Сиздиң неше достыңыз бар? Ямаса сиз өзиңиз неше адамға доссыз? Олар сизлердиң хақыйқый досларыңыз ба? Дослық қандай болыу керек?
Сиз кимге жүрегиңиздеги гәплерди ашық айта алсаңыз, өмириңизде болатуғын хәр қандай уақыяларды ол менен бөлисе алсаңыз сол адам сиз ушын дос. Биреулер менен дослық қатнасында болсаңыз, өмириңиз мәнисли болады. Ең жақсы дос қандай болады? Ол достын жақсы биледи. Досты хаққында қайғырады. Достының пайдасын өз пайдасынан үстин қояды. Жақсы дос өз достын басқармайды, хүрмет қылады. Оның хәр бир шешимин хүрмет қылады. Оған мәсләхәт береди. Оның ауыр күнлеринде оған суйеу бола алады. Оны қууандырыуды қәлейди. Бундай дослықты Қудайдан берилген сый деуге болады. Бирақ Қудай менен де дос болыу мүмкин бе?
Ауа әлбетте. Қудай сиз ушын Жаратыушы, Ийе, Судья, Қутқарыушы хәм Әке болыуы мүмкин. Бирақ қәлесеңиз Ол сиздиң ең жақсы Достыңыз болыуы мүмкин. Сиз Қудайдың дослары хаққында еситкенсиз бе? Мууса хәм Ибрайым пайғамбарлар Қудайдың дослары деп аталған. Қудай Дауыт пайғамбарды “Кеулимдегидей адам” деп атаған. Аюп хәм Нух пайғамбарлар да Оның дослары болған. Қалай етип Қудай менен дос болыу мүмкин дейсиз бе? Бул сизге байланыслы. Себеби Қудай сиз бенен дос болыуды қәлейди. Егер сиз Қудай менен дос болыуды қәлесеңиз әлбетте бола аласыз. Дослар бир-бирине унамайтуғын ислерди қылмайды. Бир-бириниң сыйларын қабыл қылады. Қудай сизге берген сыйды қабыл қылсаңыз, Қудай қууанады. Оның өмириңиз ушын берген сыйын қабыл қылың. Оны қапа қылатуғын ислер қылмаң. Улыйма Ол менен қаншама жақын қарым-қатнаста болыуды қәлесеңиз, соншелли жақын боласыз.
Адамлар арасындағы дослық қарым-қатнасларын қаншама жақын ямаса узақ болмауын өзлери шешеди. Егер досларына хожалықларындағы ямаса жеке мәселелерди айтпауды қәлесе, дослары менен қатнаста аралықты сақлауды қәлейди. Бирақ олар жақын дос болыуды қәлесе әлбетте досларыннан жасыратуғын сыр болмайды. Бирақ жақын дослық қатнасы ушын бир адамның ерки кемлик қылады. Минезлери бир-бирине тууры келмейтуғын адамлар да жақын дос болыуы мүмкин. Гейбир уақытлары дослардың минезлери бир-бирине жүдә сайкес келеди. Өмирде хәр түрли досларды көриу мүмкин.
Сизлердиң де айналаңызда жақын дослар көп деп үмит қыламыз. Досларыңызды қапа қылмауға хәрекет қылың. Дослық өмириңизди мәнисли қылады. Бул сыйды сақлап түрың.
Хүрметли тыңлаушы дослар, биз сизлерден хатлар күтип қаламыз. Егер илажиңиз болса бизлердиң Danaliq.com телергамм каналымызға кирип көриң. Ол жерде сизлер көплеген сауалларыңызға жууап алыуыңыз мүмкин. Тууысқанлар Ийемиз Ийса Масихтың мийрими сизлерге яр болсын! Хош сау саламат болың!