Ассалаума алейкум қәдирли тыңлаушы тууысқанлар. Сизлер менен және сау саламат ушырасып түрғанымыз ушын Ийемиз Ийса Масихқа өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.
Қәдирли Тууысқанлар, жағдайдан келип шығып усыларды айтыуымыз мүмкин. Уатанымыздағы барлық ауыл хәм қалалардағы және хәр түрли районлардағы кишкене үй топарлары, бир-бирлери менен беккем байланыс қылып түрыу керек.
Әсиресе кишкене үй топарлардың жетекшилери өз ара тез-тез хәм дослық ушырасыуларды шөлкемлестирип түрыу керек. Әлбетте дослық ушырасыулары кишкене үй топарларын өз ара қатнаслары ушын жақсы тасийрин көрсетеди. Ушырасыулардан өзине жараса талаплары болыуы керек
Мысалы, жаңадан басланған кишкене үй топарлары хәм оның ағзаларын қоллап-қууатлап түрыу хәм олар ушын дууа етиу шәрт. Қәдирли тыңлаушы, енди сизлер биреуге мен сиз ушын дууа етип атырман десең, оның қууанышының шеги болмайды.
Хәр бир кишкене үй топарлары Қудайға тийисли. Егер де бир жетекши ямаса шопан өз топарын басқалардан ажыратып қойса, бундай топардың өмири узақ болмайды. Яғный топардағы тууысқанлар әстен-әстен тарқап баслайды.
Егерде олардың арасында исеними беккем тууысқанлар бар болса, өзлери қәлеген басқа топарларға барып қосылады. Қәдирли тууысқанлар бул гәплерди жигирма жылдан асып кеткен тәжрибеме таянып айтып атырман. Топарлар арасындағы қатнаслар сондай беккем болыуы керек, байрамларды да илажи барынша биргеликти өткериуге таяр болыу керек.
Басқа топар ағзаларынан биреу кесел болып қалса, тууысқанлар одан барып хабар алыуы керек. “Ауа, бул мениң топарыма тийисли емес” деген түсинше арамызда болмасын. Себеби бизлер тууысқанлармыз, бир хожалық, Әкемиз Қудай биреу. Мине усы нәрсе хәммемизди бирлеситире алыуы керек.
Қудайға шукир хәзирше кишкене үй топарлары арасында бирлик бар. Әсиресе Уатанымыздың водий жағына барсаңыз, тууысқанларымыз, сиз қайсы топарға тийислисиз деп сорап отырмайды. Олар “бизлер тууысқанлармыз” деп, қолынан келгенше хәр қандай адамды қонақ қылады.
Өз ара тууысқанлық қатнасларды жоқарғы дәрежеде көрсете алады. Сондай миймандос ушын тууысқанларымызға миннетдармыз. Қәдирли тууысқанлар, келиң басқа адамлардың әсиресе үй топарлардың тәшиуишлерине парқсыз болмайық.
Хәр қандай тәшиуиш хәм машқалаларды өзимиздики деп билейик. Бир-биримиз ушын ибадат етиуди дауам ете берейик. Сонда топарларымыз және де көбейип, беккем исенимли тууысқанларымыздың саны өсе береди. Тууысқанлар, усы жерде бугунги темамызды тамамлаймыз хәм өзимиздиң телеграммдағы danaliq.com каналымызға мурат етемиз, және дийдәр көрискенше Хош сау, саламат болыңлар!