3:41

Қудай дайым бизлер менен бирге 11

MP3

Буны бизлер қәлеймиз бе яқ па Қудайдан хеш жерге жасырына алмаймыз, хәтте аспанға ушып кетсек те сол жерде Ол болыуы анық хәм хақыйқат. Хәтте дозақ деп аталатуғын жерде Оған хәммеси белгили. Қәлеген тәрепке барың хәм сизлер Одан бекине алмайсыз. Қудайдан, өз-өзинен ямаса өз гүналарынан қашыуды қәлеген адамларды бул хаққындағы пикир қатты қорқытады. Не ушын қашыудың орнына хәмме нәрсени көретуғын хәм билетуғын Қудай бар екенине қууанбауымыз керек. Ол менен бирге болыу хәр дайым жарылқау деп билемен

Сизлер Отырғаныңызда да, жүргениңизде де, қай жерде болмасаңыз да Аспандағы Достыңыз сизлер менен бирге хәм сизлер жалғызлықты сезбейсизлер. Сизлер буған исениң хәм бул хақыйқат сизлерге сиз мутаж болған тынышлықты береди. Оның жарылқауысыз, күшисиз хәм даналығысыз хеш қашан бахытлы бола алмаслығыңызды умытпаң. Хәр қашан өзиңизди жалғыз сезсеңиз де хәм қаншама узаққа кетсеңиз де Қудай дайым сизлер тәрепте, сизлерди жетеклеуге хәм қорғауға дайым таяр. Қараңғы түнниң әжайып қараңғылығы ямаса ауыр жағдайлардың, жауызлықтың хәм хәлсизликтиң күшли қараңғылығы болмасын, бул қараңғылық та хеш қашан сизлерди Одан жасыра алмайды

Хеш нәрсе Оның қорғауы хәм мийриминнен сизлерди узақластыра алмайды. Қудай нурды қараңғылықтан ажыратқан хәм Оның ушын усы нәрселер бирдей. Қудайдың өткир көзлери ана қарындағы қараңғылықты да көре алады. Сизлер тууыламан дегенши Қудай сизлердиң денеңиздеги: сүйеклериңиздиң, булшық етлериңиздиң, нерв дизимлериниң, хәм қан тамырларыңыздың рауажланыуларын көрип түрған. Мухаддес Руух Забурда адам пайда болыуы хаққында Жаратыушның қүдиретли үқыплығын көрсетеди. Адамзат денеси уллы Жаратыушының әжайып жобасы бойынша ол басқышпа-басқыш рауажланып барады. Ақырғы басқышлар соңында, бала тууылыу ушын таяр болады. Бирақ бала тууылғаннан кийин де Қудайдың тәшиушлери таусылмайды.

Сизлердиң өмириңиз дауамында Оның сизлер хаққыңыздағы пикирлери жоқары болған. Аспандағы Әке Өз перзентлери хаққында ойлағанындай, хеш бир ана өз баласы хаққында бундай тәшиуишленбеди. Ол қызыққандай етип хеш бир адамлар сизлер менен қызықпайды хәм Ол сизлер хаққында дайым ойлайтуғын болса, гейбир адамлар сизлер хаққында умытып қойыуы да мүмкин. Ухлап атырғаныңызда да Қудай сизлер менен бирге, хәм түнде ямаса азанда оянғаныңызда да сизлер Ол менен бирге боласызлар. Забур китабында мынадай сөзлерди оқыуымыз мүмкин: “Ели де Сен менен биргемен”.

Дауыт Қудайдың дайым бар екенин хәм мийримли екенин ақылына сиңдирип жибергени хаққында айтады. Егер ерте азаннан баслап өзиңизди ибадат пенен Оған тапсырсаңыз, дайым Қудай менен бирге екенлигиңизди умытпаң. Хақыйқаттан Қудай Ол адамлардың пикирин китап оқығандай оқыуы мүмкин. Қудай сизлердиң пикирлериңизди сизлердиң ауызыңыздан шығып атырған сөзлердей жақсы биледи. Дайым хәм хәмме жерде Қудай Өз халқы менен бирге болады. Қудайдың перзентлери хаққындағы тәшиуишлерин оларды бесиктен қабирге дейин биледи. Ол менен хәмме нәрселер хаққында сөйлесиң хәм Ол сизлерге қандай жол менен барыуыңызды көрсетеди. Мүмкин Ол сизлердиң машқалаңызды шешпесе де, бирақ оған болған қатнасыңызды әлбетте өзгертеди. Қәдирли тыңлаушы тууысқанлар хәммеңизге Қудайдың Өзи яр болсын!

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top