Ассалаума алейкум қәдирли тыңлыушы тууысқанлар. Және эфиримизде өзимиз билген хәр түрли мәсләхәтлеримиз арқалы сизлерге азырақ болса да жәрдем бермекшимиз. Келиң қәдирли тыңлаушылар бүгин сизлер менен хәммемиз жақсы көрип ишетуғын сут хаққында азырақ сәубетлесейик. Биринши бар сутти дурыс писириуди билип алғанымыз мақул деп ойлаймыз. Хеш қашан сутти писирген гезиңизде 47 градустан жоқары болмауы керек. Болмаса 54 градуста суттиң қурамындағы болған гейбир моддалар майдаланып кетеди нәтийжесинде болса сут қурамында инсан организими ушын керекли болған дәрман дәрилери қалмайды.
Әлбетте балаларымыз ушын ана сутинен булақ хеш қандай жақсы азық тауылмайды. Бирақ Бирақ гейбир уақытлары егер бир жағдайлар менен ана сутин басқа сут пенен алмастырыуға тууры келип қалса, әлбетте жаңа сауылған ешки сутине тең келетуғыны жоқ. Әлбетте ешки сути сыйырдың сутине қарағанда сыпаты жақсырақ. Будан тысқары балалардың иши өтиуи кеселлигине шалынған гезде шыпа бериуде ешки сутине жететуғыны жоқ. Бир достымыздың гууалығына қарағанда 22 айлық бир қыз бир жасқа толғаншы анасының сути менен азықланған екен. Ол кишкене қыз сол айлар дауамында хеш қашан кесел болмаған. Хәтте мурны да ақпаған екен.
Қашан ол кишкене қызға тазаланған хәм қайнатылған ешкиниң сутин беремен дегенши. Бул сутти қыздың ата-анасы әлбетте магазинен сатып алып келген еди хәм белгили уақытқа дейин перзентин усы қайнатылған ешки сути менен баққан екен. Арадан бир қанша уақыт өткеннен кейин кишкене қыздың мурыны ағып, хәм тез ашыуы шығып қалатуғын болып қалғанлығы хаққында қыздың әкеси айтты. Содан кейин қыздың әкеси еки ешки сатып алып жаңадан саулған хәм қайнатилмаган ешки сутин перзентине ишкизиуди баслаған екен. Арадан еки кун өтип қыздың әкеси перзенти және алдынғы жағдайына қайтқанын көреди. Бул менен магазинен сут алмаңлар ямаса перзентлериңизге қам сут бериңлер демекши емеспиз. Бундай мәселелерди хожалық ағзалары менен келисип өзлериңиз шешиуиңизге болады. Жоқарыда айтып өткен қызымызға ешки сутин қамлай иштириуи менен бирге геширдиң сууын да дайым иштирип түрған екен.
Гейбир адамлардың айтыуларына қарағанда ешкиниң сути сыйыр сутине қарағанда жүдә таза болады екен. Сыйырдың сути өзинен қандай да бир шылымшық қурама ажратады екен, ал ешкиниң сутинде бундай қурама жоқ екен. Улыйма алғанда көпшилик ешкиниң сутин мақул көреди. Бирақ ешки азырақ сут бергени ушын көпшилик сыйыр бағыуды артық деп билер екен. Қәдирли тыңлаушылар өмириңизде не жеймен не ишемен деп тәшиушленбеңлер. Себеби бизлердиң өмиримизди Қудай басқарып түрады хәм бизлер неге мутаж екенимизди Ол алдынан биледи. Соның ушын қәдирли тууықанлар өзиңиздеги барлық тәшиуишлериңизди Қудайға тапсырыңлар Оның Өзи хәр биримиз хаққында қайғырады. Соның менен қәдирли тыңлаушылар мәсләхәт темасы бойынша бүгинги есситириуимизди тамамлаймыз. Ендиги есситириуимизге шекем Хош сау саламат болың!