Ассалаума алейкум хүрметли радио тыңлаушы дослар. Сизлер менен және дийдәр көрисип турғанымыздан миннетдариман. Бүгин мен Максет сизлер менен бир неше уақыт дауамында бирге боламан. Хүрметли радио тыңлаушы тууысқанлар,
Бүгинги есситтириуимизде де сизлер менен тил хаққында сөйлесемиз. Мухаддес Китаптағы Яқыптың хатының 3 бабында сол хаққында толық жазылған. Тилди атлардың ауызларындағы суулыққа уқсатыуымыз мүмкин. Суулықтың үзынлығы оншама үлкен емес, бирақ соған қарамастан, олардың пүткил денесин басқара аламыз.
Бул хаққында Яқыптың хатының 3 бап 3 аятында оқып аласыз. Тилди және үлкен бир кемениң рулине де уқсатыуымыз мүмкин. Кемелер де соншелли үлкен болып, күшли саммалар менен жүрсе де, кемешиниң қәлеген жерине жүдә кишкене руль менен бурылады.
Бул хаққында және усы хаттың 3 бабы 4 аятында оқып көриуимиз мүмкин. Будан тысқары, Яқып өз хатында тилди және отқа уқсатады. Бир ауыз гәп пенен адамлардың кеуллерин түсириу мүмкин. Хәтте адамларды өлимге алып барыу да мүмкин. Кишкене бир ушқын соншелли үлкен тоғайды жандырып жибергениндей, бир ауыз айтылған орынсыз сөз менен адамлардың кеуллерин уайран қылыу мүмкин.
Бул хаққында усы хаттың 3 бабы 6 аятында жазып қойылған. Тилди және хәр түрли хайуанларға уқсатсақ болады, егер оны адам қолға үйретпесе үлкен машқалаларға дус келеди. Биреу былай деп айтқан екен: “Тилдиң узынлығы шама менен сегиз сантиметр, бирақ соған қарамай, хәтте еки метрге тең келетуғын адамды өлтире алады”, деп.
Бул жүдә тууры айтылған сөз. Тууысқанлар, ойламай айтылған сөз арқалы адамларды бир өмирге жарадар қылыу мүмкин. Тил арқалы берилген соққы адамның бир жерине кирген оқтан да күшлирек ауырық келтириуи мүмкин. Халқымыздың арасында тил хаққында бир гәп бар:
“Тил суексиз, ол қәлеген тәрепине бурылыуы мүмкин”. Мың өкинишлер болғаны менен, тилимиз арқалы сөйлеп биреуди қапа қылсақ, әлбетте өкинемиз, бирақ айтылған сөзлер тап атылған оқтай енди оны қайтарыу мүмкин емес. Хүрметли радио тыңлаушы тууысқанлар, Қудай бизлерге тил берген екен, келиң, Оның Атын алғыслайық, тилимизден хәр дайым мазалы сөзлер еситилсин.
Басқалар бизлердиң айтып атырған мәнисли сөзлеримизди еситип, хақыйқаттан да Қудайға тийисли инсән екенимизге олар да хеш қандай екилениу қалмасын. Қудайға дууа етип, тек жақсы сөзлерди айтыу ушын хәм Қудай берген тил арқалы адамларға мәңгилик өмир хаққында айтыуымыз ушын жәрдем сорайық. Тууысқанлар егер өз пикириңизди билдириуди қәлесеңиз, Danaliq.com телеграмм каналымызға кирсеңиз болады. Ийемиздиң мийрими хәммеңизге яр болсын дослар. Хош сау аман болың.