Ассалаума алейкум “Даналық” радиосының қәдирли тыңлаушылары. Сизлер менен және радио толқынлары арқалы көрисип түрғанымыздан жүдә миннетдарман. Хүрметли радио тыңлаушы тууысқанлар, бизлер хәм басқа тууысқанларымыз исенимде беккем турыу хаққында сизлерге көп айтыуымыз мүмкин. Бирақ хәммеси хәр бир тууысқанымыздың өзине байланыслы.
Хәр қандай сезимлер қаншама исенерли болмасын, егер сизди Қудайдан узақласыу кереклиги хаққында сөйлесе, хеш бирине исенбең хәм қулақ салмаң. Шайтан хәм оның хызметкерлери сондай хийлекер, хәтте өзиңизге ең жақын адамларыңыз арқалы да хүжим етиу мүмкин. Соған уқсас уақыялар хәр биримизге Мухаддес Жазыудан жақсы таныс болса керек.
Мухаддес китаптан Гедион хаққында жазылғанын жақсы билемиз хәм оның душпанларға қандай қылып қарсылық қылғаны хаққында да оқыймыз. Оның душпанлары әпиуайы душпанлар емес, үлкен бир армия еди. Сондай үлкен армияға қарсы урыс алып барыу, егер Қудай жәрдем бермесе, бул мәниссиз есапланар еди. Бул душпанлар Израил жерлерин басып алып, халқына қарсы урысып атырған еди.
Гедион израилилар арасыннан отыз еки мың әскерлерди жыйнап, душпанға қарсы урыс алып бармақшы еди. Бирақ Қудай Гедионға ондай үлкен армияның керек емеслиги хаққында сөйледи. Қудай азырақ армия менен де душпанларды жеңиуи хаққында Гедионға үәде берди.
Қәдирли тууысқанлар, масихый адамның душпаны көп. Олар хәр түрли усыллар менен хәр биримизге қарсы урыс алып бармақта. Қудай болса тек сен арқалы да үлкен бир душпанды хәм оның армиясын жеңе алады. Ийемиз Ийса Масих сен менен бирге екенин сезе билсең, тап Гедиондай өзиңизде үлкен бир күш таба аласыз хәм душпанға қарсы урыс алып барыуға шынлық пенен кирисе аласыз.
Қәдирли радио тыңлаушы тууысқанлар, егер тынышлық Хош Хабарын жәриялау таярлығын аяқларыңызға аяқ кийим қылып киген болсаңыз хәм исенимде беккем түрған болсаңыз, шайтан сизге қарсылық қылыуға қорқады. Хәр қандай душпан да өз душпанына урыс қылыудан алдын, оның күшли хәм күшсиз тәреплерин жақсы үйрениуге хәрекет етеди.
Егер де душпанға қаратылған хүжимди ақырына жеткериуге көзи жетпесе, жақсысы урыс басламай қояды. Исенимде беккем болың, деп айтыулыудың да негизги себеблердиң биреу де усы жерде. Ийемиз Ийса Масих шайтанды жеңди, бизлер, масихыйлар болса Ийемизге тийисли екенимизди шайтан жақсы биледи.
Соның ушын да Ийсаға дайым садық перзент болайық, сонда душпанымыз бизлер ким хәм кимниң перзенти екенимзди билип алып хәм хәр биримизди көргенде дирилдеп кетеди. Тууысқанлар, бизлерге хат жазып түрың, бизлердиң адресимиз: www.Danaliq.com. Дослар көрискенше Хош сау, саламат болың!