3:04

Өмир 05

MP3

Ассалаума алейкум Қәдирли тууысқанлар, сизлер менен және сау саламатлықта көрисип түрғанымыз ушын Жаратқан Ийеге алғыслар айтамыз. Тууысқанлар усы есситтириуимиз де сизлер ушын. Бизлер де Қудайдың еркин орынлауымыз ушын жетерли уақыт бар.

Егер бизлер оның хәммесин орынлап атырған болсақ, демек бул бизлерди көп жумысты орынлауға хәрекет етип атырғанымызды, ямаса, мүмкин бизлер артықша телевизор көрип атырғанымызды билдиреди.

Мақсетке қаратылған өмир, әпиуайы өмир тәрзи хәм тәртипли графикке алып барады. Мухаддес Жазыуда былай деп жазылған: “Биреу хеш нәрсеси болмаса да, өзин бай қылып көрсетер, Басқасы байлығы мол болса да, өзин жарлы қылып көрсетер”. Хим. 13 бап 7 аят. Ол және тынышлыққа алып барады: “Сен, Ийем, өз мақсетлеринде қатты түрып Саған исенгенлерге минсиз тынышлық бергейсең”. Ийшая пайғамбардың китабының 26 бабы 3 аяты.

Мәқсетиңизди билиуиңиз өмириңизди анық бир жерге қаратады. Бул сизлердиң күшиңизди хәм пикириңизди мухим болған нәрселерге қаратады.

Сиз талапкер болыу арқалы пайдакүнмликке ерисесиз. Кишкене мәселелерге пикирди аударыу бул инсан тәбияты. Бизлер өз өмиримиз менен әхмийетсиз нәрселерге итибар беремиз. Хенри Девидтың пикиринше инсанлар тыныш үмитсизликте жасайды, бирақ хәзирги күндеги анық минезлеме бул мақсетсиз ойланыу.

Көп инсанлар тезлик менен айланып атырған, бирақ хеш жерге бармай атырған гороскопқа уқсайды. Анық мақсетиңиз болмаса, сиз бәғытыңызды, жумысыңызды, қарым-қатнасыңызды, жәмәәтыңызды ямаса басқа сыртқы мүхитыңызды өзгертиуде дауам етип, бул өзгерислер жүрегиңиздеги бослықты толтыра алатуғындай үмит қыласыз.

Сиз: “Мүмкин усы сапар басқаша болар” – деп ойлайсыз, бирақ бул хақыйқый машқалаңыз, яғный мақсет жетиспеушилигин шеше алмайды. Мухаддес Жазыуда былай деп жазылған: “Сол себептен ақылсыз болмай, Ийемиздиң қәлеуиниң не екенин түсиниңлер”. Ефеслилерге хатың 5 бап 17 аяты.

Бир жерге қаратылған күшти жарықлық мысалында көриуи мүмкин. Булдырап түрған жарықлықта күш аз ямаса тасир бар, бирақ сиз оның қуатын бир жерге жыйнай аласыз. Үлкейтириуши лупа арқалы қуяш нурларын бир жерге жыйнысаңыз, қағазды жандырып жибериу мүмкин.

Егер жарықлықты лазер труба арқалы жәнеде көбирек бир жерге жыйналса, полатты да кесе алады. Тарихта ең үлкен өзгерислерди әмелге асырған инсанлар дыққатларың бир ноқатқа қаратқан адамлар. Соның менен қәдирли тууысқанлар, бүгинги есситириуимиз де соңына жетти, және ушырасамыз деген үмиттемиз, Хош сау саламат болың!

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top