Айналамыздағы адамлардың өзлери жақтыратуғын ислери, кисилери хәм нәрселери бар. Хәр бир адам өзи жақтыратуғын нәрселери хаққында ойлайды. Егер сиз биреу менен сөйлесиуде қәлесеңиз, сәубетиңиз жақсы хәм нәтийжели өтиу ушын сол кисиниң жақтыратуғын нәрселери хаққында сөйлеп баслаң.
Мысалы, биреулер менен балық услауға барсаңыз қармаққа өзиңиз жақтыратуғын заттыма ямаса балыққа жағатуғын қуртты илдиресизбе? Неге биз айналамыздағылар итибарын тартыу ушын усындай жол тутпауымыз керек екен? Өзимиз қәлейтуғын нәрселер хаққында айтыудың не кереги бар? Бул балаларға тууры келетуғын әдет-қо. Әлбетте, қәлеген нәрсеңизге ерисиу сиз ушын мүхим. Сизге бул дайым қыззық, бирақ бул басқаларды қызықтырмайды.
Биз хәммемиз сондаймыз. Өзимиз қәлеген нәрсеге ерисиуден басқасыны ойламаймыз. Соның ушын дүньяда адамларға тасийр етиу жолы, оның өзи қәлеп атырған нәрсеси хаққында айтыу хәм соған жетиу жолларын үйретиу. Мысалы, улыңыз шекпеуин қәлесеңиз, оған нәсихат қылып отырмаң, өз қәлеуиңиз хаққында айтпаң. Шегиу оның футбол командасына кириуге кесент бериуи ямаса жүз метрге жүгириу жарысында жеңилиуде себеп болыуын түсинтиралсаңыз болды.
Профессор Гарри Оверстрит өзининг: «Инсан хәрекетине тәсийр өткериу» атлы китабында: «…алдын сәубетлесиушиңизди бир нәрсени қатты қәлеуге мажбүрлең. Ким буны ислей алса, дүньяны жеңеди, ислей алмаған жалғызлыққа хүким етилген» деп жазған еди.
Басында, сағатына еки цент пайда етип, кейин болса 355 миллион долларды қайр жолында сарп етилген шотландиялық Эндрю Карнеги деген қамбағал жигит адамлардың қәлеуи хаққында айтыу оларға тасийр көрсетиудиң жалғыз жолы екенин ерте билген. Ол мектепте бар жоғы төрт жыл оқыды, бирақ адамлар менен қарым-қатнас қылыуды өзлестирип алды. Оның келини узақта оқып атырған улларынан қәуетирде еди. Уллары көптен бери хат жазбаған еди, будан ананың кеуили тыныш емес еди. Сонда Карнеги: «Мен бир хат жазаман, хәтте буны сорамсам да кейинги почта менен улларыңыздан жууап хаты келеди», деп, келини менен 100 доллардан спор ойнады. Ол жиенлерине хат жазады, хатта хеш қандай анық мәселеде тоқталмайды.
Изинде болса еслетпе тәрзде олардың хәр бирине 50 доллардан жибергенин еслетип өтеди. Бирақ конвертке ақша салмайды. Жигитлердиң жууап хаты сол почта менен қайтып келди.
Ертең сиз биреуди бир нәрсе ислеуге исентириуди қәлесеңиз, асықпаң, өзиңизден сорап көриң: «Оны усы исти қылыуға қандай мажбүр қылсам екен?». Бул сорау сизди адамлар менен қатнаста жеке ой-пикириңиз хаққында не болса соны сөйлей бериуден сақлайды.
Егер усы арқалы жеңистиң қандай да бир сыры болса, ол басқа кисиниң көз қарасын түсинип билиу хәм уақыяларға оның хәм өзиңиздиң көз қарасыңыз бенен қарап билиу дегени-деген еди Генри Форд. Соның менен қәдирли тыңлаушы тууысқанлар бүгинги есситтириуимизди тамамлаймыз. Ийемиз Ийса Масихтың мийрими хәм тынышлығы бәршеңизге яр болсын! Хош сау саламат болың!