4:53

Таңланған

MP3

Narrator 1 Ассалаума алейкум Қәдирли тууысқанлар. “Мен кимлерди таңлағанымды билемен”. Жақында бир тууысқанымыз бенен сөйлескен гезимде оның қандай етип Масихтың қутқарыуын қабыл еткени хаққында сорап қалдым. Ол “егер исенсеңиз айтаман”, деп шәрт қойды. Мен разы болдым. Ол уақыясын былай баслады: “Бул уақыяны хәммеге де айта бералмайман. Себеби көпшилик бул уақыяма гүман менен қарауын билемен. Бирақ бул шыны менен өмиримде болған уақыя. Ол 1998 жыл болған еди. Буны мени тыңлаған адамға дәлиллеп бере алмайман, бирақ бул уақыя мениң өмиримди өзгертип жиберди. Ийса Масихты ушыратқанымда тап уақыт тоқтап қалғандай еди. Хәм бул уақыя шама менен 15 минут дауам еткенин билемен. Ол менен болған сәубетимде, оның берген сауаллары жүрегим хәм ақылымда өшпес из болып қалды. Ийса Масих мени неге таңлағанын билмеймен. Мен хәммеде басқаша, әдил ямаса жүдә бай адам емеспен.

Narrator2 Мухаддес Жазыуда жазылған Қудай таңлағанлары ишинде ең көп хайран болғаны хәм хеш нәрсе еплей алмайтуғыны өзим едим. Бирақ Дауыт пайғамбардың сууретине азырақ уқсап кетемен деп ойлайман. Ол айрақша адамды жеңип шыққан жауынгер еди. Хәр түрли сынаулардан, қорқыулардан өткен болса да, оны пикиринен қайтара алатуғын адам жоқ еди. Ол да бизге уқсап гүна иследи, дурыс емес нәрселерди иследи, бирақ хәр дайым Қудайды алғыслады. Сол уақытта жүдә кеш болып қалған еди. Жақсылап уйқым келиу ушын енди телевизор көриуди баслаған едим. Телевизорда бир шопан Ийса Масих хәм Оның мийримли қутқарыуы хаққында сөзлеп атырған еди. Кинен ол адамларды ол менен бирге ибадат етиуин сорады. Шопан: “Егер биз оған исенсек ол бизлерге өзин көрсетеди” деди. Мен оның сөзлерин еситип, ол алжасып атырған шығар деп ойладым, бул қандай болады деп өзиме өзим сауал бердим. Ол тыңлаушылардан ол менен бирге ибадат қылыуды сорады.

Narrator 1“Яхши. Мен де сен менен бирге ибадат қыламан”, дедим. Ибадат қылсам бир жерим кемис болып қалмайды, хеш ким үстимнен күлмейди”, деп ойладым. Ибадат қылып болып, кузимди аштым. Биринши аяқларыма көзим түсти. Аяқ бармақларым бир түрли болып баслады. Кинен болса бул жыбырлау жоқарға қарап көше баслады, биринши аяқларыма, тобығымға кейин дизелериме көшти. Бул денемниң ишине тап суу толып атырғандай сезе басладым. Көзлерим менен денем ишинде болып атырған нәрселерге қарап түрдым. Бул жыбырлау көкрегиме дейин келди. Эй Қудайым маған не болып атыр дедим? Кейин хәмме жер бирден жарқырап кетти. Мен көтерилип атырған едим. Кейин болса ең жарық хәм ең аппақ жарықлықтың қақ ортасында түрып қалдым. Мен оны сездим. Оның көзлерин көрмедим. Көре алмадым. Бирақ Оның ким екенин билер едим. Ол сөйледи: “Кешире аласаңба?” Мен оған тигилип қарадым, кейин ол оң қолын көтерди хәм бир тәрепти көрсетти.

Narrator 2 Мен ол көрсеткен тәрепке қарадим. Хауа да экран пайда болып, ода қызымның әкеси хәм оның хаялы көринди. Мен оларға тигилип қарап, оның сауалын ойымнан өткерер едим. Кейин болса “Ауа” дедим. Мен оларды кешире алар едим. Олардан кейин басқа нәрсе пайда болды. Бул мениң әкем еди. Мен және “Ауа” дедим. Кейин болса экранда және көбирек, мен танымайтуғын жүзлер пайда болды. Мен және “Ауа” дедим. Сол гезде жүрегиме бир нәрсе суғылып киргендей болды, тынышлық хәм бир түрли сезим пайда болды. Мен аспанда үшып жүргендей болдым. Кейин төменге аяқларымның астына қарадым. Мен үйден хәтте жерден де жоқарыға үшықан едим. Сл уақытта Ол маған былай деди: “Хеш нәрсе тәшиуш қылыуға арзымайды, бул дүньяның ислери, қапагершилик, түрли нәрселер хәм хәтте гүна да. Сен тек Қудай хаққында ойлауың керек”. Сонда өмиримдеги хәмме сауалларға, тәшиушлеримге жалғыз шешим Қудай екенин билдим. Қәдирли тыңлаушы тууысқанлар, усы Қудайдан ажыралып қалмаң! Хош сау саламат болың!

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top