3:10

Кеширим 01

MP3

Ассалаума алейкум ҳүрметли тыңлаушы тууысқанлар. Және сиз қәдирли болған тууысқанлар менен ушырасып түрғанымыздан жүдә миннетдармыз. Тууысқанлар, илтимас, тыңлаңлар: эфирде сизлер ушын таярланған темаларымыздан бири.

Хүрметли тыңлаушы тууысқанлар,шыны менен кеширип болмайтуғын жағдайлар барма? Сизди қапа қылғанда кешириуиңиз хәм қапагершилик арқалы басқалардың азап шегиуи: булар бир-бирине уқсамайтуғын, пүткиллей басқа-басқа нәрселер.

Егер бизлер дус келген адамды кеширип кете берсек, әдиллик қай жерде қалады? Келиң қәдирли тууысқанлар, мен сизлерге 1986 жылда Лондонда болған бир уақыяны айтып берсем. Содан кейин өзиңиз бир шешимге келерсизлер. 1986 жылда Лондонда сондай бир уақыя жүз берди.

Үш уры ақша излеп, бир үйге бастырып киреди. Қымбат бахалы нәрселердиң азлығыннан олар ғәзепленеди. Олардан екеуи үйдиң ийесиниң қызын аямастан зорлап таслайды. Қыздың жигитин хәм әкесин байлап қойып, таяқ пенен урады.

Бул масихый хожалықтың биринши қылған иси кешириу болды. “Бул уақыя жүз берген уақытта кеширип жибериу тәбиий еди, – дейди қыз радиоға берген интервьюсында. Кейинрек болса оларды кешириуим қыйын болды, бирақ кеширмеушилик мениң рухыма түскинлик алып келетуғынин түсингеннен кийин, кеширдим”.

Арадан он бир ай өткеннен кийин, урылар сот қылынды. Судья зорлау айыбы хаққында азырақ тоқтап өтти де, барлық итибарды урлыққа қаратты. Судьяның пикиринше, хожалық бул ауыр сынауға ылайықлы шыдай алған, соның ушын да жәбирлениуше ондай ауыр азап шекпеген.

Қыздың әкеси болса бундай көз қарасқа дәрриу қарсылық көрсетти. Ол шешимди әдилсизлик деп билди. Әке өзиниң «Мен оларды кеширемен» деген сөзи менен судьядан әдил хүким шығарыу хаққындағы талабы ортасында хеш қандай қарама-қарсылық көрмеди. Яғный, ол жинаятшыларды айыбына жараса жазалауын талап қылды.

Гейбир хожалықларда ата-аналар өз перзентлерин жазалыйды екен, оларды кеширмейди. Бул болса жаман нәтийжелерди келтирип шығарады. Жақсы хожалықларда хәммеси арқада қалғаннан кейин, қарым-қатнаслар және өз орнына түсип кетеди. Баланың айыбын умытып, он және сүйип еркелетеди.

Үлкен жастағы адамлардың дүньясы болса нызам-қағыйдаларға мүтаж. Себеби нызам-қағыйдалар тийкарында әдиллик шешим тауады. Хүким дурыс болыуы керек. Әмелдар адам айыплыларға қарата үлкен сүйиспеншиликти сезиуи хәм унатыуы, қолынан келгенше оларды ақлауға хәрекет қылады.

Бирақ бул нәрсе басқаларға қандай тасир көрсетиуи хаққында алдынан жақсылап ойлап көриуи керек. Соның менен қәдирли тыңлаушы тууысқанлар бугинги темамызды жумақлап хәзирше хошласып қаламыз, Хош сау, саламат болың.

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top