Narrator 1 Ассалаума алейкум қәдирли тууысқанлар. Қудай бизлерден нени қәлейди. Оның Сөзин тыңлауымызды ма? Яқ! Оны еситип хәм бәрқулла әмел қылыуымызды қәлейди. Ийса Масих шәкиртлерин қандай етип таңлағаны ядыңызда ма? Салықшы Матта Ийса Масихтың сөзин еситиуи менен, ақша жыйнайтуғын қалтасын хәм жумысын да қалдырып, Оның изинен ерди. Қудай Оның Сөзи бизлердиң жүреклеримизге келиуи менен оны қууаныш пенен қабыл етип хәм әмел қылыуымызды қәлейди. Себеби былай деп жазылған: “Сизлерге айтаман, тап солай етип, тәубеге мүтажлик сезбеген тоқсан тоғыз әдил адамнан гөре , тәубе қылған бир гүнакар ушын аспанда көбирек қууаныш болады”. Бирақ бул тымсалда айтылған адамлар Қудайдың Сөзин қууаныш пенен қабыл қылады, бирақ оның нени билдириуи, ески тәбиятыннан, әдетлериннен, өз қәлеулеринен уаз кешип, толық Қудайға бойсыныу кереклигин билмейди.
Narrator 2 Рухый өмиримизди азықландыратуғын нәрсе не? Қудайдың Сөзи былай деп жууап береди: “Мен Хош хабардан арланбайман, себеби Қудайдың күш-қүдирети болған бул Хош Хабар арқалы оған исенгенлердиң хәммеси қутқарылады. Исенетуғынлар яхудийлер болсын, яхудий емес болса да парқы жоқ! Бул Хош хабарда ашып берилген, Қудай инсанларды исеним арқалы, ауа, тек исеним арқалы ақлайды, себеби Мухаддес Жазыуда: “Әдил адам исеними арқалы өмирге ийе болады” – деп жазылған. Жүректиң Қудай менен бирлесиуи кеуилимиздеги егилген туқымлардың өсип шығыуына жәрдем береди. Жүрек түбиндеги исеним арқалы исениушиниң рухый өмири азықланады. Бирақ жүреклери таслықлардан ибарат болған кисилер болса Масихқа емес өзлерине исенеди. Олар өзлериниң әдиллигине, жақсы ислерине исенеди. Олар тымсалда айтылғанындай, “тамыр жаймағаны”, яғный Масих пенен бирлеспегени ушын, хәлсиз болып қалды.
Narrator 1 Ауыр жағдайларда болса Қудайдың Сөзи аңсат ғана жоққа шығады. “Таслық жерге түскен туқымлар болса сондай адамларды билдиреди: олар Қудайдың Сөзин еситкенде, оны дәрриу сүйиспеншилик пенен қабыллайды. Бирақ олардың тамыры болмағаны ушын узақ уақытқа шыдамайды. Қудайдың Сөзи себепли қыйыншылық ямаса қууғынға дус келсе, дәрриу арқаға қайтады”. Жерге егилген туқымларды қууатқа киритиуши жаздың ыссы қуяшы тамыры болмаған туқымларды қурытып таслайды. Соның ушын Масихта тамыр жаймағанлар қыйыншылықлар келгенде жеңилип қалады. Көпшилик Масихтың Хош хабарын гүналарына кеширим алыу ушын емес, қыйыншылықлардан қутылыу ушын қабыл қылады. Бундайлар Қудайдың Сөзин уақытша, қыйыншылықлардан қутылыу хәм жеңилрек өмир сүриу нийетинде қабыл етеди. Бундайлар өмири аңсат хәм жақсы кетип атрғанда күшли исениушилердей болып көринеди, бирақ машқалалар келгенде ямаса Масих себебли азапларға дус келгенде бундай азапларды көтере алмайды.
Narrator 2 Бундайларға Қудай жүрегинде абайлап сақлап жүрген гүнасын көрсеткенинде ямаса қәлеулерин қурбан қылыуға тууры келгенинде Қудайдан қапа болады. Буның ушын олардың өмиринде үлкен хәм анық өзгерислерди қылыуға тууры келеди. Олар бүгинги күн хәм сол өмир тийкарында жасайды. Хәзирги бойсынбағаны ушын кележектеги мәңгилик өмирине анық қәуип келтириуи хаққында ойлап көрмейди. Масих қатты сөйлегенде, гейбир шәкиртлери: “Қандай қатты сөзлер! Буны ким көтере алады?!” деп Оны таслап кеткен еди. Хош, онда Қудай менен ылайықлы өмир сүриу ушын не ислеуимиз керек? “Менде болыңлар, Мен сизлерде боламан. Ағашта болмаған шақа өз-өзинен жемис бере алмағаны сыяқлы, сизлер де Менде болмасаңлар, жемис бере алмайсызлар”.