Бүгинги күнде көп адамлар Қудайдың орнына өзин қояды. Олар, өзлерниң кележеклерин контроль қыла аламан деп ойлайды. Олар әмелге асырып атырған хәмме нәрселер де адамларды алығслайды. Олардың пикирлеринде Қудайға орын жоқ. Бул тап шайтан хәм оның хызметкерлери Қудайға қарсы шыққан уақытта қылған гүнаға жүдә уқсап кетеди. Қудай бейиште Өзине қылып жүрген хызметиннен оларды алып таслады. Содан кийин шайтан хәм оның хызметкерлери мәңгиликти отлы көлде өткереди. Гейбир адамлар, кележекте өзлери менен не болуын билиу ушын гороскопларды оқыйды ямаса палкерлерге барып пал аштырады. Бул Қудайдың нызамын бузыу дегени.
Тек Қудай биледи кележекти. Одан басқа хеш ким кележектен хабары жоқ. Қәдирли тыңлаушы тууысқанлар сизлер хаққыңызда не деймиз? Мүмкин, сизлер өзиңиз шешим қылыуды қәлейсизлер. Егер сизлер Қудайдың еркисиз қашан болса да айып қылған болсаңыз, сизлер Қудайдың нызамын бузғансыз. Мүмкин хеш биримиз Қудайды биринши орынға қоймаған шығармыз. Қудайдың нызамын бузыу ушын берилетуғын жаза – бул Қудайдан айырылыу. Оны бузыуда хәммемиз айплымыз. Қудай Өз Сөзинде былай деп айтады: Мен Қудайман, Сениң Қудайыңман, Мени жек көргенлерди әкесиниң гүнасы ушын балаларын, олардың үшинши хәм төртинши әүладына шекем жазалайман себеби Мен қызғаншақ Қудайман.
“Мени сүйип хәм буйрықларымды орынлағанларға мыңыншы урпағына дейин жақсылық қыламан”. Шығыу китабы 20 бап 4-6 аятлар. Қудай хәммеден үстин. Қудай жаратқанлардың биреуде, адам қолы менен исленген хеш бир бутқа табыныуға ылайықлы емес – тек Қудайға табыныу керек. Қудай Руух. Ол физикалық денеге ийе емес. Қудайдың түри қандай екенин хеш ким билмейди. Соның ушын Қудай, бизлердиң пикиримиз бойынша Оған уқсаған, бир нәрселерди ислемеуимизди айтты. Қудайдың көриниси қандай екенин билиуимиз ушын жалғыз жолы – бул Оның китабы болған – Мухаддес китап арқалы билиу. Мухаддес китапқа қарсы келген нәрселер – бул шайтанның өтириги. Бизлер Қудай хаққындағы хақыйқатты Мухаддес китаптан билип аламыз.
Пүткил дүнья бойлап шайтан адамларды Қудайды хақыйқый билиуден азғырып жүрген. Олар енди хақыйқый хәм тири Қудайды билмейди. Шайтан, Қудайдың орнын ийелейтуғын басқа нәрселерди берди. Адамлар, Қудай қандай болыуы кереклиги хаққындағы өз жобалары хәм басқа адамлардың пикирлерине исенеди. Адам қоллары менен исленген хәм олардың пикирлеринше Қудайды көрсететуғын нәрселерге сыйынғанлар хәм усы менен Қудайдың буйрықларын бузды хәм жазаланды.
Хәр бир адам, Қудай өмиримизди алып қойыуы хәм мәңгиге жазалайтуғын күшке ийе екенин түсиниуимиз керек. Бул бизлер “Қудайдан қорқыу” дегенимизди нәзерде түтқанымыздың дәлили. Басқа адамды қорласақ – бул жақсы емес, бирақ бизлер Қудайға хүрметсизлик қылсақ ямаса Оның Атын жеңиллик менен ислетсек, бул қаншама өкинишли болады. Қудайға ылайықлы болған хүрметти Оған көрсетпегенлердиң хәммеси хүким етилип болынған. Келиңлер қәдирли тыңлаушы тууысқанлар Қудайға бойсынып жасауға шын жүректен хәрекет қылайық. Ийемиз Ийсаның мийрими хәм тынышлығы хәммеңизге яр болсын, хош сау саламат болың!