Адам Қудай жаратқанларының ишинде ең жоқарғы зат. Адам өз ақлы, пикирлеуи хәм мақскети менен хайуаннан парқ қылады. Адам дүньяға келиуден баслап дүньяда өз орнына ийе болыуға хәрекет қылады. Нәресте дүньяға келди. Ол ата-анасына сүйикли болыуды қәлейди. Хожалықта оның да өз орны болыуды қәлейди. Ол буны хәрекетлери менен көрсетеди. Ол мазалы қылықларды қылып ата ямаса анасының итибарын өзине қаратыуға хәрекет қылады. Нәресте де хожалығында өз орнын таумақшы.
Ямаса жаслар қасындағы дослар арасында өз орнына ийе болыуды қәлейди. Ол буған шын жүректен хәрекет қылады. Дослар арасында өз орнын тауалмаған жас өспирим жалғыз қалады. Кейиншелик үлкен жасқа кирип үлкен киси болғанда да дүньяда өз орнын тауалмай қыйналады.
Үлкен кисилер де дүньяда өз орнын тауыйға хәрекет қылады. Оның хожалығында өз орны бар. Ол әке, ер болыуы мүмкин. Бирақ хожалықтан тысқары да өз орны болыуды қәлейди. Ауа әлбетте кәсиплеслер, дослар арасында да хәр кимниң өзиниң орны болыуы керек.
Бирақ хәмме өз орнын тауды мекен? Айналамызда қаншама адамлардың өз орны бар ямаса қанша адам өз орнын тауалмаған?
Усы сауалға Қудайдан жууап алып көрейик. Мухаддес Жазыуда жазылғанындай Қудай адамды Өзи менен сәүбетлесиуде, қатнаста болыуы хәм Жаратыушыға уллылық келтириу ушын жаратқан. Адамның хақыйқый орны сол. Ол Жаратыушысының уллылығын асырыуы, Ол менен қарым-қатнаста жасауы керек. Қудай менен қарым-қатнасын тиклеген адам өзиниң өмириндеги хақыйқый орнын тауған болады. Оның хожалығы, дослары хәм кәсиплеслери арасындағы орны болса өз-өзинен келеди.
Адам өмиринде өз орнын таба алса, ол өзин толы сезеди. Оның өзине болған исеними көбейеди. Ол хәр қандай жумысты исеним менен орынлай алады. Ол исеним менен дослары ямаса кәсиплеслериниң жәрдемине суйене алады.
Бирақ сол гезде өз орнын таба алмағанлар хаққында ойлаң. Олардың өмири қаншама қыйын. Олар өзине болған исенимин жоғалтқан. Басқаларға да исене алмайды. Өзи хаққындағы дурыс емес пикирлери жетерли. Ол өзин кемситеди. Ол өмиринде қорланған, итибарсыз сезеди. Ол өзин сүйикли емеспен деп ойлайды. Бундай адам өзин қолға алмаса, өзи хаққындағы хақыйқатты билмесе, оның кийинги өмири де сондай аянышлы дауам етеди. Бирақ олар өзлерин қолға алыу мүмкин. Пүткил дурыс емес пикирлерди жыйнастырып өзи хаққында жаңа пикирлерге ийе болыуы керек. Содан кейин өмиринде өз орнын таба алады.
Сизлердиң өмириңизде өз орныңыз бар. Бул хаққында бизлердиң danaliq телеграмм каналымызға кирип өз пикирлериңизди билдирсеңиз болады. Ийемиздиң мийрими сизлерге яр болсын! Хош сау саламат болың!