3:30

Хош Хабар

MP3

Ассалаум алейкум ҳүрметли радио тыңлаушы дослар. Және эфирде сиз қәдирли тыңлаушылар ушын, бүгин микрофон алдында мен Мақсет. Көбинесе тууысқанлар менен сәүбетлескен уақтымызда мынадай гәплерди еситиуимиз мүмкин.

Мысалы: “Менде басқаларға Хош хабар айтыу сыйы жоқ”, ямаса “Хош хабар сыйын алыуым ушын ибадат қылыңлар”. Деген гәплерди көп еситемиз. Усындай сыйларға ийе болсақ бул әлбетте жүдә жақсы, себеби тезрек хәм көбирек адамлар ели қутқарылмаған тууысқанларымызға хызмет қылыулары мүмкин. Бүгин усы теманы таярлау уақтында мен Хош хабар айтыу сыйы хаққында жүдә көп ойладым.

Былай ойладым десем тууры болады. Хәр бир Масихқа исенген адамда Хош хабар айтыу сыйы болыу шәрт. Тууры будан басқа жүдә көп сыйлар бар. Бирақ Хош хабар айтыу сыйы хәр биримизге жүдә мүхим. Бундай деп айтыуыма бир неше себеплер бар. Бириншиден, Қудай хәр биримизди таңлаған уақтында, басқаларға хызмет етиуимиз ушын таңлаған еди.

Тууры басқа сыйлар арқалы да хызмет етиуимиз мүмкин. Бирақ мүтаж адамларға бириншиден Хош хабар керек деген пикирдемен. Екиншиден, биреу бизлерден кимге исениуимиз хәм қандай етип қутқарылыуға ийе болғанымыз хаққында сорап қалса не? Бундай гезде әлбетте Хош хабарды сол адамға айтып бериуимизге тууры келеди.

Соның ушын да Хош хабар айтыу сыйы хәр бир Масихый адам да болыуын жүдә жүдә қәлер едим. Әлбетте бул мениң жеке пикирлерим еди. Мүмкин сизлер қәдирли тыңлаушылар басқаша пикирде шығарсыз. Тууысқанлар сизлер қандай қылып Хош хабарды басқаларға жеткериуиңиз мүмкин? Әлбетте усы таңланған адам ушын дайым ибадатта болың. Қудайдан оның жүреги ашылыуын сораң.

Содан кийин Қудай сизге берген тынышлық хәм жүрегиңиздеги қууаныш хаққында ол менен бөлиссеңиз болады. Сондай уақытта жақсы тыңлаушы болыуыңыз да жүдә мүхим. Достыңыздың дәрти хәм машқалаларын дыққат пенен еситиң хәм сауалларына жууап бериуге хәрекет етип көриң. Егер достыңыз Қудайдың алдында таубе қылып кеширим алса.

Онда бирге Мухаддес китапты оқыуыңызға болады. Хәм бирге Ийемиз Ийса Масихтың фильминде көрсеңиз болады. Қәдирли тууысқанлар, мынаны бәрқулла ядыңызда тутың, сиз Ийемиздиң жер жүзиндеги елшиси. Қудай аспаннан турып сөйлемейди, себеби Ол жердеги елшилери арқалы басқаларға сөйлейди, усы арқалы адамларды исенимге шақырады.

Бир уақытлары өзлериңиз де басқалардан үйренгендей, жаңа тууысқаныңызға устазлық қылыуыңыз мүмкин. Сол арқалы адамлар арасында Хош хабар кең тарқалып хәм Қудайдың Патшалығы кеңейип бара береди. Қәдирли тыңлаушы Тууысқанлар, және даналық радио толқынлар арқалы көрсинкенше Хош сау, саламат болыңлар!

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top