4:11

Бизнес ҳаққында

MP3

Narrator 1 Ассалаума алейкум қәдирли тыңлаушы тууысқанлар. Бугин бизнес қылып, қосымша ақша тауыуды қәлемейтуғын адам тауылмаса керек. Бизнес тек ойлап, қыял сүриу емес, ал мий менен хәрекет қылыу деген. Бизнести баслау ушын ақша керек деген аңыз пүткил дүнья банклери хәм банкирлер тәрептен қоллап-қууатланады. Бул аңыз тек адамларға емес, басқа “өзине тоқ” мәмлекетлерден қарз алатуғын даулетлерге де қарсы ислейди. Егер бул аңыз болмаса банклер өз байлықларын қалай көбейтире алар еди? Банклердиң адамлар өмирине тәсири, батыс мәмлекетлерде, әсиресе Америкада жүдә күшли. Американың көбиси банк кредитлер арқалы күнин көреди. Хәммесинде кредит карталары бар, хәм олар биреу ямаса екеу емес. Қарызыңызды төлеп болсаңыз жаңа кредит алыуға мурат етеди. Хәм бул пүткил өмир дауам ете береди.

Narrator 2 Адам жумыс ислеп атырма, оған кредит береди. Жумыстан босап қаладыма, дайым айлық түсип түрмайдыма, банк хәмме креитлерди бикар қылады. Соның ушын америкадағы көп қартайған адамлар, қартайған адамларды сақлайтуғын үйлерде жасайды, хәм олардың үстиндеги кийимлерден басқа хеш нәрсеси жоқ. Бул хаққында америкалық бизнесмен Роберт Кийосаки өз китабында тереңрек жазған. Мен бул менен ақшаны жаман, одан узақ жүриң, деп атырған жоқпан. Мен мынаны айтпағшыман, бизнести ақша менен емес, билим, үқыплылық, тәжрибе хәм уақтыңызды ислетип баслау керек. Ақшаны болса, кинен өкинбейтуғын мүғдар да, тек керек уақыт бизнеске ислеткен жақсы. Ең жақсысы ойлаған бизнесиңизди ямаса жумысыңызды хеш қандай қәрежетсиз баслауға хәрекет қылың. Егер бир жумыс баслау ушын жүдә көп муғдардағы ақша талап қылынса, демек бул жумыс жөбасы жақсы ойлап шығылмаған.

Narrator 1 Ең жақсы вариант болса, улыума ақша ислетилмей басланған бизнес. Сондай қылып, тек қалтаңдағы ақша менен басланған жумыстан алынған пайдаңызды басқа бир бизнеске ЖҮДӘ КЕРЕК болса ислетиуиңиз жумысыңызды және де пайдалырақ болыуын тәмийнлейди. Бирақ сонда да бари бир нолден баслаған, яғный сезилерли болмаған, кем муғдардағы ақша менен баслаған артық. Роберт Кийосаки өзиниң китабында қандай қылып бир бизнесини баслағаны хаққында жазады. Сол уақытта ол миллионер болыуына қарамастан, бул жумысты кишкене ақша менен хәм қатаң контроль астында баслаған. Бир неше жыл алдын неге олар өзлерин буншама қыйнап, кишкене муғдардағы ақша менен, бир нәрселерди ойлап тауып, жумыс жерин оргтехника менен тәмийнлегенлери ақлыма сыйдыра алмағанбан.

Narrator 2 Ҳәзир болса мен оларды жүдә жақсы түсинемен. Егер сизде хәзирги уақытта өз бизнесиңизи баслау ушын қәлеу болса, бирақ өзиңиздиң жетерли ақшаңыз болмаса, бул исти бүгинниң өзинде баслау керек. Бул дегени ислеп түрған жумысыңызды таслап, болды мен бүгиннен баслап бизнесменмен, дегени емес. Жумысты “кишкене қыйыншылықтан” баслаң, өзиңизде бар ақша менен жумысыңыздан бос уақыт әмелге асырың. Егер сизде 10 доллар болса, оны 20 доллар қылыу жолын тауың, кинен 40 доллар болса, 80 қылыу жолын. Егер сизге 10 долларды 20 ға көбейтиу қыйыншылық туудырмаса, 10 000 долларды 20 000 доллар қылыу бул ауыр мәселе. Бул жерде пайда да көбирек, бирақ жоғалтыу да көбирек болыуы мүмкин. Кредит алып, бизнес баслайтуғынлар, жүдә үлкен тәуекелшилер. Хәр бир хәрекетти ойлап ислеуге не жетсин, егер жумысыңыздың рауажланып кетиуине көзиңиз жетсе ғана тәуекел қылың. Усы менен қәдирли тыңлаушы тууысқанлар өз эфиримизди тамамлаймыз, Хош сау саламат болың!

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *

Scroll to top