Shan’araq O’miri

Өмир 05
Ассалаума алейкум Қәдирли тууысқанлар, сизлер менен және сау саламатлықта көрисип түрғанымыз ушын Жаратқан Ийеге алғыслар айтамыз. Тууысқанлар усы есситтириуимиз де сизлер ушын. Бизлер де Қудайдың еркин орынлауымыз ушын жетерли уақыт бар.

Егер бизлер оның хәммесин орынлап атырған болсақ, демек бул бизлерди көп жумысты орынлауға хәрекет етип атырғанымызды, ямаса, мүмкин бизлер артықша телевизор көрип атырғанымызды билдиреди.

Мақсетке қаратылған өмир, әпиуайы өмир тәрзи хәм тәртипли графикке алып барады. Мухаддес Жазыуда былай деп жазылған: “Биреу хеш нәрсеси болмаса да, өзин бай қылып көрсетер, Басқасы байлығы мол болса да, өзин жарлы қылып көрсетер”. Хим. 13 бап 7 аят. Ол және тынышлыққа алып барады: “Сен, Ийем, өз мақсетлеринде қатты түрып Саған исенгенлерге минсиз тынышлық бергейсең”. Ийшая пайғамбардың китабының 26 бабы 3 аяты.

Мәқсетиңизди билиуиңиз өмириңизди анық бир жерге қаратады. Бул сизлердиң күшиңизди хәм пикириңизди мухим болған нәрселерге қаратады.

Сиз талапкер болыу арқалы пайдакүнмликке ерисесиз. Кишкене мәселелерге пикирди аударыу бул инсан тәбияты. Бизлер өз өмиримиз менен әхмийетсиз нәрселерге итибар беремиз. Хенри Девидтың пикиринше инсанлар тыныш үмитсизликте жасайды, бирақ хәзирги күндеги анық минезлеме бул мақсетсиз ойланыу.

Көп инсанлар тезлик менен айланып атырған, бирақ хеш жерге бармай атырған гороскопқа уқсайды. Анық мақсетиңиз болмаса, сиз бәғытыңызды, жумысыңызды, қарым-қатнасыңызды, жәмәәтыңызды ямаса басқа сыртқы мүхитыңызды өзгертиуде дауам етип, бул өзгерислер жүрегиңиздеги бослықты толтыра алатуғындай үмит қыласыз.

Сиз: “Мүмкин усы сапар басқаша болар” – деп ойлайсыз, бирақ бул хақыйқый машқалаңыз, яғный мақсет жетиспеушилигин шеше алмайды. Мухаддес Жазыуда былай деп жазылған: “Сол себептен ақылсыз болмай, Ийемиздиң қәлеуиниң не екенин түсиниңлер”. Ефеслилерге хатың 5 бап 17 аяты.

Бир жерге қаратылған күшти жарықлық мысалында көриуи мүмкин. Булдырап түрған жарықлықта күш аз ямаса тасир бар, бирақ сиз оның қуатын бир жерге жыйнай аласыз. Үлкейтириуши лупа арқалы қуяш нурларын бир жерге жыйнысаңыз, қағазды жандырып жибериу мүмкин.

Егер жарықлықты лазер труба арқалы жәнеде көбирек бир жерге жыйналса, полатты да кесе алады. Тарихта ең үлкен өзгерислерди әмелге асырған инсанлар дыққатларың бир ноқатқа қаратқан адамлар. Соның менен қәдирли тууысқанлар, бүгинги есситириуимиз де соңына жетти, және ушырасамыз деген үмиттемиз, Хош сау саламат болың!

Кеширим 01
Ассалаума алейкум ҳүрметли тыңлаушы тууысқанлар. Және сиз қәдирли болған тууысқанлар менен ушырасып түрғанымыздан жүдә миннетдармыз. Тууысқанлар, илтимас, тыңлаңлар: эфирде сизлер ушын таярланған темаларымыздан бири.

Хүрметли тыңлаушы тууысқанлар,шыны менен кеширип болмайтуғын жағдайлар барма? Сизди қапа қылғанда кешириуиңиз хәм қапагершилик арқалы басқалардың азап шегиуи: булар бир-бирине уқсамайтуғын, пүткиллей басқа-басқа нәрселер.

Егер бизлер дус келген адамды кеширип кете берсек, әдиллик қай жерде қалады? Келиң қәдирли тууысқанлар, мен сизлерге 1986 жылда Лондонда болған бир уақыяны айтып берсем. Содан кейин өзиңиз бир шешимге келерсизлер. 1986 жылда Лондонда сондай бир уақыя жүз берди.

Үш уры ақша излеп, бир үйге бастырып киреди. Қымбат бахалы нәрселердиң азлығыннан олар ғәзепленеди. Олардан екеуи үйдиң ийесиниң қызын аямастан зорлап таслайды. Қыздың жигитин хәм әкесин байлап қойып, таяқ пенен урады.

Бул масихый хожалықтың биринши қылған иси кешириу болды. “Бул уақыя жүз берген уақытта кеширип жибериу тәбиий еди, – дейди қыз радиоға берген интервьюсында. Кейинрек болса оларды кешириуим қыйын болды, бирақ кеширмеушилик мениң рухыма түскинлик алып келетуғынин түсингеннен кийин, кеширдим”.

Арадан он бир ай өткеннен кийин, урылар сот қылынды. Судья зорлау айыбы хаққында азырақ тоқтап өтти де, барлық итибарды урлыққа қаратты. Судьяның пикиринше, хожалық бул ауыр сынауға ылайықлы шыдай алған, соның ушын да жәбирлениуше ондай ауыр азап шекпеген.

Қыздың әкеси болса бундай көз қарасқа дәрриу қарсылық көрсетти. Ол шешимди әдилсизлик деп билди. Әке өзиниң «Мен оларды кеширемен» деген сөзи менен судьядан әдил хүким шығарыу хаққындағы талабы ортасында хеш қандай қарама-қарсылық көрмеди. Яғный, ол жинаятшыларды айыбына жараса жазалауын талап қылды.

Гейбир хожалықларда ата-аналар өз перзентлерин жазалыйды екен, оларды кеширмейди. Бул болса жаман нәтийжелерди келтирип шығарады. Жақсы хожалықларда хәммеси арқада қалғаннан кейин, қарым-қатнаслар және өз орнына түсип кетеди. Баланың айыбын умытып, он және сүйип еркелетеди.

Үлкен жастағы адамлардың дүньясы болса нызам-қағыйдаларға мүтаж. Себеби нызам-қағыйдалар тийкарында әдиллик шешим тауады. Хүким дурыс болыуы керек. Әмелдар адам айыплыларға қарата үлкен сүйиспеншиликти сезиуи хәм унатыуы, қолынан келгенше оларды ақлауға хәрекет қылады.

Бирақ бул нәрсе басқаларға қандай тасир көрсетиуи хаққында алдынан жақсылап ойлап көриуи керек. Соның менен қәдирли тыңлаушы тууысқанлар бугинги темамызды жумақлап хәзирше хошласып қаламыз, Хош сау, саламат болың.

Tursmistan keyingi mu’na’sa’betler. Haqiyqatliqqa maslasiw – 2
Assalawma a’leykum esittiriwimizdin’ qa’dirli tin’lawshilari. Efirde shan’araq haqqinda esittiremiz. Shan’araq haqqinda ko’p aytiwimiz mu’mkin. Sebebi du’nyada ha’r qiyli shan’araqlar bar. Birewleri barqulla ha’mmenin’ ha’wesin keltiredi, gey birewleri bolsa kerisinshe. Ha’zirgi zaman a’dewir basqasha. Bul jaslardin’ bir-birleri menen jaqsi tanisip, biliwleri ushin jaqsi imkaniyat. Adamlar buring’i zamandag’iday bir-birin ko’rmey turip turmis qurmaydi. A’lbette ha’zirgi ku’ni de shan’araqlardin’ ajirasip ketiwi de tez-tezden bolip turipti.

Bunin’ bir neshe sebepleri bar. Ko’binese qulag’imizg’a esitiletug’ini bir-birimizge harakterlerimiz tuwri kelmedi degen ga’pler. Bizler jaslar turmis qurmasinan burin bir-birin jaqsi bilip son’ turmis quriwlarin qa’leymiz ha’m sonin’ ta’repdarimiz. Sonda shan’araqlari bekkem bolar edi dep oylaymiz. Ha’r bir adam turmis qurg’aninan son’ bir-birine a’ste aqirin u’yrenisip maslasip baradi. Tek g’ana bir-birlerine emes, al o’mirge de basqasharaq qaraytug’in boladi. Endi aldin’g’iday shoxliqlardi taslaw kerek boladi sebebi birewi a’ke, birewi ana boliwi kerek. Shan’araqti basqariw, bala-shag’a, jumis ha’mmesin endi erli-zayip o’zleri mustaqil birgelikte basqariwi lazim.

Usi jerde bir soraw payda boladi. Haqiyqiyliqqa maslasiw ne degen? – Endi haqiyqiy o’mir baslanadi. Biraq geybirewler, mustaqil o’mirge qa’dem taslag’ani menen o’z ata-anasinin’ ja’rdemisiz jasawlari biraz qiyin boladi. Shan’araqta ha’r qiyli mashqalalar boliwi bul haqiyqat. Sonday waqitlari bul mashqalalarg’a sheshim o’zleri tapsa ma’qsetke muwapiq bolar edi. Biraq geybir waqitlari bunin’ kerisin ko’riwimiz mu’mkin. Bul da bolsa, ata-analardin’ aralasiwi na’tiyjesinde. Doslar, siz ne dep oylaysiz? Sonday boliwi duris pa? Yamasa erli-zayip o’zleri bul mashaqalalardi sheshiwi kerek pe? A’lbette o’mirde ha’r bir insan birewdin’ ja’rdemine mu’ta’j boladi. Bul ha’r eki ta’reptin’ ata-anasi bul mashqalalardi sheshiw kerek degendi bildirmeydi.

Olar o’zlerinin’ o’mirlerinde bolg’an ta’jiriybelerge su’yenip olarg’a tek g’ana ma’sla’aha’t beriwi mu’mkin. Muxaddes Kitapta bizler bul haqqinda oqiwimiz mu’mkin: “Sonliqtan er adam ata-anasin qaldirip, o’z hayalina qosiladi ha’m ekewi bir dene boladi” bul endi uliwma ata-anadan was keshiw kerek degendi bildirmeydi. Kerisinshe, ha’r kim o’z o’miri boyinsha jasawi lazim degendi an’latadi. O’zlerinin’ mashqalalarin ha’r kim o’zleri sheshsin degendi de bildiredi. Endi ha’r bir jas shan’araq haqiyqiyliqqa maslasiwi lazim. Turmisinda haqiyqiy o’mir baslanadi.

Ne bolg’aninda da insan o’mirge maslasip baradi. Eger jas shan’araqlarda bir-birlerine bolg’an su’yispenshilik ha’m hu’rmet aldin’g’iday alawlap tursa demek, shan’araqta ha’mmesi jaqsi boladi degen u’mittemiz. Ha’r qanday mashqalalardi Iyemizdin’ aldina alip keliwge a’detleniwimiz lazim. Sebebi tek g’ana Ol bizlerge tuwri joldi ko’rsete aladi. Qa’dirli jaslar, eger turmislarin’iz haqiyqiyliqqa maslasa alsa barliq bolajaq mashqalalardi jen’e alasiz dep isenemiz. Usinin’ menen doslar esittiriwimizdi usi jerde ha’zirshe juwmaqlaymiz.

Erkek kisiler ushin
Atalar ushin perzentlerine degen ko’z-qarasta shin ju’rekten isenim menen bolg’an mu’na’sa’bet ju’da’ a’hmiyetli boladi, bul a’sirese olar o’sip, er jetip baratirg’an da’wirinde a’hmiyetli. Bunday bolatug’in mu’na’sa’bet balalardi du’nyawiy o’mirdin’ ta’sirlerinen qorg’aydi. Ha’r bir waqitta da kewil qoyg’an ta’rbiya o’z orni menen bolg’ani jaqsi. Ata menen ana, a’sirese atalardin’ balag’a degen su’yispenshiligin ko’rsetiwde de olardin’ isenimin arttiriwda, perzentlerge, ata-anag’a boysiniwdi u’yretiwde a’hmiyetli orin iyeleydi.

Doslar, bulardin’ barlig’i da a’hmiyetli rol oynaydi. Atalar balalarina jaqin dos siyaqli boliwi lazim, sebebi balalar o’zleri ushin a’hmiyetli ya bolmasa qiziqli bolg’an na’rselerdi u’yinen emes, ko’sheden yag’niy du’nyadan izleydi. Al usinday waqitta olarg’a a’keleri u’yretip, keleshekke jeteklep jiberse ju’da jaqsi boladi. Sebebi bizler jasap turg’an da’wirde bul ju’da a’hmiyetli ha’m orinli.

Balalar ha’mme waqit o’zlerinde bolg’an tu’rli mashqalalari ha’m ta’shwishleri menen o’zlerinin’ atalarinin’ janina qoriqpay keliwleri tiyisli. Ko’binese jas xojaliqlarda hesh qanday mashqala joq degen ga’pler qulag’imizg’a shalinip qaladi. Atalar o’zlerinin’ perzentlerine ha’r dayim nelerdi de aytip, u’yretip turiwlari kerek. Misali, ul balalar o’zinin’ atasinan erli-zayiptin’ arasindag’i mu’na’sa’betler haqqinda sorap biliwleri mu’mkin. Ba’lkim bunday ga’pler bizlerdin’ ma’deniyatimizg’a onshelli tuwri kelmewi de mu’mkin. Biraq balalar bunday ga’plerdi ko’sheden kimlerdendir esitkeninen ko’re, o’zlerinin’ atalarinan esitkeni maqullaraq degen pikirdemiz.

Atalarg’a beretug’in ken’esimiz – usinday ga’pler menen a’ngimelerdi o’zin’iz perzentlerin’izge tu’sindirip berin’. Sonin’ menen bir qatarda analar qizlarina usinday ga’plerdi u’yretiwi lazim. Eger kimde kim aldinnan bolatug’in sawash haqqinda aldin-ala xabari bolip tayarliq ko’rse, demek, sog’an jarasa qurallanadi. Joqarida aytip o’tkenimizdey, atalar balalari ushin ha’r dayim ju’reklerinde perzentleri ushin o’z jaslig’in saqlap qalsa jaqsi bolar edi. Ha’r dayim olar perzentlerinin’ quwanishina ha’m ta’shwishlerine sherik boliwi lazim. Atalardin’ ja’ne bir a’hmiyetli waziypalarinin’ biri ha’mme waqit balalarina ha’r turli oyinlardi u’yretiw ha’m olar menen shug’illanip turiwi kerek dep oylaymiz. Sonda g’ana balalarimiz kewilinde ata-anag’a degen su’yispenshilik ha’m turmisqa qaray hu’rmet bo’linedi, miyirman bolip o’sedi.

Atalar ha’mme waqit xojaliqtin’ qorg’awshisi rolin atqariwi lazim. Sonin’ ushin da atalar ha’mme waqit hayali menen birge o’z perzentlerin de qorg’awi lazim. Sebebi, perzentler nelerden dir qapa boliwlari mu’mkin. Sonin’ ushinda a’sirese atalar ha’r dayim perzentlerin qollap-quwatlawshi kisiler bolsa, sol gezde balalar kimnen jigerlenetug’inin biledi. Perzentlerden ko’p na’rseni talap qilman’lar.

Tek g’ana olardin’ ku’shi jetetug’in na’rselerdi g’ana talap qilin’. Bolmasa balalardin’ kewli tez suwip qaladi. Muxaddes kitapta usinday bir ayat jazilg’an. Sizler, atalar, perzentlerin’izdin’ ashiwlarin shig’arman’lar. Olardi Iyemizdin’ ta’lim ta’rbiyasi menen o’sirin’ler.

Solay eken, ja’ne bir a’hmiyetli na’rselerdin’ biri bul balalarin’iz benen birgelikte ha’r ku’ni duwa etin’. olarg’a Muxaddes Kitapta bolip o’tken waqiyalardi oqip, tu’sindirip berin’, birgelikte pikirlesin’. Atalar, balalarin’izdin’ pikirleri menen qiziqqanin’izdi da olarg’a bildirip turin’. Qa’dirli atalar usi mashaxatli xizmetin’izde sizlerge Qudayimiz sabirliliq bersin. Barqulla, Quday sizlerdi danalig’i menen toltirsin. Shan’arag’in’izda ha’mme waqit tinishliq penen tatiwliq bolsin.

Salamatliq
Assalawma a’leykum hu’rmetli doslar. Efirde sizler ushin berilip atirg’an esittiriwimizdin’ biri. Bu’gingi esittiriwimiz ha’mmemizdin’ o’mirimizde en’ za’rur ha’m kerekli bolg’an den-sawlig’imizg’a bag’ishlanadi. Ba’rshemizge belgili bolg’aninday insan qa’nshellim bay bolmasin, onin’ qolinda ha’mme na’rseni a’melge asiratug’in imkaniyatlardin’ boliwina qaramastan, eger den-sawlig’i durisli bolmasa – ha’mmesinin’ paydasi joq.

Sonin’ ushin bolsa kerek ha’r bir insan sa’l kesel bolsa da’rixanag’a ya bolmasa shipakerdin’ aldina ju’giredi. Egerde shipakerler uliwma emley almaytu’g’in ya bolmasa jaqin arada bul du’nya menen xoshlasatug’inlig’i haqqinda aytsa uliwma kewli buzilip, tu’skinlikke tu’sedi.

Kerek bolsa en’ jaqinlarimizg’a da jaqsi so’zlerdi aytiw ushin ku’sh taba almay qalamiz. Xalqimizda bir ga’p bar: “Da’rdin bergen Quday, shipasin da beredi” – deydi. Bul ga’ptin’ astarinda jan bar. Eger insan haqiyqattanda Qudaydan u’mit etip, Onnan barliq islegen gu’nalari ushin keshirim sorap ta’wbe etip, da’rtine shipa sorasa, Quday ol adamdi esitedi. Sebebi Quday ha’r bir insan haqqinda qayg’iradi. Onin’ ta’shwishleri ha’m turmisi ushin da qayg’iradi. Quday ha’r birimizdin’ keselliklerimiz ha’m gu’nalarimiz ushin Iysa Masiyxti o’limge jiberdi. Iyemiz bolsa, atanaq-ag’ashta turip ha’r bir la’nnetlewler menen keselliklerdi o’z moynina aldi, sonin’ ushinda Ol atanaq ag’ashta azap shegip o’ldi.

Tuwri, bizlerdin’ o’mirimizde shipakerler de u’lken oring’a iye. Sebebi Qudayimiz ha’r birimiz ushin aqil menen danaliq bergen. Sol sebepten de ko’pshiligimiz tez-tezden shipakerler ko’riginen o’tip turamiz. Geypara waqitlari ayirim keselliklerdin’ payda boliwinda insannin’ o’zi de sebepshi boladi ha’m shipa almag’anlig’inda Qudaydi ayiplaydi. Misali Quday insang’a ha’r qiyli ziyanli na’rselerdi paydalaniwg’a inkar etken bolsa, ya bolmasa a’piwaylastirip aytqanda temeki shegiw denemiz qurilisi ushin ziyan ekenligin jaqsi bilemiz. A’qibetinde qandayda bir keselikke shaling’animizda da’rtimizge shipa bermey atirg’aninda Qudaydi ayiplaymiz. Bizlerdin’ ha’r birimiz denemizge bile turip ziyan keltirmewimiz kerek, ha’m en’ baslisi bul iste hesh kimdi ayiplamawimiz da kerek.

Muxaddes Kitapta jazilg’aninday insannin’ denesi bul bir Muxaddes orin. Sonday eken qalayinsha bizler Muxaddes denemizge ziyan keltiriwimiz yamasa bile turip buziwg’a urinamiz. Sonin’ ushinda Qudaydin’ bizlerge bergen muxaddes denemisti asrap abaylawimiz lazim. Sonda g’ana Quday da ha’r bir insandi asirap abaylaydi. Hu’rmetli Danaliq radiosi tin’lawshilari, tez-tezden shipakerler ko’riginen o’tip o’z den-sawlig’in’izg’a g’amhorliq etin’. Eger sizde yamasa birde-bir jaqinin’izda qatti awiriw bolsa, Qudaydan usi da’rt ushin shipa soran’. Quday ha’mme waqit ibadat etiwshinin’ duwasin esitpey turmaydi. Doslar, sizler menen xoshlasar ekenbiz, hesh qashan kesel bolmag’aysiz dep qalmaqshimiz. Qudayimiz barqulla ha’r birimizdi O’zinin’ panasinda asirap-abaylasin. Xosh saw-salamat bolin’lar.

O’sek
Assalawma a’leykum hu’rmetli radio tin’lawshilar. Sizler menen ja’nede saw-salamat ushirasip turg’animizdan sheksiz minnetdarmiz. Mikrofon aldinda men Sarbinaz. Adamzat bar eken, bir-birin qapa qiliw, birewdin’ kewline birew tiyiw degen tu’sinikler asla joq bolip ketpeydi.

Bunin’ birden-bir sebebi bolsa ja’ne de sol aytilg’an gu’na. Doslar, eger de kimdir sizdi qapa qilg’anday so’zlerdi siz haqqin’izda basqalarg’a aytsa, o’zin’izdi qanday tutqan bolar edin’iz? Siz haqqin’izda bolmag’an ga’plerdi tarqatip biyma’ni ga’plerdi aytip ju’rgen bolsa? Du’nyadag’i nizam qag’iydalardin’ biri minanday:

Sizge awirmanshiliq keltirgen insang’a so’zine uqsas juwap qaytariw ya bolmasa onnan da betterrek qilip juwap beriw. Lekin Iysa Masiyx bunday jag’daylarda uliwma basqasha jol tutiw kerekligin bizlerge ko’rsetpekte. Mine usi tarawda Iyemizden o’rnek alsaq arziydi.

Iysa Masiyx ha’r bir insan ushin azap shekti. Sol qapa qaliwshi ushin da, qapa bolg’an insan ushin da ten’dey azap shekti. Sol sebepten de Og’an jamanliq tilep jaman so’zlerdi aytqanlarg’a, jaman so’zler menen ga’p qaytarmadi. Ha’tteki, Ol atanaq ag’ashta qiynalip azap shegip turg’aninda da, Oni jazalawshilarg’a da jaman ga’plerdi aytpadi.

O’zinin’ qu’diretli ku’shi arqali ha’m Onin’ Quday ekenligi menen basqalardi qorqitpadi. 1 Petr din’ 2 babi 21 ha’m 23 ayatlarinda jazilg’aninday, haqiyqatli juwap qaytardi. Bul ayatlarda Iyemizdin’ qanday azap shekkenleri, sonday bolsada ta’g’dirge boysiniw ha’m Qudaydi tin’lap qulaq salg’anlig’i haqqinda so’z ju’ritiledi.

Biraq ta Iyemiz olardin’ o’zlerine say juwap qaytara aldi, bug’an Onin’ haqqi da bar edi. Iyemiz O’zinin’ dushpanlarin bir g’ana so’zi menen, yamasa bir g’ana ha’reketi menen joq qilip jiberiwi mu’mkin edi. Biraq Ol bunday qilmadi. Bunin’ ornina Iyemiz atanaq ag’ashta tinish turip, O’zine qaray aytilip atirg’an ha’r bir namisina tiyip, xorlawlarin qabil qildi.

Ol O’zindegi ha’r bir mashqalani Qudaydin’ hu’kimine tapsirdi. Doslarim, bizlerdin’ ha’r birimiz, Iyemizden o’rnek alg’animizda sipayi adam bolip ha’m bizge jamanliq qilg’anlarg’a keri juwap qaytarmawdi u’yreniwimiz kerek. En’ a’hmiyetlisi, ha’mmesin Qudaydin’ qollarina tapsiriwdi u’yrensek, ma’qsetke muwapiq bolar edi.

Doslar, aldi menen sizlerge qaray jaman ga’plerdi esitken waqitin’izda juwap qaytariwg’a asiqpan’. Kerisinshe, sizge qaray aytilg’an an’gimelerdin’ qa’nshelli orinli yamasa orinsiz ekenligin tekserip ko’rin’. Ba’lkim bul so’zlerdin’ aytilg’aninday orini bar shig’ar. Haqiyqattanda sizin’ o’mirin’izde o’zgertiwin’izge kerek bolg’anday ko’p na’rseler bar shig’ar. Hesh waqitta basqalarg’a qaray ashiw menen juwap qaytarman’.

En’ jaqsi juwap – uliwma qarama-qarsi bolg’an usil menen sizdi qorlawshig’a juwap qaytariw. Yag’niy o’zin’izdin’ kewilin’izdi basip alip, ashiw qilmay ayriqsha sipayiliq penen ko’rinin’ demekshimiz. Sonda g’ana Quday sizden elede razi boladi ha’m sizdi qorg’aydi.

Xojalig’imizdin’ puli
Hu’rmetli tin’lawshilar, sizler menen bu’gingi esittiriwimizde xojalig’imizdin’ pullari haqqinda azg’ana bolsada sa’wbetlesip baramiz. Bul jerde bir soraw payda boladi. Xojaliqtin’ puli degen neni bildiredi? A’lbette bul sorawg’a juwap beriw onshelli qiyin emestey ko’rinedi. Xojaliqtin’ puli bul xojaliq ag’zalari menen birgelikte islep tapqan ortaliq qa’rejetleri bolip tabiladi. Endi usi qa’rejetti durisli sariplaw ushin bizlerge Jaratqannin’ danalig’i kerek boladi. Xojaliqta birigip pul tapqannan son’ oni u’neplep sariplawdin’ da jollarin biliwimiz kerek. Egerde qa’rejetti durisli sariplawdin’ jollarin bilmesek a’lbette bunnan xojalig’imiz azap shegiwi aniq.

Hu’rmetli tin’lawshi doslar, bizler xojaliq ag’zalari menen birgelikte qa’rejetlerdi tejewdin’ usillarin jaqsi biliwimiz lazim. Bunin’ ushin a’lbette shan’arag’imizg’a tek g’ana kerekli bolg’an na’rselerdi satip aliwdi tuwri jolg’a qoyiwdi biliwimiz kerek boladi. Sonin’ menen birge ha’dden tis “qizg’anshaqliq” qiliwimizda onshelli jaqsi emes. Biz balalarimizdin’ ha’m basqa shan’araq ag’zalarimizdin’ mu’tajliklerin de jaqsi biliwimiz kerek. A’sirese jas balalarda ushirasatug’in na’rse, egerde olar menen birigip bazar yamasa du’kang’a baratug’in bolsan’iz a’lbette olar nenidur satip aliwdi qa’leydi. Usinday jag’dayda sizlerge a’lbette danaliq kerek boladi. Bul jerde sizlerge bir na’rseni aytip o’tpekshimiz.

Eger de balalarin’izdin’ qa’legen na’rsesi olarda bar bolsa jaqsi so’z benen olarg’a tu’sindiriwge ha’reket etip ko’rin’. Al endi sonda da olar o’zinin’ qa’lewinde qatip turip alsa ne boladi? Menin’ o’zim to’mendegishe usil qollanaman, a’ste aqirinliq penen satiwshig’a bul na’rsenin’ satilmaytug’inlig’in balalarg’a tu’sindirip aytiwin iltimas etemen. Geypara waqitlari bul da ja’rdem beredi. Biraq geyde xojaliq ku’nin belgilewdi de yadin’izdan shig’arman’. Bunday waqitlari siz shan’arag’in’iz benen birgelikte sayahat etip keliwin’iz mu’mkin. Ya bolmasa birigelikte qanday da bir jerge awqatlaniwg’a da bariwin’iz mu’mkin. A’lbette bunday islerdi a’melge asirmastan aldin xojalig’in’iz qarjilarina ziyan keltirmewin’iz haqqinda da oylanip ko’riwin’iz lazim.

Ne bolg’anda da xojalig’in’iz ushin belgili bir mug’dardag’i qa’rejetlerdi saqlap qoyg’anin’iz ma’qsetke muwapiq boladi. Sebebi o’mirde ha’r qiyli waqiyalar boliwi mu’mkin. Kimdir kesel bolip qaliwi mu’mkin. Uliwma usinday ku’tilmegen waqiyalar ushin biraz pulin’iz saqlanip turg’an bolsa, a’lbette kimlerdendur qariz aliw ushin ha’reket etpeysiz. A’lbette bizlerge jaqsi belgili Muxaddes Kitapta erten’gi ku’n ushin ta’shwishlenbewimiz haqqinda aytilg’an. Biraqta bul xojalig’in’iz ushin uliwma qayg’irman’ ya bolmasa sizge uliwma qa’rejettin’ keregi joq degeni emes. Bul degeni tek g’ana bayliq toplaw menen a’were bolip qalman’lar degendi bildiredi.

Geypara adamlarda bunday mashqala joq emes, bul mashqalani a’lbette du’zetiw kerek boladi, yag’niy qaltasindag’i belgili summanin’ ha’mmesin sawiwg’a ha’m kereksiz na’rselerdi de kerekli dep ko’rip sawda qiladi. Bul o’z-o’zinen belgili bolg’aninday xojaliq pullarin tejewge emes, kerisinshe onin’ omiriliwina alip keledi. Egerde sizde bunday mashqala bar bolsa a’lbette Qudayg’a mu’ra’jet etin’, sizlerge Ol tap usi ma’sele boyinsha danaliq bersin. Hu’rmetli tin’lawshilar bu’gingi esittiriwimiz o’z juwmag’ina jetti. Endi sizler menen xoshlasip xojalig’in’izg’a Jaratqannan qut bereket sorap qalamiz.

En’ basli buyriq
Assalawma a’leykum qa’dirli Danaliq radiosi iqlasbentleri. Sizler menen ja’ne diydar ushrasip turg’animizg’a Qudayg’a sheksiz minnetdarmiz. U’yin’izge tinishliq tilep bu’gingi esittiriwimizdi baslaymiz. Mikrofon aldinda sizler menen Sarbinaz.

Quday O’zinin’ So’zin barliq adamzatqa berdi. Oni oqip u’yreniw, tallawg’a ha’r birewimiz haqlimiz. En’ a’hmiyetlisi, Quday siz benen bizlerdin’ bul o’mirde qalay jasawimiz kerek ekenin ku’tip atir. Bul adamlarg’a qa’legeninshe jasaw erkin bermekte.

Biraq Quday ha’r bir adamnan tek tuwri ha’m hadal o’mir jasawimizdi ju’da qa’leydi. Sonin’ ushin da hu’rmetli radiomiz tin’lawshilari, ha’r bir insan Onin’ so’zin oqig’aninda og’an a’mel etiwdi ha’m Qudaydi tin’lawdi u’yreniw kerek ekenin Iyemiz Iysa Masiyx aytqan edi. Bul Qudaydin’ buyrig’i esaplanadi.

Yag’niy Aspandag’i A’kemiz Qudaydi shin ju’regimizden, jan-tanimiz ha’m pu’tkil aqil-oyimiz benen su’yiwimiz kerek ekenin aytqan. Biraq, doslar, ha’zirgi ku’ni bularg’a a’mel etip atirg’anlar qansha? Bizlerdin’ pikirimizshe, ju’da az. O’mirimizde bolip atirg’an waqiyalar o’z-o’zinen bolip atir dep oylaymiz.

Biraq tilekke qarsi bul onday emes. Ha’r bir qa’demimiz ha’m ha’r bir ha’reketimiz Quday ta’repinen basqariladi. Qudaydi su’yiw bul birinshi ha’m en’ a’hmiyetli buyriqlardin’ biri esaplanadi. Ekinshi buyriq birinshisine uqsaydi. Yag’niy jaqinlarimizdi su’yiw, o’zlerimizdi qalay jaqsi ko’rsek tap solay basqalardi da jaqsi ko’riwimiz kerek.

Ha’zirgi ku’ni tek qon’silardin’ arasinda emes, al ag’a-inilerdin’, apa-sin’lilerdin’ ha’tteki a’ke-bala arasinda da mashqalalar bolip turipti. Birinshi orinda Qudayg’a su’yispenshligimizdi bere alayiq, sonda Quday o’z jaqinlarimizg’a qarata ju’regimizde miyrim-sha’pa’a’t ha’m su’yispenshilik oyatadi.

Ko’binese jaqsi insan mashqalalardan qutiliw ushin jawizliqtan qashiwg’a ha’reket etedi, o’zin Qudayg’a sadiq ko’rsete aliwi ushin. Biraq, ju’rektin’ tu’binde usi jawizliqqa qa’lew bar bolsa, insan qashan bolmasin sol na’rseni ba’ribir qiliwi mu’mkin. Sonin’ ushin doslar, Qudayg’a qarata su’yispenshiligimiz pu’tkil jan-tanimizda bolsa, Qudayg’a qarata haqiyqattan da hu’rmet payda boladi.

Quday adamlarg’a tan’law huquqin bergen.

Usi tan’law tiykarinda Quday aqirinda adamnin’ qalg’an o’mirin sheshedi. Bul ol beyishte Ol menen birge boliw, yamasa dozaxqqa bariw degen. Qa’dirli doslar, kelin’ Quday menen ha’zirdin’ o’zinde-aq birge jasawg’a ha’reket etemiz. Beyish ha’m dozax haqiyqattan da bar. Usinin’ menen doslar, bu’gingi esittiriwimiz o’z juwmag’ina jetti. Saw-aman bolin’.

Balalardin’ kitaplari
Ha’zirgi ku’ni balalar ushin atap jazilg’an kitaplar ju’da ko’p. Olar ha’r qiyli temalarg’a bag’ishlang’an. Solardin’ ko’bisi paydali mag’liwmatlarg’a iye bolsa, basqalari qarama-qarsi temalardi o’z ishine alg’an. Ha’tteki geybirewleri go’nerip te qalg’an dep aytiwimiz mu’mkin.

A’sirese, masixiy shan’araqlar o’z perzentlerine kitaplar tan’lawda adaspawi kerek. Quday bizlerdi ha’m perzentlerimizdi “qaran’g’iliqta” jasawimizdi qa’lemeydi. Muxaddes Kitaptan balalar ha’m qizlar ushin aniq temalardi tabip oqip u’yreniwimiz mu’mkin.

A’lbette bul temalarg’a min’lag’an jillar bolip ketken bolsa da go’nergen ha’m ha’zirgi ku’nge shekem ko’pshilik Muxaddes Kitaptag’i usillardi perzent ta’rbiyasinda qollanip kelyatir. Muxaddes Kitap Adam- ata pu’tkil adamzattin’ basi ha’m atasi dep aytadi.

Pu’tkil adamzat onin’ a’wladi bolg’ani ushin onin’ izinen baradi ha’m onin’ ta’biyatindag’i gu’na ha’r bir adamg’a o’tip atir, dep aytiwimiz mu’mkin. 1 Korinfliler 15 bap 22 ayatta bilay jazilg’an: “Adam-ata menen qatnasi bolg’an pu’tkil adamzat o’ledi, al Masiyx penen qatnasta bolg’an ma’n’gi jasaydi”.

Barliq adamzat Adam-atadan gu’nani miyras etip alg’an. Rimliler 3 bap 10 ayat: “Hesh bir pa’k adam joq, birde biri joq!” bul ayattin’ isbatin bu’gingi ku’ni adamlar ta’repinen qilip atirilg’an tu’rli gu’nali islerdi saatlap aytip beriwimiz mu’mkin.

Ha’tteki sonday gu’nali islerdi geybir adamlar gu’na dep te esaplamay atir. Aqir-a’qibet o’lim adamlardi jen’ip baratir. Kimde kim o’z waqitinda gu’na etiwden toqtasa ha’m o’z o’mirin Qudayg’a tapsirsa, qutqariladi ha’m keleshekte Quday menen birge ma’n’gi jasaydi. Hu’rmetli ata-analar, su’yikli perzentlerimizge de usi haqiyqatti u’yreteyik.

Adamlar arasindag’i bala perishtedey taza degen tu’sinik uliwma naduris ekenin endi tu’sinip jetken bolsan’iz kerek. Sebebi Muxaddes Kitap pu’tkil adamzatti gu’nakar dep aytadi, sol menen birge balalardi da. Hu’rmetli ata-analar, balalarin’izg’a tu’rli kitaplar, filmler yamasa kompuyeter oyinlarin alg’anin’izda ju’da itibarli bolin’ dep sizler menen ha’zirshe xoshlasamiz. Saw-aman bolin’ doslar.

Turmis quriwg’a tayarliq ko’riw
Turmista baxitli boliw ushin adamg’a o’zine tuwri keletug’in o’mir joldasin tabiwinin’ o’zi jeterli emes eken. Baxitli boliw, tuwri keletug’in o’mir joldas boliwdi da talap etedi. Du’nyada ajirasiwlar ha’m erli-zayiplardin’ bir-birinen bo’lek jasaw siyaqli jag’daylardin’ sani ku’nnen ku’nge ko’beyip baratig’ani ha’mmemizge malum. Bul sanlardin’ ko’beyiwi ha’tteki Masiyxiylerdin’ arasinda da ko’beyip baratig’ani ju’da ta’shwishlendiredi.

“Jan’a Etika” o’zinin’ turmistag’i shegaralarina qarsi g’azebi arqali neke sezimlerin qa’dirsizlep, xor qildi. Sonin’ ushin da jaslar turmis quriwg’a da’slepki qa’demlerin basiwdan aldin neke haqqinda teren’ oylap aliwi ha’m ha’r ta’repleme shamalap ko’riwi ju’da a’hmiyetli. Erkek penen hayaldin’ Qudaydin’ aldinda turmis quriwi, turmistin’ ma’qseti siyaqli o’zgermeytug’in wa’de esaplanadi. (Malaxiy 2:15 Quday sizlerdi ber dene ha’m bir ruwx qilip jaratpadi ma? Ne ushin bir qildi? O’ytkeni Ol O’zine ayriqsha bolg’an bir urpaq izlegen edi. Sonliqtan o’zlerin’izge abayli bolin’, hesh birin’iz jasliqta u’ylengen hayalin’izg’a qiyanet etpen’”.)

Adam Qudaydin’ su’wreti boyinsha jaratilg’an jalg’iz jaratilis. Onin’ basqa barliq jaratilislardin’ u’stinen ha’kimlik etiw huquqi bar edi. Biraq ha’mme na’rseni biletug’in Quday Adamnin’ jalg’iz ekenin jaqsi biletug’in edi. Adam Quday jaratqan basqa jaratilislar menen mazmunli jaqin mu’na’sa’bette bola almaytug’in edi. Hayal adamsiz erkek adam o’zinin’ insaniylig’in toliq an’lay almaytug’in edi. Sodan keyin Quday keleshektegi ha’mme shan’araqlardin’ u’lgisin jaratti (Jaratilis 2:24). Turmis quriw jan’a shan’araqtin’ payda boliwina ha’m eki adamnin’ ayirilmas “bir dene” boliwina sebepshi boladi. “Sonliqtan er adam ata-anasin qaldirip, o’z hayalina qosiladi ha’m ekewi bir dene boladi”. Turmis miyir-muhabbat, quwanish ha’m u’yatti da qornishti da bilmeytug’in pa’klikten ibarat. Ol muxaddes ha’m buzilmas eki tu’r jinsli yag’niy (bir erkek, bir hayal) boladi.

Quday qa’legenindey turmis qarim-qatnasiqlari Eden bag’inda adamnin’ boysinbawshilig’i a’qibetinde wayran bolg’an bolsa da, Quday bekkem turmis jaratiw rejesinen was keshpedi. Masiyxtin’ o’miri ha’m o’limi bizlerge haqiyqiy Masiyxiy turmistin’ qanday boliwi kerek ekenligin tu’siniwimizge ja’rdem beredi. Masiyxti Onin’ ja’ma’a’ti menen birlestiretug’in su’yispenshilikte ko’riniwi lazim. Solay etip bizlerdi su’yetug’in Masiyx arqali Masiyxiy turmis, Quday qa’legendey birinshi turmistin’ gozzalig’i ha’m pa’kligin qaytarip beredi.