Қәдирли Тууысқанлар бүгин өткен гездеги қыззық сәубетимизди дауам еттиремиз. Бул сәубетлер сизлердиң пикирлеулериңизди пүткиллей өзгертиуге қәдир. Хызметши Масихта өзиниң ким екенин билиу керек. Олар хәр дайым мийрим менен сүйикли екенин ядында сақлау керек, хызметши өзиниң қәдирли екенин дәлиллеуи шәрт емес. Хызметши ушын оның тууры келмейтуғын истиң өзи жоқ. Олар хәр исти шын жүректен қабыл қылады. Инжилде буған әжайп үлги берилген. Есиңизде ма Ийса шәкиртлериниң аяқларын жуған еди. Аяқ жуу хызмети көшеде аяқ кийим тазалайтуғын балалардың жумысы менен теңлестирсе болады, бирақ Ийса Өзиниң ким екенин билетуғын еди, соның ушын да бундай ис Оған зыянын тигизбейди.
Юхан 13:3-4 аятларда: “Ийса Әкесиниң хәмме нәрсени Оның қолына бергенин, Өзиниң Қудайдан келгенин хәм Қудайға қайтып баратырғанын билип, дәстурхан басынан түрды. Сыртқы кийимин шешти де, бир сүлгини алып белине байлады”. Егер сиз хақыйқаттан Қудайдың хызметкери болыуды қәлесеңиз Масихта өзиңиздиң орныңызды билиуиңиз керек. Тек өз орнын билген адамлар ғана хызмет қыла алады. Өз орнын билмегенлер басқалар олар хаққында не ойлайды деген пикир менен бәнт болады. Сиз қаншама Ийсада өз орныңызды билсеңиз, соншама басқаларға хызмет қылыу қәлеуи күшли болады. Масихта өз орнын билген хызметкерлер өзлерин қорғау қабығына орамайды хәм ислерин буртирип көрсетпейди. Олар абройлы атқа ийе болыуға ямаса қымбат кийимлерге умтылмайды.
Егер биреу өз жағдайы ямаса аты менен мақтаныуы керек болғанда, Ийсаның иниси Яқып мақтаныуға болар еди, бирақ ол өз хатында өзини: “Қудайдың хәм… Ийса Масихтың қулы” деп атайды. Хызметши қаншама Ийсаға жақын болса, соншама өзин көтериуге қажет қалмайды.
Хизметши Қудай оған берген хызметин уазыйпа деп емес имканият деп биледи. Олар басқаларға хизмет қылыудан, мутажлерге жәрдем бериуден хәм хызмет етиуден рәхәтленеди. Олар Қудайға қууаныш пенен хызмет қылады. Олар Қудайға не ушын қууаныш пенен хызмет қылады? Себеби олар Қудайды сүйеди хәм Оның мийриминен миннетдар. Хызмет қылыу өмирин бағышлауы мүмкин болған ең үлкен жумыс. Олар Қудай олардың хызметлерин сыйлайтуғынын да биледи. Юхан 12:26 да Ийса: “Ким маған хизмет қылса Әкем оны хүрмет қылады”, деп айтқан.
Елши Павел болса: “ Ол сизлердиң исиңизди, Оның Атына көрсеткен сүйиспеншилигиңизди умытпайды”, – деп айтады. Ойлап көриң егер пүткил дүньядағы исениушилердиң тек 10 проценти ғана шын жүректен хызмет қылатуғын болса, хәмме жақсы ислер исленип болынған болар еди. Сизлер де сондай адамлар қатарына қосылыуды қәлейсиз бе? Бул хызметте сизлердиң жасыңыздың әхмийети жоқ. Егер хақыйқаттан хызмет қылыуды қәлесеңиз, Қудай сизлерди әлбетте ислетеди. Алберт Швейтзер: “Тек Қудайға қандай хызмет қылыуды билгенлер ғана хақыйқый бахытлы кисилер”, – деп жазады. Сизлер де хақыйқаттан бахытлы болыуды болмаса хақыйқый бахыт не екенин билиуди қ
әлесеңиз хызметши болып көриң. Сизлер буны ислей аласызлар. Буған исенемиз.