Narrator 1 Ассалаума алейкум қәдирли тыңлаушы тууысқанлар. Көпшилигимиз Қудйдың перзентлери болсақта, гейде билип-билмей гүна ислеймиз. Бирақ Қудайдан узақласып кетпеймиз. Қудайдан узақласыу, Ол менен қатнаста болмау ең үлкен гүналардан биреуи. Қудайдан узақласпаған адам қыйын жағдайларда Қудайдың жәрдеминде тууры шешим қыла алады. Сондай жағдайларға түскенлерден биреуи бул Израил халқы еди. Израил халқының өмиринде гүна болған, бирақ бари бир Қудайға ымтылған адам қыяпасында көриуимиз мүмкин. Билесизлер, Израил халқы он еки қәуимнен қәлиплескен. Он еки қәуим судьялар дәурине келип, үлкен-үлкен халықларға айланған еди. Хәр бир қәуимниң өз әскерлери, өз руханийлери хәм ақсақаллары бар еди.
Narrator 2 Израил халқы қандай мақул ис қылды екен? Израил халқы қылыу керек болған ис бул Қудайдың ерки еди. Қудай Гиво халқын жазалауды Израил халқына тапсырды. Гиво халқы қандай гүнасы ушын жазаланбағшы дейсизбе? Өткен сапарғы сәубетимизди тыңлаған болсаңыз, Гиволық Бениямин қәуиминдеги бузық адамлар бир гүнасыз кисиниң хаялын зорлап оның өлимине себепши болды. Бул Қудайдың ғәзебин келтирди. Израил халқы бул хаққында еситип, оларға қарсы хүжим қылыуға келисип алды. Бирақ мениң жүрегиме тасийр қылғаны, бул исти ғәзепленип, ойланбай ислегени жоқ. Хүжим қылыуға шешим қылар екен, Қудайдың еркин билмекши болды. Олардың хәммеси бир жерге жыйыналып Қудайдан: «Бениямин тууысқанымызға қарсы… урыс қылайық па? – деп сорады».
Narrator 1 Қудай оларға «Ауа», деп жууап берди. Израил әскерлери Гивоға қарап жүриу қылды. Олар еки мәрте Гиволықлардан жеңилди. Бул да Қудайдың жобасы еди. Қудай Гиволықларды үшинши сауашта жеңбекши болды. Гиво халқы – Бениямин қәуимы Қудайдың ғәзебин келтирген еди. Үшинши мәрте де Израил әскерлери Гивоға қарсы жүрис қылды. Бул сапар да урыс уақтында олар өзлерин жеңилип атырғандай қылып көрсетти. Бирақ мақсетлери гиволықларды өзлери қойған буққыға дейин алып келиу еди. Буққыдағы Израил әскерлери қаладағы бар адамларды қырып таслады. Гиволықлар сауашта жеңилип қалды. Бениямин қаласы кулге айланды, бир тири адам да қалмады. Израиллилер бул жағдайда қаттта қайғырды.
Narrator 2 Олар Бениямин қәуиминиң жоқ болып кетиуин қәлемеген еди. Қудай бул қәуимнен 400 жигитти аман қалдырды. Енди Израил қәуими 400 жигитти үйлентирип, Бениямин қәуимин қайталдан тиклеуди шешим қылды. Бирақ азырақ алдын олардың хеш бири Бениямин қәуимине қыз бермеймиз деп Қудайдың Атынан әнт ишип қойған еди. Олар әнтыннан қайтпай түрып, Бениямин қәуимине қыз тауды. Израил халқының қылған ислерине қарап түрып, Қудайдан жүзин бурмаған, дайым оның ерки менен жумыс ислейтуғын адам, Қудайдың қутқарыуына хәм даналығына ийе болыуын түсинип жетесең. Қәдирли тыңлаушы тууысқанлар Мухаддес Жазыудағы адамлардың өмири менен қызықсаңыз, бизлердиң телеграм каналымыздағы даналық радиосына қосымша мағлуматлар алыу ушын өз пикириңизди жазып жиберсеңиз болады. Жаратқан Ийениң тынышлығы сизлерге яр болсын! Ендиги эфирде көрскенше хош сау саламат болың!