Ийса Яқыядан гөре көбирек шәкирт арттырып жүрипти, сууға шомылдырып атыр, деген хабар пәрийсейлердиң қулағына жетип барды. Сол уақытта, халқты Ийсаның Өзи емес, шәкиртлери сууға шомылдырып атырған еди. Бул хабар пәрийсейлердиң қулағына жетип барғанын Ийса еситип, Яхудиядан кетип қалып, және Жалилаға жол алды. Ол Самариядан өтиуи керек еди. Сндай қылып, Ол Самарияның Сихар деген қаласына келди. Бул қала Яқып өз улы Юсупке берген жерге жақын еди. Яқыптың қудығы да сол жерде еди.

Сизлердиң пикирңизше, Ийса тоссаттан бул жолдан жүрген бе? Ол еврейлер самариялықлардың жерлеринен өтпеслигин билетуғын едиғо?! Ийса Масийхтың қандай екенин жақсы билсеңиз, бул хаял менен ушырасыу ушын жортаға усы жолдан жүргенин билип аласызлар. “Жол жүрип шарсаған Ийса қудықтың қасында отырды. Шама менен тал түстиң уақты еди. Сол уақытта Самариялы бир хаял суу алыуға келип қалды. Ийса оған: “Маған ишиуге суу бер” деди. Ийсаның шәкиртлери болса ауқат сатып алыу ушын қалаға кеткен еди. Самариялы хаял Оған былай деди:

“Сиз еврей болсаңыз, мен болса Самариялы хаял болсам, қалай етип Сиз меннен суу бер деп сорап атырсыз?! (неге десеңиз, Самариялықлар менен еврейлер қарым-қатнас қылмайтуғын еди). Итибар брген болсаңы, күнниң қақ ортасында хәм жанып түрған гезине тууры келген гезинде ушырасып қалған. Және билесизлер хаяллар әдетте сууға бир өзлери бармайды.

Одан тысқары бул хаялдың еркеклер менен тартынбай сөйлестуғын хәм көп сөйлетуғын хаял екенин билиуге болады. Масих пенен сәубетлесип, Оның шыны менен де күтилген Масих екенин билгеннен кейин, ауылына қайтып барды. “Сол гезде Ийсаның шәкртлери келип қалды. Оның бир хаял менен сөйлесип атырғанын көрип хайран болды. Бирақ биреуи де: “Не қәлейсиз?” ямаса “Неге бул хаял менен сөйлесип атырсаң?” деген жоқ.

Хаял гүзесин сол жерде қалтырып, қалаға барып, адамларға деди: “Жүриңлер , бир Адамды көриңлер. Ол мениң қылған хәмме қылмысларымды айтып берди. Сол Масих емес пекен?” Егер оның Масих пенен сәубетин оқыған болсаңыз, бул хаялдың еркеклерге деген хәлсизлиги болғаны, оның жүреги нени излегенин билип аласыз, неге хаяллар күйеулеринен айырылып, басқа еркекке тийеди? Тек кеуили қәлеген нәрсеге ерисе алмаған хаяллар, бир нәрсени излейди.

Бирақ бул хаял Ийса Масийхты ушыратқаныдан кейин, кеуили излеген нәрсени тауды. Ол соншама қууанғаныдан, ол жамияттың ең сарқыт хаялы, яғный жеңилтек хаял болғаны ушын, ол менен хеш сөлеспейди, оған жеркениш пенен қарайтуғын еди. Ол да буны билген, бирақ кеулиндеги қәлеген нәрсеге ерискеннен қууанып, адамлар менен ортасындағы жарлықты хәм сууықлықты умытып, оларға бул хош хабарды жеткериуге асықты.

Содан билемиз ол жеңилтек хаял болғаны менен, жүреги Қудайға ымтылған еди. Ийса Масих пенен сәубетте Самариялық хаял Ол хаққында билип алды, Оған исенди хәм басқа адамларға Ол хаққында айтып берди. Ески уақытта суу тасыу хожалықтағы жас хаял ямаса қызлардың уазыйпасы болған. Самариялы хаял жас емес еди, демек оның перзенти де болмаған. Хаял Масихтың еврей екенине қарамастан, хәмме уаз кешкен хаял менен сөйлесип атырғанынан жигерленди хәм қабыл етилгенин сезди.

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top